Қытай ҳүкимети жаңа кәсип түрлерине геймерлер (компьютер ойынлары арқалы ақша табатуғынлар), жасалма сананы изертлеўшилер ҳәм хызмет көрсетиўши дронларды басқарыўшыларды киргизди.

Қытайдың бәнтликке көмеклесиў, шуғылландырыў ҳәм техникалық бағдарлаў орайы профессионал геймерлердиң жарысларға қатнасып, басқа ойыншыларға да уйретип, сондай-ақ, жаңа ойынды таярлаў арқалы ақша табатуғынлығын есапқа алып усындай шешимге келген. Сондай-ақ, олардың қасына ойын операторларын да киргизди. Олар ойынларды раўажландырып, жаңа ойынларды таярлаў менен шуғылланады.

Соңғы ўақытта Қытайда киберспорт жедел раўажланып кетти. Олар дүньяда киберспортшыларының саны бойынша биринши орынды ийелеп тур.

Киберспорттан өткерилген «The International 2018» жарысында Қытайдың «LGD» командасы 1-орынды ийеледи. Бул Қытайдың усы спорттағы ең жақсы нәтийжеси болды.

 

Хош, киберспорт өзи не? Ол ўақыт өткериў усылы ма ямаса спорт па?

Киберспорт – компьютер ойынлары арқалы өткерилетуғын топарлық (командалық) жарыс түри есапланады. Киберспорттың тарийхы 1997-жылдан басланған. Сол жылы CPL, яғный The Cyberathlete Professional League шөлкемлестирилип, Quake атлы компьютер ойынынан жарыс өткерилген.

Киберспорт дүнья жүзи көлеминде раўажланып киятырған спорт түри болып табылады. 1997-жылдан берли ҳәр жылы Warcraft III, LoL, Dota2, Counter-Strike, Player Unknown’s Battleground ҳәм Starcraft атамасындағы компьютер ойынларынан турнирлер өткерилип келинбекте.

Соңғы ўақытлары бул өзгеше спорт түрин Олимпиада ойынларына киргизиў бойынша да усыныслар билдирилмекте.

Киберспорт Қарақалпақстан Республикасына да кирип келген болып, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Виртуал спорт ҳәм киберфутбол федерациясының Қарақалпақстан бөлими жумыс алып бармақта.

Жақында Өзбекстан Виртуал спорт ҳәм киберфутбол федерациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Playstation 4 FIFA19 ойын түринен Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди. Оған республикамыздан ҳәм қоңсылас Қазақстан Республикасынан улыўма 24 геймерлер қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.