Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Миллий гвардиясы ҳәм Ишки ислер министрлигиниң Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында юридикалық кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң Қәнигелестирилген филиалын (кейинги орынларда-Филиал) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Филиалдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
юриспруденция тараўында базалық ҳәм әмелий кәсиплик таярлықты тәмийинлеўге қаратылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў;
теориялық таярлықтың ҳуқықты қолланыў искерлиги менен тығыз байланыслылығын тәмийинлеўге қаратылған заманагөй формаларды ҳәм усылларды, мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланған ҳалда оқыў процесин билим бериўдиң модул системасы тийкарында шөлкемлестириў;
билим алыўшылардың психологиялық таярлығын, ҳуқықый, сиясий мәдениятын ҳәм ҳуқықый санасын арттырыўдың нәтийжели системасын жаратыў;
билим алыўшылардың халық ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў және өз-ара бирге ислесиў көнликпелерин жетилистириў;
ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша жумысын методикалық ҳәм консультатив тәмийинлеў;
Юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды әмелге асыратуғын билимлендириў және илимий-изертлеў, соның ишинде, сырт еллердеги мәкемелер менен өз-ара нәтийжели уйымлараралық бирге ислесиўди тереңлестириў.
- Филиал Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң структуралық бөлимшеси-юридикалық шахс статусына ийе жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби сүўретленген ҳәм мәмлекетлик тилде аты түсирилген мөр және бланкаларына, бийғәрез балансына ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығында жеке есап бетлерине ийе болатуғыны;
Филиалға Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң усынысы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;
Филиал директоры мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятлары бойынша Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң орынбасарына, директордың орынбасарлары болса-Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети проректорларына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң Қәнигелестирилген филиалының структурасы 1-қосымшаға;
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Қәнигелестирилген филиалының нәтийжели жумысын шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Филиал директорына Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ректоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен келисилген ҳалда Филиал структурасына хызметкерлердиң белгиленген штат бирликлери ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Филиалда «ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў» тараў қәнигелиги бойынша юридикалық кадрларды таярлаў күндизги билим бериў түринде бакалавриаттың арнаўлы үш жыллық бағдарламасы бойынша белгиленген үлгидеги диплом берилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;
Филиалда «ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў» қәнигелиги бойынша жоқары юридикалық емес мағлыўматқа ийе кадрларды қайта таярлаў күндизги билим бериў түринде арнаўлы алты айлық бағдарлама бойынша белгиленген үлгидеги диплом берилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;
Филиалда оқытыў мәмлекетлик грантлар тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Филиал бакалавриатына қабыллаў квотасы жылына 255 адамды, кадрларды қайта таярлаў бағдарламасы бойынша болса-ҳәр алты айда 50 адамды қурайтуғыны;
Әдиллик министрлигине Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардияның буйыртпаларына муўапық және Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында юридикалық кадрларға болған зәрүрлигин инабатқа алып, Филиалға қабыллаў квоталарын көбейтиў ямаса азайтыў ҳуқықы берилетуғыны;
Филиал дипломының бар екенлиги ишки ислер уйымларына Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясында арнаўлы кәсиплик таярлықтан өтпей, «лейтенант» арнаўлы атағы берилген ҳалда хызметке қабыл етиў ушын тийкар болатуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
бакалавриат бағдарламасы бойынша Филиалға қабыллаў таңлаў тийкарында әмелге асырылады;
Филиалға қайта таярлаў бағдарламасы бойынша оқыўға Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри ҳәм Миллий гвардия сәркардасының усыныслары тийкарында жоқары юридикалық емес мағлыўматқа ийе болған әмелдеги хызметкерлер ҳәм әскерий хызметкерлер белгиленген тәртипте ийелеп турған лаўазымы және пул тәмийнаты сақлап қалынған ҳалда қабыл етиледи;
ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўге мүнәсип үлес қосқан Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты профилактика инспекторларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшилерине орнатылған қабыллаў квоталары шеңберинде Өзбекстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен белгиленетуғын өз алдына бөлек квоталар бойынша Филиалға оқыўға кириў ушын таңлаўда қатнасыў ҳуқықын усынатуғын Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасы ҳәм Ташкент ўәлаяты Ишки ислер басқармасы баслықларының усыныслары берилиўи мүмкин;
Филиалда оқыўды тамамлаған шахслар Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасында кеминде 5 жыл ислеп бериў миннетлемесин алады;
Филиал суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, адвокатлар, сондай-ақ, илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, министрликлер, уйымлардың қәнигелери және басқа да қәнигелерди еки жумысты қатар ислеў тәртибинде ямаса мийнетке саатына қарай ҳақы төлеў шәртлеринде педагогикалық жумысты әмелге асырыўға тартыў ҳуқықына ийе;
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң жумысын тәртипке салатуғын нормалар, егер нызамшылық ямаса университет қарарлары менен басқа қағыйдалар нәзерде тутылмаған болса, Филиал жумысына да енгизиледи.
