1-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик ғайраткер ҳәм талантлы жазыўшы Шараф Рашидовтың туўылғанына 100 жыл толыў мүнәсибети менен «Еркинликти қәлеўши кеўил» атамасында илимий-әмелий әнжуман болып өтти.
Илажға университет профессор-оқытыўшылары, илимпазлар, студент-жаслар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, қатнасты.
Онда филология илимлериниң докторлары, профессор-оқытыўшылар К.Қурамбаев ҳәм Қ.Жәримбетовлар, сондай-ақ өзбек филологиясы факультетиниң студенти Д.Юлдашев Шараф Рашидовтың өмири, дөретиўшилик жумыслары ҳаққында баянат жасады. Көрнекли дөретиўшиниң «Кашмир қосығы»нда еркинлик ҳәм ғәрезсизликтиң сәўлеленгени, бир неше тиллерге аўдарма исленгенлиги, Япония ҳәм АҚШ театрларында «Ҳинд әпсанасы» атамасы менен балетлери қойып берилгенлиги мақтаныш пенен тилге алды.
Илажда университеттиң өзбек филологиясы факультети студентлери шайырдың бир қатар қосықларын оқып берди.
Илаж студентлер тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Нурсулыў НУРБЕКОВА
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти