«Cancer Research UK» шөлкеминиң экспертлери рак кесселигине байланыслы тийкарғы симптомларды жәриялады.
«Daily Express» усы изертлеўден силтемелер келтирген. Онда айтып өтилиўинше, кеселлик белгилерин менсинбеў – өмир сүриў имканиятларын қысқартады. Қәўипан исик болса рактың кең тарқалған белгиси болып, буннан тысқары және жети тийкарғы симптомы бар. Оларға өз ўақтында итибар бериўимиз керек.
Демек рак кеселликлериниң ҳәр бир түри бойынша айрықша белгилер болса да, шыпакерлер ҳәммесине тийисли тийкарғы белгилерди келтирип өткен.
Мысал ушын, ҳеш бир себепсиз салмағын жойытыў организмде рак кеселлигиниң раўажланып атырғанынан дәрек бериўи мүмкин. Бирақ, денениң ўақты-ўақты менен салмақ жойытып турыўы медицинада нормал жағдай болып есапланатуғынын умытпаўымыз керек.
Және бир қәўетерли белгилерден бири – күтилмегенде пайда болатуғын шаншыўлар. «Егер бундай жағдай сизди бийтақатландырса, дәрриў шыпакерге мүрәжат етиң» дейилген изертлеўден келтирилген және бир силтемеде.
Қәнигелер сондай-ақ, қарында жел пайда болыўы ҳәм асқазан күйиўине де итибарсыз болмаўды сораған. Көпшилик жағдайларда бул айырым өнимлерди пайдаланыўға байланыслы болады. Бирақ, бундай симптомлар турақлы бақланса, демек денеде кеселлик тарқалмақта.
Буннан тысқары, экспертлер аўқат сиңдириў трактиндеги бузылыўлар, сидик және шығындыда қан болғанда сол ўақыттың өзинде тезирек шыпакерге барыўды усыныс еткен.
Малоҳат Ҳусанова, ӨзА