- Филиалдың Қәўендерлик кеңеси 3-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Қәўендерлик кеңеси Филиалдың ҳәр тәреплеме раўажланыўына жәрдемлесетуғыны, соның ишинде:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ушын Филиалдың қаржыландырылыўын тәмийинлейтуғыны;
Филиалдың педагог ҳәм басқа да хызметкерлериниң мийнет шараятларын және социаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша илажларды көретуғыны;
жоқары юридикалық билимлендириўдиң раўажланыўына жәрдемлесетуғын жаңа усыл, бағдарлама ҳәм перспективалы басламаларды, илимий қолланбалардың нәтийжелерин нызам дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына нәтийжели енгизиўде қоллап-қуўатлаўды әмелге асыратуғыны;
өз-ара бирге ислесиў ҳаққында шериклик келисимлер дүзилетуғыны ҳәм оларды әмелге асырыўда муўапықластырыўды әмелге асыратуғыны;
Билимлендириў тараўында халықаралық бирге ислесиўдиң раўажланыўына жәрдемлесетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер Филиалдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
Филиалда билим алыў ушын төленген қаржылар;
бюджеттен тысқары Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыў қоры қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;
халықаралық финанс инстиуты грантлары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Филиал тәмийнаты ушын бюджет қаржылары 2019-жылы Әдиллик министрлигиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жыл социаллық тараў ушын тастыйықланған көрсеткишлери шеңберинде ажыратылатуғыны, 2020-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қәрежетлери параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны;
ҳуқық қорғаў ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардан жумысқа қабыл етилген Филиал хызметкерлерине алдынғы жумыс орнындағы барлық үстеме ҳәм қосымша төлемлер, медициналық хызмет көрсетиўдиң жеңилликлери және шәртлери оларды тийисли уйымның әмелдеги кадрлар резервине нызамшылықта белгиленген тәртипте өткерген ҳалда сақлап қалынатуғыны;
Филиалдың хызметкерлерине Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң тийисли лаўазымлары ушын нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў муғдарлары енгизилетуғыны;
Филиал хызметкерлерине мәртебе дәрежелери ҳәм көп жыллық хызмети ушын үстеме және қосымша төлемлер төлеў бойынша қәрежетлерди бюджеттен тысқары Әдиллик уйымларын ҳәм мәкемелерин раўажландырыў қоры қаржылары есабынан қаржыландырыў арқалы Өзбекстан Республикасы әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң мәртебе дәрежелери нызамшылықта белгиленген тәртипте берилетуғыны;
өзиниң хызмет ўазыйпаларын ҳүжданлы түрде ҳәм нәтийжели орынлаған Филиал хызметкерлерине директордың буйрығы тийкарында Қәўендерлик кеңеси менен келискен ҳалда тариф ставкасының 200 процентине шекем болған муғдарда ҳәр айлық жеке үстемелер белгилениўи мүмкин екенлиги;
Филиал хызметкерлерине тариф ставкасының 200 процентине шекем болған муғдарда ҳәр айлық жеке үстемелерди төлеў ушын қаржылар Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардиясы, Әдиллик министрлиги, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклерден ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Филиалды бийғәрез пайдаланыў ҳуқықы тийкарында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институтының Ташкент қаласы, Юнусабад районы, Қулоқтепа көшеси, 9-жайда жайласқан имарат ҳәм объектлерге жайластырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем аймақлардың юридикалық кадрларға болған зәрүрликлерин есапқа алған ҳалда Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң аймақлық филиалларын шөлкемлестириў бойынша усынысларды киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратурасы ҳәм Миллий гвардиясы менен биргеликте еки ай мүддетте Жиззақ политехника институты тийкарында усы қарардың талапларынан келип шыққан ҳалда Жиззақ ўәлаяты ишки ислер уйымларының жоқары юридикалық емес мағлыўматқа ийе болған хызметкерлерин қайта таярлаў көшпели курсларын шөлкемлестирсин;
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардиясы менен биргеликте Ташкент қаласы ҳәкимиятының жәрдеминде еки ай мүддетте шет ел оқыў орайлары ҳәм мәкемелерине танысыў сапарларын шөлкемлестириўди нәзерде тутқан ҳалда пайтахт аймағының ҳуқық қорғаў уйымлары ушын юридикалық кадрларды таярлаў тараўындағы алдыңғы сырт ел тәжирийбесиниң үйренилиўин тәмийинлесин;
мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Ташкент қаласы ҳәкими белгиленген тәртипте Филиал ҳәм имаратлардың заманагөй талаплар тийкарында реконструкцияланыўы және жүкленген ўазыйпалардың өзине тән тәреплери ҳәм билим алыўшылардың жасаўын есапқа алған ҳалда оның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр болған мебель, оқыў-лаборатория ҳәм криминалистикалық үскенелер, компьютер техникасы ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллары менен үскенелеўди тәмиийнлесин.
- Филиалға еки жеңил, соның ишинде, бир жеке бириктирилген автотранспорт қуралы тәмийнаты ушын лимит белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими Ж.А.Артиқходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 7-февраль