Ташкент қаласында 13-февраль күни Өзбекстан – Швеция бизнес-форумы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және «Business Sweden» Швеция саўда ҳәм инвестициялар кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекеттиң экономика, геология ҳәм минерал ресурслар, мәлимлеме технологиялары, машина қурылысы, энергетика сыяқлы тараўлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, компания және концернлердиң ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Шуҳрат Вафоев, «Business Sweden» саўда ҳәм инвестициялар кеңесиниң Евразия бойынша директоры Андреас Гиаллоуракис Өзбекстан менен Швеция арасындағы бирге ислесиў имканиятлары артып баратырғанын атап өтти.
– Екинши рет өткерилип атырған Өзбекстан – Швеция бизнес-форумы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди, – дейди Швеция Патшалығының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ингрид Терсман. – Форумда қатнасып атырған Швецияның онға шамалас жетекши компаниясы Өзбекстанға таў-кән санааты, транспорт, энергетика, мәлимлеме-коммуникация сыяқлы тараўлар бойынша өз хызмет ҳәм өнимлерин усыныў тилегин билдирген .
Бизнес-форумда Өзбекстан менен Швеция арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў перспективлары бойынша пикир алысылды. Өзбекстанның геология ҳәм минерал ресурслар, энергетика, транспорт инфраструктуралары, саўда-санаат, билимлендириў тараўлары бойынша имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Швецияның «ADB Safegate», «Scania», «Ericsson», «Alfa Laval Potok», «Sandvik», «EF Education First» сыяқлы компаниялары презентациялар өткерди.
– Компаниямыз автобуслар, таў-кән санаатына мөлшерленген жүк автомобильлерин ислеп шығарады, – дейди «Scania» компаниясының ўәкили Артур Шафран. – 2012-жылдан берли Наўайы кән-металлургия комбинаты менен бирге ислесемиз. Нийетимиз әне усындай бирге ислесиўлерди көбейтиў.
Форум шеңберинде Өзбекстан Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Швецияның «EF Education First» компаниясы арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында «G2B» «B2B» форматлы ушырасыўлар болып өтти.
Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзАның хабаршысы