Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 2-февральдағы «Мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5653-санлы Пәрманына муўапық:

Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жананыдағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық;

2019-2020 жыллары Өзбекстан Республикасы мәлимлеме тараўын ҳәм ғалаба коммуникацияларды буннан былай да раўажландырыў бағдарламасы 5-қосымшаға муўапық;

«Көзи әззилер баспаханасы» кәрханасының типографиялық үскенелерин модернизациялаў, имаратлары ҳәм өндирислик бөлимлеринде оңлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылған «Ko‘ngil ko‘zi» жойбарын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) системасын басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 172, сондай-ақ, орайлық аппараты – 81 ҳәм регионаллық бөлимлери 46 адам етип белгиленсин. Бунда, олардың 101и, соның ишинде, орайлық аппараттың – 55 ҳәм аймақлық бөлимлердиң – 46 хызметкери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржысы есабынан, орайлық аппараттың 26 хызметкери – Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының (кейинги орынларды- Қор) қаржысы есабынан қаржыландырылады.
  2. Агентлик директорына:

зәрүр жағдайларда, басқарыў хызметкерлериниң белгиленген штатлар саны ҳәм мийнет ҳақы төлеў қоры шеңберинде Агентлик ҳәм оның бөлимлериниң шөлкемлестириўшилик-штат структураларына өзгерислер киргизиў;

Агентликтиң аймақлық бөлимлери ҳаққындағы режелерди, сондай-ақ, уйымлық бойсыныўындағы шөлкемлердиң режелерин ҳәм структураларын тастыйықлаў;

Агентликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм шөлкемлер (кейинги орынларда – мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер), мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, илимий-билимлендириў мәкемелери, жетекши халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел компанияларының жоқары қәнигели хызметкерлерин, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин кеңесгөй сыпатында шартнама тийкарында тартыў;

Қордың қаржылары есабынан хазметкерлерге тийкарғы ийелеп турған лаўазымлары бойынша лаўазым айлықларына, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа төлемлерге қарамастан, ҳәр айдағы мийнет ҳақы  фондын 300 процентин аспаған муғдарда үстеме ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлерди белгилеў ҳуқықы берилсин.

4.Агентлик Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатын ислеп шығатуғын ҳәм әмелге асыратуғын ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша ўәкилликли уйым болып есапланатуғыны;

Агентликке Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Агентлик директоры Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын үш орынбасарға, сонын ишинде, бир биринши орынбасарға ийе болатуғыны;

Агентлик директоры дәрежеси, мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына бола Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасарына, оның орынбасарлары болса Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарларына теңлестирилетуғыны;

Агентликтиң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары мәлимлеме тараўында жумысты әмелге асыратуғын барлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйым, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, басқа да шөлкемлер ҳәм уйымлар, хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Агентлик, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасының 7-қосымшаға муўапық қурамда PR-орай функцияларын әмелге асырыў бойынша Уйымлараралық жумысшы топарын дүзиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Төмендегилер Уйымлараралық жумысшы топардың тийкарғы ўазыпалары етип белгиленсин:

Агентлик тәрепинен PR-жумысын шөлкемлестириўдиң әҳмийетли ўазыйпалары ҳәм бағдарларын, концептуаллық тийкарларын ислеп шығыў, бул тараўда нәтийжели уйымлараралық муўапықластырыўды жолға қойыў;

экономиканың түрли тармақларында инвестицияға мүтәж ҳәм потенциаллы жойбарлар ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў, сырт ел инвестицияларын тартыў процесслерин ҳәм бизнес-форумларды шөлкемлестириўди PR жағынан қоллап-қуўатлаў ушын үзликсиз тийкарда мәлимлеме материалларын таярлаў;

мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы ҳаққындағы мәлимлемени жыйнаў ҳәм таллаў, перспективалы инвестициялық усыныслар дизимин, сырт ел инвесторлары ушын әҳмийетли презентация материалларын таярлаў ушын мағлыўматларды қәлиплестириў бойынша исбилерменлик субъектлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў;

жәҳән мәлимлеме мәканында Өзбекстанның унамлы имиджин қәлиплестириў ҳәм алға қойыў, мәмлекеттиң инвестициялық орталығын ҳәм туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаўға байланыслы мәселелерди көрип шығыў.

6.Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, Қордың қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны;

Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери тийисли түрде Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық баспасөз ҳәм хабар басқармаларының шәртнамалары ҳәм миннетлемелери  бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орайы Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң Ғалаба коммуникациялар тараўында мониторинг орайының шәртнамалары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

Агентлик жумысы тараўына киретуғын мәселелер бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте оның менен келисилиўи шәрт екенлиги;

Агентлик мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен таярланатуғын ҳәм кейин ала телерадиоканалларда, соның ишинде, мәмлекетлик емес телерадиоканалларда трансляция етиўге мөлшерленген социаллық роликлер ҳәм дағазаларды таярлаў бойынша жумысларды муўапықластыратуғыны белгиленсин.

