Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде инвестициялық ықлымды жақсылаў, экспорт потенциалын арттырыў, бизнести жедел раўажландырыў ушын тийкар сыпатында инвестиция ҳәм сыртқы саўда жумысын нәтийжели тәртипке салыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, инвестиция процесиниң өнимди сыртқы базарларда алға қойыўдың жуўмақланған көрсеткишлери менен төмен байланысқанлығы сақланып қалмақта. Мәмлекетлик басқарыўдың әмелдеги системасы инвестиция ҳәм саўда мәселелерин өз алдына тәртипке салыўға тийкарланған, ол болса усы тараўларда шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерди қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Республиканың инвестициялық потенциалын арттырыў, экономиканың тийкарғы тараўлары менен тармақларына инвестицияларды тартыў, инвестиция киргизиў процесиниң бәсекиге шыдамлы экспортқа мөлшерленген өнимлердиң өндирис пенен өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў және 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- Төмендегилер инвестиция ҳәм сыртқы саўда тараўында басқарыў системасын жетилистириўдиң әҳмийетли бағдарлары етип есаплансын:
биринши-бәсекиге шыдамлы экспортқа мөлшерленген өнимлерди ислеп шығарыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлерине Өзбекстанның тийкарғы тараўлары, тармақлары ҳәм аймақларына инвестиция киргизиў ушын қолайлы инвестициялық ықлым ҳәм хошаметлерди жаратыў, сондай-ақ, ҳәр бир мәмлекетлик уйым тәрепинен инвестицияларды жедел тартыў ҳәм саўданы раўажландырыўға жәрдемлесиў бағдарындағы ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўы;
екинши-елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларын шешиў ушын мәмлекетлик қаржы механизмлери, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт елдиң ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қарыз ресурслары ҳәм техникалық жәрдемлесиў қураллары (грантлары)нан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға имканият беретуғын орайласқан инвестициялардың басқарыў системасын жаратыў;
үшинши-Өзбекстан Республикасының халықаралық абырайын жақсылаў, елимиздиң экономикалық тармақларын ҳәм аймақларын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў, алдынғы технологияларды трансферлеў ушын сырт ел, соның ишинде, тиккелей инвестицияларды кеңнен тартыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық ықлымды басқышпа-басқыш жетилистириў;
төртинши-республиканың экономикалық мәплеринен келип шыққан ҳалда мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлик субъектелериниң сырт ел инвесторлары, саўда бойынша бирге ислесиўшилер, сырт елдиң ҳүкиметлик ҳәм халықаралық шөлкемлери менен өз-ара нәтийжели байланысларды тәмийинлеў;
бесинши-турақлы экономикалық өсимди тәмийинлеў мақсетинде оптимал бажыхана-тариф сиясатын әмелге асырыў, Жәҳән саўда шөлкемине интеграциялаў, басқа да көп тәреплеме саўда-экономикалық системалар менен бирге ислесиў;
алтыншы-экспорт етиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, саўда, соның ишинде, сыртқы саўда инфраструктурасын, электрон коммерция системасын басқышпа-басқыш раўажландырыў, усы тараўдағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў;
жетинши-жергиликли товарлар ҳәм хызметлердиң сыртқы базарларға шығыўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў, нәтийжели транспорт жолларын қәлиплестириў, жеткерип бериў географиясын диверсификациялаў мақсетинде заманагөй логистика тармақларын раўажландырыў;
сегизинши-сыртқы базарларда жергиликли товарлардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын өнимди сапа жағынан басқарыўдың заманагөй системаларын кеңнен енгизиўди және олардың халықаралық стандартлар ҳәм техникалық регламентлер талапларына муўапықлығын тәмийинлеў, саўданың турақлы өсиўи ҳәм инвестициялық сиясатты жеделлестириўди тәмийинлейтуғын алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети негизинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (кейинги орынларда-Министрлик);
Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлигиниң ўәкилликли ўәкиллери ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли аймақлық бөлимлери негизинде Министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар (қалалар)дағы аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилсин.
Министрлик Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны белгиленсин.
