Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы бир неше жыллар даўамында исбилерменлик жумысын әмелге асырыў тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер базасын ҳәм тәртипке салыў процесслерин жетилистириўге, қолайлы бизнес орталығын ҳәм халықаралық майданда мәмлекеттин унамлы абырайын қәлиплестириўге қаратылған илажлардың нәтийжесинде Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» рейтингинде Өзбекстан дүнья жүзиндеги 190 мәмлекет арасында 146-орыннан 76-орынға көтерилди.
Соның менен бир қатарда, әмелиятта, атап айтқанда, қурылысқа рухсатнамалар алыўда, мүлкти дизимнен өткериўде ҳәм сыртқы саўда операцияларын әмелге асырыўда исбилерменлик субъектлери дус келип атырған артықша бюрократлық тәртип ҳәм принциплер елеге шекем сақланып қалмақта.
«Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында мәмлекетимиздиң рейтингин жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар көриў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
1.Төмендегилер:
а) Жәҳән банки ҳәм басқа да халықаралық финанслық институтлар менен биргеликте ислеп шығылған Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында Өзбекстан Республикасының рейтингин буннан былай да жақсылаў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларды – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;
б) 2022-жылға келип республиканың 20-орынға ерисиўин нәзерде тутатуғын Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында Өзбекстан Республикасының рейтингин жақсылаўдың «Бизнес жүргизиўди жақсылаў – 2022» мақсетли көрсеткишлери (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2019-жыл 1-марттан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў тараўында – банклер Жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў бойынша финанс илажлар ислеп шығатуғын топардың (ФАТФ) талапларынан келип шығып, арза бериўшилерди аралықтан турып идентификациялаў ушын зәрүр болған шараятлар бар болғанда шөлкемлестириўшилери Өзбекстан Республикасының резидентлери болып есапланған юридикалық шахсларға ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге оларды мәмлекетлик дизимнен өткериў процесинде банк есап бетлерин аралықтан турып ашыўы мүмкин;
б) қурылыс ушын рухсатнамалар алыў тараўында:
жер участкасында қурылысы қадаған етилген ямаса рухсат етилген объектлер түрлериниң толық дизимин мәжбүрий тәризде көрсетип, «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына аукцион арқалы қойылғанда, жер участкаларынан мақсетли пайдаланыў тәртиби бийкар етиледи;
қурылыс уйымларына архитектура-қала қурылысы кеңеслериниң жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин келисиў функциялары усы кеңеслерде тек ғана тарийхый аймақларды, соның ишинде, мәдений мийрас естеликлерин қорғаў аймақлары, сондай-ақ, мәмлекетлик объектлердиң жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин келисиў функцияларын сақлап қалған ҳалда өткериледи;
«E-IJRO AUKSION электрон саўда майданшасында аукцион арқалы реализацияланған жер участкаларындағы қурылыс объекти пайдаланыўға тапсырылғаннан соң әмелге асырылатуғын топографиялық ҳәм арнаўлы сүўретке алыўларды (зәрүр жағдайларда) жаңалаў жумысларының нырқы жер учатскаларын реализациялаўдан түскен қаржылар шеңберинде жер участкалары көшпес мүлк ийелериниң жумысына араласпаған ямаса тосқынлық етпеген ҳалда төленеди;
қурылысы жуўмақланған имарат ҳәм қурылмаларды пайдаланыўға қабыл етиў акти көшпес мүлк объектине болған ҳуқық мәмлекетлик дизимнен өткерилгени ҳаққындағы гүўалықтың көширмеси менен бир ўақытта бериледи;
в) электр тәмийнаты системасына жалғаныў тараўында – тутыныўшыларды электр тәмийнатынан рухсатсыз үзгени ушын экономикалық санкциялар қолланылады;
г) мүлкти дизимнен өткериў тараўында:
Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм кадастр есабын жүргизиў ушын арза экстерриториаллық принципи тийкарында берилиўи мүмкин;
физикалық ҳәм юридикалық шахслар көшпес мүлк объектлери бойынша келисим ҳәм көшпес мүлкке ийелик ҳуқықын алыўға байланыслы болған гүўалықларды нотариал тастыйықлаў ушын мүрәжат еткенде, нотариал уйымлар мәжбүрий тәртипте көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы арзаны ҳәм тийисли ҳүжжетлерди мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымға мәлимлеме-коммуникация системалары арқалы бийпул тийкарда жибереди;
көшпес мүлк объектиниң кадастр ислерин ҳәм ҳүжжетлерин таярлаў ушын электрон тәризде мүрәжат етиў ҳәм таярлаў механизмин енгизиў арқалы кағаз тәризинде мүрәжат етиў ҳәм кадастр ислерин бериў ҳаққында талап бийкар етиледи;
д) миноритарлық акционерлерди қорғаў тараўында:
акционерлерге ири келисим ҳәм аффилленген шахслар менен нырқы жәмийеттиң сап активлери муғдарының 10 ҳәм оннан зыят процентин қурайтуғын келисим дүзиў нәтийжесинде жәмийетке жеткерилген зыян ушын бақлаў кеңесиниң мәпдар ағзасын суд тәртибинде жуўапкершиликке тартыў ҳуқықы бериледи;
жуўапкершилиги шекленген ямаса қосымша жуўапкершилик жәмийеттиң жумысы бойынша қандай да бир мәселеде келисимге ерисилмегени себепли қарар қабыл етиў ушын жеткиликли даўыс болмағанда, жүзеге келген қарама-қарсылықлы жағдай суд тәртибинде шешиледи;
