Усы күнлерде халықаралық қаржы корпорациясының Латын Америкасы,

Кариб бассейни, Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша вице-президенти Жоржина Бейкер басшылығындағы делегация жумыс сапары менен мәмлекетимизде болмақта.

Сапар шеңберинде Ташкентте 18-февраль күни Жәҳән банки топары тәрепинен Өзбекстанда жеке меншик секторды үйрениў бойынша алып барылған жумыслардың нәтийжесине бағышланған презентация өткерилди. Онда мәмлекетимиздиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары, жеке меншик тармақлардың ўәкиллери, Халықаралық қаржы корпорациясы, Жәҳән банкиниң экспертлери қатнасты.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Шуҳрат Вафоев, Халықаралық қаржы корпорациясының Латын Америкасы, Кариб бассейни, Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша вице-президенти Жоржина Бейкер ҳәм басқалар сөзге шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда соңғы жылларда киши бизнес ҳәм жеке меншик исбелерменликти раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Экономиканы либералластырыў, онда мәмлекеттиң қатнасын басқышпа-басқыш қысқартыўға қаратылған ҳәрекетлер себепли халықаралық жәмийетшиликтиң Өзбекстанның тутыныў базарына инвестиция киргизиў бойынша исеними артып бармақта.

Буннан соң, Өзбекстанда жеке меншик секторды үйрениў бойынша ҳәр тәреплеме таллаўдың жуўмақлары мәлим етилди. Онда жеке меншик тармақтың елимиз экономикасын ролин арттырыў арқалы экспорт потенциалын буннан былай да арттырыў имканияты бар екенлиги унамлы атап өтилди. Атап айтқанда, пуқаралық авиациасы, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, химия санааты ҳәм аўыл-хожалығы өнимлерин жетистириў тараўында иске қосылмаған потенциалдан үнемли пайдаланыў келешекте жоқары нәтийжелиликке ерисиўге тийкар жарататуғыны атап өтилди.

Өзбекстанның тәбийғый ресурсларға бай екенлиги, соның ишинде, химия санаатын жедел раўажландырыў ушын тийкарғы фактор болып есапланады. Сол себепли тараўдың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм энергетикалық тәсиршеңлигин арттырыўға қаратылған модернизация жумысларын избе-излик пенен алып барыў зәрүр. Буның нәтийжесинде Өзбекстан 2022-жылға келип химия өнимлерин импорт ететуғын мәмлекеттен экспортёр мәмлекетке айлыныўы мүмкин. Инвестиция сиясаты себепли усы түрдеги өнимлер бойынша экспорт көлемин 600 миллион АҚШ долларына жеткериў перспективалары бар.

Сондай-ақ, есабатта санлы экономикаға өтиўди жеделлестириў мәлимлеме-коммуникация технологиялары тармағын халықаралық өлшемлер дәрежесинде раўажландырыўға байланыслы екенлиги атап өтиледи. Тараўда мәмлекет үлесиниң азайыўы ҳәм тиккелей инвестициялардың тартылыўы бирлемши ўазыйпа сыпатында көрсетиледи.

Презентация шеңбериндеги гезектеги есап-санақлар мәмлекетимиздиң аўыл-хожлығы тараўына бағышланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң жыллық мийўе хәм овощ экспортының көлеми бир миллиард АҚШ долларды қурайды. Ҳәр тәреплеме таллаў авторларының пикиринше, Өзбекстанның географиялық жайласыўы ҳәм қолайлы климат шараяты итибарға алынғанда бул көрсеткиш мәмлекетимиздиң усы тармақ бойынша потенциалына сай емес.

Презентацияда Жоржина Бейкер мәмлекетимиздиң бул тармақларда жеке меншик сектордың қатнасыўын арттырыў есабынан Өзбекстанның перспективада Орайлық Азияның инвестиция ҳәм саўда орайына айланыўы мүмкин екенлигин атап өтти.

– Системалы реформалар, инфраструктураларды жетилистириў, экономикада жеке меншик секторлардың ролин күшейтиў арқалы ҳәм онда мәмлекеттиң Европа ҳәм Азия кесиспесинде жайласқан, қолайлы климат шараятларына ийе екенлиги есапқа алынса, Өзбекстан перспективада регионның инвестиция ҳәм саўда орайына айланыўы мүмкин, – деди Жоржина Бейкер.

Халықаралық қаржы корпорациясы делегациясының мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

Малоҳат Ҳусанова, ӨзА