- Министрлик:
бирден-бир инвестициялық сиясатты әмелге асырыў, сырт ел, биринши гезекте, тиккелей инвестицияларды тартыўды муўапықластырыў, халықаралық финанс институтлары (басқарыў офислери) ҳәм сырт елдиң ҳүкиметлик финанс шөлкемлери менен бирге ислесиў, сондай-ақ, сыртқы саўда ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў ҳәм муўапықластырыў ушын жуўапкер ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен ислеп шығылатуғын орта мүддетли инвестициялық сиясат стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасын 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў концепциясы тийкарында аймақлардың ҳәм тармақлардың раўажланыў концепцияларын ислеп шығыўды муўапықластыратуғыны;
Елимиздиң сыртқы экономикалық жумысында қатнасыўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў шеңберинде министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын муўапықластыратуғыны;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте экспортты қоллап-қуўатлаў стратегиясын, соның ишинде, оны хошаметлеўши инструментлерди ислеп шығатуғыны ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғыны;
Халықаралық ҳәм сырт елдиң ҳүкиметлик финанс институтларының тартылатуғын кредит ресурслары ҳәм техникалық жәрдемлесиў механизмлери (грантлары)нен, Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры қаржыларынан, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары қаржылары есабынан орайласқан инвестициялардан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығатуғыны;
уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети, Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы, Мәмлекетлик ветеринария комитети, «Өзстандарт» агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў республикалық орайының ишки ҳәм сыртқы базарлардағы саўда жумысына тәсир ететуғын илажларды қолланыў бөлеги бойынша ҳәрекетлерин нызамшылықта белгиленген тәртипте муўапықластыратуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар ўәкилликлериниң инвестициялық, сондай-ақ, саўда жумысына тәсир етиў көзқарасынан хатлаўдан өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм қолланылатуғын илажларды Министрлик пенен келисиў тәртибин тастыйықласын.
- Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс түрлери етип төмендегилер белгиленсин:
бирден-бир мәмлекетлик инвестициялық сиясатты әмелге асырыў, мәмлекеттиң раўажланыў бағдарламалары ҳәм инвестициялық бағдарламалары, соның ишинде, тармақлық және аймақлық инвестициялық бағдарламалардың ислеп шығылыўын ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын муўапықластырыў;
сырт ел инвестицияларын тартыў жумысларын муўапықластырыў, халықаралық экономикалық ҳәм қаржы институтлары, сырт елдиң ҳүкиметлик финанс шөлкемлери менен еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме форматта өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди әмелге асырыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, Өзбекстан Республикасының халықаралық және сырт ел финанс ҳәм экономикалық институтларындағы турақлы ўәкиллериниң, сондай-ақ, Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелеринде сыртқы экономикалық жумыс мәселелери менен шуғылланатуғын хызметкерлердиң жумысын муўапықластырыў;
Өзбекстан Республикасының инвестициялық бирге ислесиў мәселелери бағдарындағы халықаралық шәртнамаларын таярлаў, келисиў ҳәм қол қойыўда қатнасыў;
инвесторлар менен турақлы қайта байланысты жолға қойыў, инвестицияларды тартыўда аймақларға ҳәм жергиликли компанияларға жәрдемлесиў, инвестициялық усынысларды ислеп шығыўды шөлкемлестириў;
сыртқы саўда тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, Экспортты қоллап-қуўатлаў миллий системасының нәтийжели ислеўине жәрдемлесиў ҳәм тәмийинлеў, сыртқы саўда жумысын тәртипке салыў тараўында мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
саўдада тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў илажларын қолланыў және электрон коммерциялық тәртип-қағыйдаларын жетилистириўге байланыслы илажларды муўапықластырыў;
Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлер менен саўда байланысларын кеңейтиў ҳәм беккемлеў, товарлар, жумыслар ҳәм хызметлер экспортын қоллап-қуўатлаў;
Өзбекстан Республикасының Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў ҳәм басқа да көп тәреплеме экономикалық шөлкемлер менен бирге ислесиў процесслерин муўапықластырыў;
көтере ҳәм биржа саўдаларын тәртипке салыў мәселелерин муўапықластырыў, базардың жағдайын мониторинг етиў ҳәм таллаў, маркетинг изертлеўлерди өткериў ҳәм товарлардың баҳалары ҳаққындағы мағлыўматларды таллаў;
сыртқы саўда инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, транзит потенциалы дәрежесин арттырыў, логистика ҳәм транспорт жолларын жетилистириў, сондай-ақ, экспорт маршрутларын диверсификациялаў мәселелерин алға қойыў.
