Усы жылдың 15-17-февраль күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азия қылышпазлық Конфедерациясының I ашық чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа Конфедерацияға ағза болған Аўғанстан, Тәжикстан, Түркменстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Өзбекстаннан 150 ден аслам жас өспиримлер ҳәм кадетлер қатнасты.

Өзбекстан сайланды командасы қурамында 16 спортшы жарысларға қатнасқан болса, солардан 6 спортшы қарақалпақстанлы спортшылар екенлиги ҳәммемизди үлкен қуўанышқа бөледи.

15-февраль күни сабля жөнелиси бойынша кадетлер (ул балалар) арасында өткерилген жарыста қарақалпақстанлы Шерзат Мамутов ҳәм Пазылбек Генжебаевлар барлық қарсыласларын жеңип, финалда ушырасты. Финалда Шерзат Мамутов жеңип шығып алтын медальды, ал Пазылбек Генжебаев гүмис медальды қолға киргизди.

Ал усы күни сабля жөнелиси бойынша кадетлер (қыз балалар) арасында өткерилген жарыста Зайнаб Дайыбекова барлық қарсыласларынан үстин келип, алтын медальға ылайық болған болса, және бир үмитли спортшымыз Гүлбаныў Есемуратова 3-орынды ийелеп, бронза медалын қолға киргизди.

17-февраль күни жас өспиримлер арасында сабля жөнелиси бойынша ортаға шыққан Шерзат Мамутов ҳәм Пазылбек Генжебаевлар және бир мәрте өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенин дәлилледи. Финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип шыққан жерлеслеримиз, финалда бир-бири менен күш сынасты. Бул сапары Пазылбек финалда өз қәбилетин көрсетип, 1-орынды бәнтлеген болса, Шерзат 2-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, усы күни сабля жөнелиси бойынша жас өспиримлер арасында болып өткен жарыста Президентимиз тәрепинен қылышпазлықтағы жетискенликлери ушын еки мәрте автомобиль менен сыйлықланған үмитли спортшымыз Зайнаб Дайыбекова теңсиз екенлигин дәлилледи ҳәм және бир мәрте байрағымызды көклерге желбиретти. Усы жөнелисте қатнасқан және бир жерлесимиз Айсулыў Уснатдинова бронза медалын қолға киргизди.

– Орайлық Азия чемпионаты биринши мәрте шөлкемлестирилип атырғаны себепли спортшыларымыз бенен күшли таярлықлар алып бардық. Буның ушын бизлерге барлық шараятлар жаратып берилди. Үш күн даўамында өткерилген чемпионатта спортшыларымыз тарийхый нәтийжени қолға киргизди. Сондай-ақ, өз көнликпелерин арттырып, келеси жарысларға жақсы тәжирийбе топлай алды, – дейди спортшыларды жарысқа таярлаған тренерлер Руслан Султанов ҳәм Дәўирбек Жийемуратов.

Үш күн даўам еткен беллесиўлерде улыўма 36 медальды қолға киргизген Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта 1-орынды қолға киргизди. Өзбекстан спортшылары жарыс даўамында 11 алтын, 9 гүмис ҳәм 16 бронза медалын қолға киргизди. 1 алтын медалы менен Түркменстан сайланды командасы 2-орынды ийелеген болса, Қазақстан ўәкиллери 2 гүмис ҳәм 7 бронзаға ийе болды. Қырғызстанлы спортшылар жарыс даўамында 1 гүмис ҳәм 1 бронза медалын қолға киргизген болса, Аўғанстанлы спортшылар жарысты медальларсыз жуўмақлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.