Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Кейинги жылларда елимизде, бәринен бурын, экономиканың барлық тармақларын жедел раўажландырыў, инвестициялық тартымлылық ҳәм исбилерменликтиң жеделлигин арттырыў, өндирис ҳәм хызметлер көрсетиў тараўын кеңейтиўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, энергетика тармағында мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириўде бир қатар системалы машқалалар бар екенлиги белгиленген реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм елимизди инновациялық жедел раўажландырыўға тосқынлық етпекте, атап айтқанда:
биринши – жанылғы-энергетика комплекси тараўларын сәйкес раўажландырыў ҳәм энергия дәреклерин диверсификациялаў мәселелеринде муўапықластырыўдың ҳәм системалы қатнас жасаўдың жеткиликли емеслиги экономика тармақлары ҳәм мәмлекетимиз халқын, олардың өсип атырған талабын есапқа алған ҳалда энергия менен турақлы тәмийинлеў қәўип-қәтерлерин арттырмақта;
екинши – энергетика тармағы шөлкемлерин басқарыўдың директив модели, компаниялар қаржы – хожалық жумысының ҳәдден тыс административлик тәртипке салыныўы, сондай-ақ, мийнет ресрусларынан ақылға уғрас пайдаланбаў олардың жумыс ислеў нәтийжелилигин төменлетпекте, өндирислик емес қәрежетлер ҳәм ислеп шығарылып атырған энергия бирлиги жумсалыўының өсиўине алып келмекте;
үшинши – саламат бәсеки орталығының жоқ екени, ири квазимәмлекет секторы және мәмлекетлик ҳәм коммерциялық мәплер қарама-қарсылығының бар екени тарифлерди тәртипке салыў илажларының инвестициялық сиясат пенен үйлес емеслиги жанылғы-энергетика тараўының инвестициялық тартымлылығына кери тәсир етпекте;
төртинши – тармақтың раўажланыўына орынларда әсбап-үскенелер жүдә ескиргени ҳәм тийисли инфраструктураларды жаңалаў пәтлериниң төменлиги, үскенелер, қурылмалар, газ қубырлары ҳәм электр жеткерип бериў линияларынан хызмет мүддетлерин бузған ҳалда пайдаланыў, турақлы емес финанслық жағдай, ресурс ҳәм энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў дәрежесиниң төменлиги сыяқлы пүткил системаға тийисли машқалалар тосқынлық етпекте ҳәм бул технологиялық жоғалтыўлардың көбейиўине және жанылғы-энергетика ресурсларын жеткерип бериўде, әсиресе, орынларда системалы үзилислерге себеп болмақта;
бесинши – тараў кәрханаларында ресурсларды раўажландырыў, жеткерип берилип атырған энергия ресурсларын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системаларын және басқа да заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў жумыслары төмен дәрежеде алып барылып атырғаны энергия ресурсларын тутыныўшыларға жеткерип бериўде үлкен жоғалтыўларға және өз-ара есап-санақ интизамы бузылыўына алып келмекте.
Энергетика тармағын нәтийжели басқарыў системасын енгизиў ҳәм жедел раўажландырыў, оның бәсекиге шыдамлылығын ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы және Өзбекстан Республикасында Административлик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
1.Төмендегилер Өзбекстан Республикасы жанылғы-энергетика тармағын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
бириншиден, елимиздиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, экономика тармақлары ҳәм халықтың энергия ресурсларына барған сайын өсип атырған талабын қанаатландырыўға қаратылған бирден-бир энергетика сиясатын жүргизиў;
екиншиден, энергетика тараўында мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў және хожалық жумысы функцияларын анық шегаралаў, социаллық ҳәм мәмлекетлик жеке меншик шерикликтиң ҳуқықый ҳәм институционал базасын жетилистириў, тариф сиясатын әмелге асырыўдың анық базар механизмлерин ислеп шығыў ҳәм сол тийкарда саламат бәсеки орталығы принциплерин алға қойыў;
үшиншиден, инфраструктура объектлерин қурыўға, сондай-ақ, тармақлық кәрханаларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеўге инвестицияларды, бәринен бурын, тиккелей сырт ел инвестицияларын жедел тартыў ушын шараятлар жаратыў;
төртиншиден, энергия үнемлилик ҳәм экономиканың энергия жумсаўын азайтыў тараўында мәмлекетлик сиясат жүргизиў, экономика тармақларын ҳәм турмыслық секторда ресурс ҳәм энергия үнемлейтуғын алдынғы технологияларды енгизиўди хошаметлеў, альтернатив энергия дәреклерин кеңнен раўажландырыў;
бесиншиден, энергетика тармағы кәрханаларында технологиялық процесслерди автоматластырыўдың заманагөй қуралларын, энергия ресурсларын қазып алыў, жеткерип бериў ҳәм тутыныў көлемлерин есапқа алыў системаларын кеңнен енгизиў;