  1. Халық билимлендириў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте ҳәр жылы 1-мартқа шекем Агентликке, бурынғысынан басқаша тәризде, оған тийкарланған есап-санақларға муўапық, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын , улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын тийисли оқыў жылында оқыў әдебиятын басып шығарыў ҳәм нусқасын көбейтиў ушын зәрүр шийки зат ҳәм жумсалатуғын материалларды сатып алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық мақсетли китап қорының усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылары шеңберинде аванс қаржыларын ажыратсын.

Агентлик Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Агентликке шийки зат ҳәм жумсалатуғын материалларды сатып алыў ушын аванс қаржыларын ажыратыў, оларды сатып алыў ҳәм баспа-полиграфия кәрханалары арасында бөлистириў, сондай-ақ, улыўма орта билимлендириў мәкемелери ушын оқыў әдебиятын басып шығарыў ҳәм қайта басып шығарыў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыўда усы қаржылардың есабын жүргизиў тәртибин тастыйықласын.

  1. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына уйымлық бойсыныўындағы баспа хызметлери (жәмийетшилик пенен ислеў бөлимлери)ниң сапалы жумыс жүргизилиўи, олардың алдына қойылған ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы, сондай-ақ, олардың қәнигели кадрлар менен толықтырылыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Агентлик пенен биргеликте 2019-жылы заманагөй қәнигелескен китап дүканларын, баспа-полиграфия кәрханаларын модернизациялаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың айланыс қаржыларын толтырыў, жаңа китап дүканларын қурыў, сондай-ақ, сабақлықлар ҳәм басқа да баспа өнимлерин ислеп шығарыў ушын халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт елдиң ҳүкиметлик қаржы шөлкемлердиң кредит линиялары есабынан қаржылардың тартылыўы тәмийинлесин.
  3. Агентлик Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекем Агентлик системасындағы объектлерди ҳәм мүлкти толық хатлаўдан өткерсин ҳәм Агентликтиң уйымлық бойсыныўындағы кәрханаларын меншиклестириў, бул тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Республикалық баспа-полиграфия тармағын раўажландырыў комплексли бағдарламасын тастыйықласын.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлик Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң талапнамаларына бола миллий китап ҳәм баспа өнимлерин сатыў бойынша көшпели китап павильонларын жалғастырыў ушын жәмийетлик орынларда (орайлық көшелер, дем алыў орынлары, базарлар, темир жол вокзаллары, метрополитен бәндиргилерине кириўде ҳәм басқа) бос турған жер майданлары бийғәрез тийкарда берилиўин тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде, соның ишинде, әскерий бөлимлерде уйымлық китапханалардың жумыс ислеўи ҳәм олардың  фонды Агентликтиң усыныслары тийкарында ҳәр жылы жаңаланып барылыўын нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шықсын ҳәм қабыл етсин;

баспа өнимлери ҳәм дәўирлик басылым баспаларының мәжбүрий бийпул нусқаларын алатуғын шөлкмелердиң дизимин қысқартыўды есапқа алған ҳалда оларды тарқатыў тәртибин қайта көрип шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Агентликтиң усыныслары тийкарында республикалық орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынларының китапханаларын толықтырыў ушын көркем әдебиятлар дизимин қәлиплестирсин және ҳәр жылы усы әдебиятларды сатып алыў ушын зәрүр қаржыларды ажыратсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте Агентликти байланыс, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс қураллары менен, сондай-ақ, кең полосалы Интернет тарамағына жалғаныўын тәмийинлесин.
  3. Агентлик Ташкент қаласы, Шайхантаҳур районы, Наўайы көшеси, 30-жай мәнзили бойынша бийғәрез пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  4. Агентликке Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 5 дана, сондай-ақ, 4 дана жеке бириктирилген ҳәм 1 дана нәўбетши хызмет жеңил автомашинасын сатып алыў ҳәм сақлаў ушын лимит ажыратсын.
  5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-сентябрьдеги ПҚ-3953-санлы қарары менен тастыйықланған буйыртпа бериўшилер тәрепинен тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) дизими төмендеги мазмунда 30-бәнт пенен толықтырылсын:

«30. Билимлендириў мәкемелери ушын сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларын басып шығарыў (қайтып шығарыў) ушын мөлшерленген қағаз ҳәм басқа да жумсалатуғын материаллары».

20.Агентлик Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 2-февраль