Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде экономика тармақларына инновацияларды енгизиў механизмлерин жетилистириў, оның бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, жедел исбилерменлик ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыўға қаратылған шараятларды жаратыў, интеллектуаллық мүлктиң исенимли ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша өткерилген таллаў соны көрсетти, интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳуқықбузарлықты өз ўақтында анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша жумыслардың жетерли дәрежеде орынланбағанлығы, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасының нәтийжесизлиги, уйымлараралық беккем бирге ислесиўдиң жоқ екенлиги, интеллектуаллық мүлк тараўында қәнигели кадрлардың жетиспеўи, сондай-ақ, патент бажылары ҳәм төлемлериниң жоқары дәрежеде екенлиги бул тараўды раўажландырыўға кери тәсир етпекте.
Интеллектуаллық мүлк тараўында мәмлекетлик басқарыўды буннан былай да жетилистириў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды инабатқа алған ҳалда:
- Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң интеллектуаллық мүлкти ҳуқықый жақтан қорғаў ҳәм бул тараўдағы улыўма тән алынған халықаралық нормаларды имплементациялаў тараўындағы жумысы қанаатландырарсыз деп табылсын.
- Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлиги Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги системасына өткерилсин ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) етип қайта аталсын.
Агентлик, соның ишинде, Интеллектуаллық мүлк тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў оқыў орайы бар штат бирликлери ҳәм материаллық-техникалық базасы менен толық көлемде, қаржыландырыў, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеўдиң әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда өткерилетуғыны;
Агентликке Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң орынбасары – директор басшылық ететуғыны;
Агентлик директорының орынбасарлары белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны белгиленсин.
- 2019-жыл 1-марттан сондай тәртип өрнатылсын, оған муўапық:
товар белгиси, хызмет көрсетиў белгиси ҳәм товардың келип шыққан орнының атын дизимнен өткериў ушын талапнамалар тапсырылғаннан кейин, Агентлик бир жумыс күни даўамында усы талапнамалар ҳаққындағы мағлыўматларды өзиниң рәсмий веб-сайтына жайластырады;
ислеп шығарыўшылар, жеткерип бериўшилер, сатыўшылар ямаса олардың ўәкиллери талапнамалар жәрияланған кейин Агентликке дизимнен өткериў ушын тийкарсыз тапсырылған арзалар ҳаққындағы жазба түрдеги шағымларын усыныўы мүмкин;
товар белгисине ҳәм хызмет көрсетиў белгисине байланыслы толық ҳуқық, товар келип шыққан орынның аты ҳәм (ямаса) товар келип шыққан орынның атынан пайдаланыў ҳуқықы (кейинги орынларда – товар белгиси) сол күнниң өзинде товар белгиси ҳаққындағы мағлыўматларды Агентликтиң рәсмий веб-сайтында мәжбүрий түрде жайластырған ҳалда Товар белгилери мәмлекетлик реестринде дизимнен өткерилген сәнеден баслап пайда болады;
товар белгисине байланыслы гүўалықтың әмел етиўи товар белгиси Өзбекстан Республикасы аймағында кейинги үш жыл даўамында үзликсиз түрде пайдаланылмағанда, сондай-ақ, жәмәәтлик белгиден пайдаланыў ҳаққындағы келисим бузылған жағдайда мәпдар шахстың арзасына бола қабыл етилген суд қарары тийкарында мүддетинен алдын толық ямаса бир бөлеги сапластырылыўы мүмкин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2019-жыл 1-сентябрьден баслап товар белгисин дизимнен өткериў ушын усынылатуғын талапнамаларды тек ғана электрон тәризде мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы тапсырыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги 2019-жылдың 1-июлине шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийисли мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша административлик регламентлердиң жойбарларын киргизсин.
- Интеллектуаллық мүлктиң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшыларына «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 2019-жылдың 1-сентябринен баслап патент ўәкиллери ҳәр бес жылда кеминде бир рет кейин ала аттестациядан өткерилген ҳалда интеллектуаллық мүлк тараўында өз қәнигеликлерин арттырыўы тийис екенлиги белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте алдынғы билимлендириў стандартлары ҳәм технологиялары, сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң оқыў ҳәм илимий потенциалынан пайдаланған ҳалда интелектуаллық мүлк тараўында қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-майдағы «Бюджет қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигин түп-тийкарынан арртырыў ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5446-санлы Пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине «жасырын экономика» қәлиплесиўи жағдайларын анықлаў, жасырын өндиристи, контрафактлық өнимлерди ислеп шығарыў жумысларына шек қойыў функциялары жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Өзбекстан Республикасы Бас прокуратасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти менен биргеликте:
2019-жылдың 1-июлине шекем Өзбекстан Республикасында дизимнен өткерилген ҳәммеге таныс товар белгилериниң тийкарсыз дизимнен өткерилиўин анықлаў көзқарасынан Өзбекстан Республикасы аймағында дизимнен өткерилген барлық товар белгилерин толық хатлаўдан өткерсин ҳәм нызам талаплары бузылған жағдайда берилген товар белгилерин дизимнен өткериў ҳаққындағы гүўалықларды бийкар етиў илажаларын көрсин;
интеллектуаллық мүлк тараўында ҳуқықбузарлықты өз ўақтында анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша тәсиршең илажларды көрсин.
- Агентлик Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем төмендегилерди тәмийинлейтуғын интеллектуаллық мүлк объектлериниң бирден–бир ҳәм турақлы жаңаланып баратуғын интеграцияласқан мағлыўматлар базасын ислеп шықсын ҳәм енгизсин:
ҳуқықый жақтан қорғалған ҳәм оннан айрылған интеллектуаллық мүлк объектлерин реал ўақыт режиминде бақлап барыў;
интеллектуаллық мүлк объектлери ҳуқықый жақтан қорғалған ҳәм оннан айырылғанда олардың автомат түрде тийислисинше Интеллектуаллық мүлк объектлериниң бажыхана реестирине киргизиў және шығарыў;
интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳуқықбузарлықты анықлаў ҳәм алдын алыўда ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте интелектуаллық мүлктиң исенимли ҳуқықый қорғалыўын, соның ишинде, Мүлк ҳуқықын қорғаў халықаралық индекси өлшемлерин есапқа алған ҳалда тәмийинлеўдиң заманагөй баҳалаў ҳәм таллаў системасын енгизиў бойынша Комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм 2019-жылдың 1-июлине шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;
Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2020-жылдың 1-январынан баслап интеллектуаллық мүлк тараўындағы интеграция процесин есапқа алған ҳалда патент бажылары ҳәм төлемлерин, сондай-ақ, резидент емеслерден товар белгиси ҳәм санаат үлгисиниң ҳуқықый қорғалыўын бериў ушын өндирилетуғын индивидуаллық бажы ставкаларын басқышпа-басқыш азайтыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў, соның ишинде, оның хызметкерлерин материаллық жақтан хошаметлеў бойынша усыныслар киргизсин;
мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин, сондай-ақ, өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынлаўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Р.К.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 8-февраль