алтыншыдан, тармақлық кәрханаларды басқарыў системасын, олардың структуралары ҳәм бөлимлерин оптималластырыў, жумысларды шөлкемлестириўдиң анық нәтийжелерге ерисиўге қаратылған заманагөй усылларын ҳәм мақсетли индикаторларын (сапа менеджменти, индикатив режелестириў) енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасының энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм экономика тармақлары ҳәм мәмлекетимиз халқын жанылғы-энергетика ресурслары менен трурақлы тәмийинлеў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған жанылғы-энергетика тармағында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
электр ҳәм ыссылық энергиясы, көмирди ислеп шығарыў, жеткерип бериў, бөлистириў ҳәм тутыныў, сондай-ақ, нефть, газ ҳәм оларды қайта ислеўден алынатуғын өнимлерди қазып алыў, қайта ислеў, тасыў, бөлистириў, сатыў ҳәм олардан пайдаланыўдың мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўын әмелге асырыў;
республиканың энергетика тараўында бирден-бир нормативлик-ҳуқықый ҳәм техникалық тәртипке салыўды әмелге асырыў;
жанылғы-энергетика комплексин стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыўдың тең салмақлы системасын жаратыў ҳәм раўажландырыў, энергия ресурсларын ислеп шығарыўды арттырыў ҳәм диверсификациялаў, барлық түрдеги энергия ресурсларын ислеп шығарыў, жеткерип бериў ҳәм тутыныўдың қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли өз-ара байланыслы прогнозларын, сондай-ақ, энергетика тармағын комплексли раўажландырыўдың мақсетли бағдарламаларын ислеп шығыў;
мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, энергия ресурслары базарында қолайлы бәсеки ҳәм исбилерменлик орталығын қәлиплестириўди хошаметлейтуғын тариф сиясатын жетилистириўдиң есабынан жанылғы энергетика тармағының инвестициялық тартымлылығын арттырыў;
жанылғы-энергетика тармағында инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўын муўапықластырыў,энергия ресурсларын қазып алыў ҳәм өндирис процесслерине жеке меншик капиталды жедел тартыў, халықаралық финанс институтлары, донор мәмлекетлер, компаниялар, банклер ҳәм басқа да структуралар менен бирге ислесиўди жолға қойыў;
энергетика тараўына корпоративлик басқарыўдың заманагөй усылларын, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын және басқарыў, есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системаларын енгизиўге жәрдемлесиў, сол тийкарда энергетика тараўында басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өндирис қәрежетлерин азайтыў, энергетика тармағы шөлкемлериниң қаржы-хожалық жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў;
нефть-газ ҳәм электр энергетика тармағы шөлкемлериниң өндирис процесслерине инновациялық технологияларды енгизиўди хошаметлеў,энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм энергия нәтийжелилиги дәрежесин арттырыў;
энергетика тараўында инженер-техник ҳәм басқарыў кадрларын таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў.
- Министрлик:
өз жумысының тийкарғы бағдарлары менен байланыслы мәселелер бойынша өнимди бөлистириў ҳаққындағы келисимлерди әмелге асырсын;
қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
атом энергетикасын раўажландырыў ҳәм оннан пайдаланыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм стратегиялық бағдарларды ислеп шығыў;
мәмлекетлик уйымларда ҳәм шөлкемлерде энергияның нәтийжели ҳәм энергия үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў, сондай-ақ, энергия ресурсларын тутыныў нәтийжелилигиниң мониторингин алып барыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги келешекте Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги етип;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан нефть өнимлерин ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы келешекте Өзбекстан Республикасы Энергетика минитсрлиги жанындағы Нефть өнимлерин ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы етип;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергетикада қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы келешекте Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы Электр энергетикада қадағалаў инспекциясы етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм Министрликтиң структурасына өткерилсин.
- «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» акционерлик жәмийетиниң акционерлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң «Энергия үнемлеў миллий компаниясы» акционерлик жәмийетин белгиленген тәртипте сапластырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.
- Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 1-февраль