- Министрлик инвестиция ҳәм саўда жумысына, соның ишинде, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға унамсыз тәсир ететуғын машқалаларды үйрениўди тәмийинлейтуғыны;
Министрликтиң өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл еткен ҳәм нормативлик-ҳуқықый өзгешеликке ийе болған қарарлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий екенлиги;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, республиканың сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары Министрликтиң сораўына бола тийисли мағлыўматларды орнатылған тәртипте усынатуғыны;
Министрлик тийисли уйымлардың инвестиция циклиниң ҳәр бир басқышында инвесторларға шерик болыўы, бюрократлық көринислердиң алдын алған ҳалда жүзеге келип атырған шөлкемлестириўшилик мәселелерди, соның ишинде, инвестициядан кейинги дәўирде шешиў бойынша сөйлесиўлер алып барылыўын шөлкемлестиретуғыны;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, устав капиталында мәмлекетлик үлеси үстин болған хожалық жүргизиўши субъектлердиң басламасы менен нырқы 10 миллион АҚШ долларынан артық эквиваленттеги инвестицияларды тартыў тараўындағы келисимлер Министрлик пенен алдын ала келисилиўи шәрт екенлиги;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге инвесторлар, сондай-ақ, инвестиция қатнасындағы шөлкемлерден келип түскен мүражатларды Министрлик тәрепинен мониторинг етиў ушын олардың нусқалары мүражатлар келип түскен күннен баслап бир күн мүддетте «Инвестиция порталы»на жайластырылатуғыны;
Министрлик үзликсиз тийкарда инвесторлардың мүрәжатлары ҳаққындағы мағлыўматлардың улыўмаластырылыўын тәмийинлейтуғыны ҳәм инвесторлардың, соның ишинде, потенциаллы инвесторлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизетуғыны;
инвестициялар, саўда ҳәм экономикалық тәртипке салыў мәселелерине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте Министрлик пенен келисилиўи зәрүр екенлиги белгиленсин.
- Министрлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:
а) ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, олардың аймақлық бөлимлеринде төмендегилерди әмелге асырыў имканиятын беретуғын заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша усыныс киргизсин:
инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы, инвесторлардың мүрәжатлары өз ўақтында көрип шығылыўын қадағалаў, тийисли тармақтың ямаса аймақтың инвестициялық потенциалы ҳаққындағы статистикалық мағлыўматларды ҳәм мәлимлемелерди системаластырыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге келип түскен инвесторлар ҳәм инвестиция қатнасындағы шөлкемлердиң мүрәжатлары көрип шығылыўын мониторинг етиў;
б) 2019-жыл 1-мартқа шекем «Инвестиция порталы»нда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, инвесторлардың мүрәжатларын көрип шығыў нәтийжелериниң орайласқан мағлыўматлар базасын ислеп шықсын ҳәм енгизсин;
в) Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасы тийкарында сыртқы саўда статистикасын есапқа алыў, мониторинг ҳәм таллаў бойынша автоматластырылған мәлимлеме системасын ислеп шықсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары, соның ишинде, ўақтынша бос турған бюджеттен тысқары ҳәм қарыз қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар, көрсетилген хызметлерден алынатуғын дәраматлар және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер Министрликтиң жумысын қаржыландырыў, оның хызметкерлерин хошаметлеў (мийнет ҳақы, сыйлықлар, үстемелер ҳәм басқа да сыйлықлаў ақшаларын төлеў) дәреклери есапланатуғыны;
Министрлик хызметкерлериниң мийнетине бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан ҳақы төлеў шәртлери инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Министрликке халықаралық қаржы институтлары, сырт елдиң ҳүкиметлик қаржы шөлкемлери ҳәм донор мәмлекетлер қатнасындағы инвестициялық жойбарлар шеңберинде шөлкемлестирилген ҳәм жумыс ислеп атырған жойбарларды әмелге асырыў топарларының хызметкерлерин, сондай-ақ, инвестициялық жойбарлардың баслаўшылары болған министрликлер, уйымлар, хожалық бирлеспелериниң қәнигелерин инвестиция циклиниң барлық басқышларында инвестициялық жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў процесслерине тартыў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:
усы Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң инвестиция ҳәм саўда тараўындағы ўазыйпалары, функциялары ҳәм ўәкилликлерин қайта көрип шығыў бойынша усынысларды;
Министрликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын;
Нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2019-жыл 28-январь