акциялар бойынша есапланған дивидендлерди Баҳалы қағазлар орайлық депозитарийси ямаса инвестиция дәлдәлшылары арқалы төлеў механизми енгизиледи;
е) халықаралық саўда тараўында – товардың келип шығыўы ҳаққындағы сертификатты бериў Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен бир қатарда сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысының арза-декларациясы тийкарында, арза тапсырылған ўақыттан баслап бир жумыс күнинен артық болмаған мүддетте Саўда-санаат палатасы тәрепинен де әмелге асырылады;
ж) контрактлардың орынланыўын тәмийинлеў тараўында;
экономикалық судта келиспеўшиликлерди шешиў усылы сыпатында судқа шекем мәжилис өткериў имканиятын беретуғын тәртип енгизиледи;
жынаят ҳәм пуқаралық ислери бойынша судларда, административлик ҳәм экономикалық судларда пуқаралар тәрепинен әмелге асырылатуғын барлық төлемлерди, соның ишинде, мәмлекетлик бажыны есапқа алыў ҳәм төлеўдиң бирден-бир электрон системасы енгизиледи.
- 2019-жыл 1-марттан баслап:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен исбилерменлик субъектлеринен ҳүжжетлерге мөр басылыўы ямаса ҳүжжетлердиң мөр менен тастыйықланыўын талап етиў;
қурылыс-монтажлаў жумысларының басланыўы ҳаққында мәлим етиў механизмлерин енгизиў арқалы оларды әмелге асырыў ушын рухсатнама алыў;
ғалабалық офертаны енгизиў арқалы қурылыс тараўын қадағалаўшы аймақлық инспекциялар тәрепинен қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери, қала қурылысы жумысы тараўындағы техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына әмел етилиўи, тастыйықланған жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерине муўапық қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы ҳәм толықлығы үстинен қадағалаў функцияларын орынлаў бойынша шәртнамалар дүзиў тәртиплери бийкар етилсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм Бас прокуратураның 2020-жылдың 1-январынан баслап Ташкент қаласында эксперимент тәризинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
қала қурылысы жумысы объектин қурыўды жойбарластырыў ушын архитектуралық-режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў жер участкасын «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукцион арқалы реализациялаў ушын материаллар таярланып атырғанда әмелге асырылады ҳәм аукцион женимпазына бийпул тийкарда бериледи;
архитектуралық-режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў бойынша жумыслардың нырқы жергиликли бюджет қаржыларынан, кейин ала қәрежетлерди жер участкасын «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукцион арқалы реализациялаўдан келип түскен қаржылардан қаплаў арқалы төленеди.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги:
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем Интернет тармағында Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатының сораўлары тийкарында 10 индикатор кесиминде қатаң белгиленген мәлимлемелерди өз ишине алған, сондай-ақ, респондентлер – исбилерменлик субъектлери тәрепинен нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар бериў имканиятын тәмийинлейтуғын «Өзбекстанда бизнес жүргизиў» веб-сайтын жаратсын;
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-майға шекем электрон цифрлы қол таңба менен бир қатарда, соның ишинде, мобиль қурылмаларда шахсты идентификациялаўдың заманагөй түрлерин қолланыў имканиятлары бойынша тийкарланған усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
6.Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа – «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен нәтийжели әмелге асырылыўын муўапықластырыў ҳәм Мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң инвестициялар ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар мәселелери бойынша орынбасары Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқовқа – «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлар ҳәм жойбарларды қаржыландырыў ушын халықаралық қаржы шөлкемлериниң техникалық жәрдем қуралларын ҳәм кредитлерин тартыў бойынша зәрүр шөлкемлестириў-әмелий илажлар көрилиўин тәмийинлеў бойынша;
«Жол картасы»нда көрсетилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына – илажлардың сапалы әмелге асрылыўын ҳәм «Бизнес жүргизиў» есабатында Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў және Мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте «Жол картасы»н әмелге асырыў шеңберинде нызам ҳүжжетлериниң талаплары әмелиятқа енгизилиўин системалы түрде үйренип барсын, онда тастыйықланған илажлардың өз ўақтында орынланыўын тәмийнлемеген ҳәм кешигиўлерге жол қойған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына анық тәсир илажларын қоллансын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатындағы индикаторлар шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққындағы мәлимлемени ғалаба ҳабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелениўин ҳәм халыққа және исбилерменлик субъектлерине түсиндирилиўин тәмийинлесин.
- Министрлик ҳәм уйымлар еки ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 5-февраль