Бүгин Россия пайтахты Москва қаласында Пүткилжәҳән қол урысы федерациясы конгресси өткерилди.
Әнжуманда 2018-жылғы спорт мәўсиминиң нәтийжелери шығарылып, 2019-жылы өткерилетуғын абырайлы жарыслардың календары тастыйықланды. Сондай-ақ, конгрессте Пүткилжәҳән қол урысы федерациясының әмелдеги президенти, россиялы Сергей Александрович Асхатов қайтадан шөлкем басшысы етип сайланды.
Биз ушын қуўанышлысы, жерлесимиз, Өзбекстан қол урысы федерациясының вице-президенти Бахтиёр Мирзақулов Пүткилжәҳән қол урысы федерациясының вице-президенти етип сайланды.
Усы жерде бул тайынлаў өз-өзинен болмағанын атап өтиў керек. Буның тийкарында елимизде шөлкемлестирилген Азия чемпионаты, профессионаллар арасында халықаралық рейтинг беллесиўлериниң жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени және өзбекстанлы қол урысы шеберлериниң дүнья жүзинде күшлилер қатарынан орын алып атырғаны сыяқлы көплеген факторлар жатыр.
Халықаралық қол урысында жаңа бет ашқан жерлеслеримиз жақын келешекте ең абырайлы жәҳән чемпионаты жарысларын да Өзбекстанға алып келетуғынына исенемиз.
Усы конгресс шеңберинде төрешилер ушын семинар да шөлкемлестирилген. Бул семинарға өзбекстанлы бес төреши қатнасып атырғанын мақтаныш пенен атап өтиў керек. Буған шекем Пүткилжәҳән қол урысы федерациясының семинарларына елимизден буншелли көп төрешилер тартылмаған. Бул да Өзбекстан қол урысы федерациясының халықаралық шөлкем тәрепинен мүнәсип тән алынып атырғанының айқын көриниси.
ӨзА