Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Өткен еки жылда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының әҳмийетли ўазыйпаларын орынлаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары системасын түп-тийкарынан реформалаў, реформаларды тереңлестириў, макроэкономикалық турақлылықты сақлап қалыў, тийкарғы социаллық-экономикалық параметрлер ҳәм Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ушын олардың жуўапкершилигин арттырыў тәмийинленбекте.
Экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыўға, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплерин раўажландырыўға, инвестициялық сиясатты жеделлестириўге, экспорт потенциалын ҳәм сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиўге, еркин исбилерменликти раўажландырыў жолындағы бюрократлық тосқынлықларды алып таслаўға қаратылған бир қатар комплексли бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Социаллық тараўдағы қайта өзгерислер дыққат-итибар орайында тур. Әсиресе, аўыллық жерлерде ҳәм алыс аймақларда халықтың турақ жай – турмыслық шараятларын жақсылаў, комплексли инфраструктураны раўажландырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша қабыл етилген қарарлардың орынланыўы тәмийинленбекте. Көрилип атырған илажлар республика халқының ҳәр қыйлы қатламларының материаллық абаданлығы, турмыс дәрежеси ҳәм сапасы артыўына белгили дәрежеде жәрдемлести.
Соның менен бирге, елимизди буннан былай да жедел раўажландырыў Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң әмелдеги қатнаслары ҳәм жумыс усылларын қайта көрип шығыў зәрүрлигин, оның жумысын шөлкемлестириўдиң сапа жағынан жаңа ҳәм инновациялық усылларын енгизиўди, мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўы ҳәм бириктирилген тараўларда анық нәтийжелерге ерисиў ушын уйымлар басшыларының еркинлигин арттырыўды талап етеди.
Ҳүкиметтиң шөлкемлестириўшилик – штат структурасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, ҳүжжетлер экспертизасының тәртип-қағыйдаларын бираз жеңиллетиў, қарарлар қабыл етиўдиң жеделлигин тәмийинлеў, сырт елде кеңнен қолланылатуғын анық көрсеткишлерге ерисиўге ҳәм мақсетли индикаторларға тийкарланған министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлар басшыларының жумысын баҳалаў системасын енгизиў талап етиледи.
Ҳүкимет жумысын шөлкемлестириўди түп-тийкарынан жетилистириў, атқарыў ҳәкимияты уйымларының заманагөй талапларға жуўап беретуғын сапа жағынан жаңа системасын қәлиплестириў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-декабрьде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында белгилеп берилген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде және Өзбекстан Республикасында Администравтивлик реформалар концепциясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ағзалары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, қалалар ҳәм районлар ҳәкимлериниң жеке итибары жүзеге келген кемшиликлердиң исенимли сапластырылыўы зәрүрлигине, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген тийкарғы принцип өз ўақтында анық ҳәм толық көлемде әмелге асырылыўына қаратылсын.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (кейинги орынларда – Министрлер Кабинети/Ҳүкимет) жумысын түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
жүкленген ўазыйпалар ҳәм функциялардың нәтийжели орынланыўында Ҳүкимет ағзалары, атқарыў ҳәкимиятының басқа да уйымларының басшылары, барлық дәрежедеги ҳәкимлердиң жеке ролин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў;
уйымлық бойсынатуғын шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаўдың анық системасын енгизиў арқалы министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлардың бириктирилген тараўда мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўында, соның ишинде, қаржы ресурсларын басқарыў мәселелеринде еркинлигин арттырыў;
анық көрсеткишлерге ҳәм мақсетли индикаторларға ерисиўге тийкарланған барлық дәрежедеги атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың басшыларының жумысын баҳалаўдың принципиаллық жақтан жаңа системасын енгизиў, экономика тармақларын ҳәм социаллық тараўды стратегиялық раўажландырыўдың жақын, орта ҳәм узақ мүддетли келешекке мөлшерленген бағдарламаларын әмелге асырыўдың сапасын ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў;
аймақларды, бәринен бурын, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдан изде қалып атырған аўыллық елатлы пунктлерди ҳәм қалаларды раўажландырыўдың перспективалы ўазыйпаларын нәтийжели шешиў бойынша мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының муўапықластырылған жумысын тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң тапсырмаларын ҳәм ҳүжжетлердиң орынланыўын системалы және әмелий қадағалаўды жетилистириў;
мәмлекеттиң экономикалық жумысқа қатнасыў тәртибин ҳәм дәрежесин анық регламентлеў арқалы экономика тармақларына административлик тәсир етиўди буннан былай да қысқартыў ҳәм басқарыўдың базар механизмлерин кеңейтиў, «қупыя экономика»ның алдын алыў, азайтыў ҳәм системалы қарсы гүресиў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;
комплекслер, Бас министр орынбасарлары ҳәм Министрлер Кабинетиниң аппараты, бәринен бурын, оның тийкарғы буўыны – мәлимлеме-таллаў департаментлериниң структурасын жетилистириў ҳәм ықшамластырыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизасының сапасын жақсылаў, атқарыў тәртибиниң дәрежесин арттырыў, көп санлы мәжилислер, артықша жазыўлар ҳәм нәтийжесиз хызмет сапарларының әмелиятына шек қойыў;
атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын жүзеге келген машқалалардың себеплерин ҳәм шараятларын сапластырыўға, жумысты шөлкемлестириўдиң заманагөй усылларын енгизиўге байланыслы комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға қаратыў мақсетинде айырым мәмлекетлик функцияларды жеке субъектлерге бериў арқалы артықша административлик тәртипке салыўды азайтыў;
мәмлекетлик басқарыўды орайластырмаў, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының қаржы имканиятларын, ролин ҳәм жуўапкершилигин кеңейтиў, орайлық ҳәм орта буўын басқарыў хызметкерлериниң санын ықшамластырыў арқалы басқарыўдың вертикал системасы механизмлерин ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының өз-ара бирге ислесиўин жетилистириў.
- 2019-жыл 1-апрельден баслап:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары, министрлер ҳәм мәмлекетлик комитетлердиң баслықлары лаўазымларына талабанлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен мақулланатуғыны;
барлық дәрежедеги атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың басшыларының жумысын анық көрсеткишлерге ерисиўге ҳәм мақсетли индикаторларға, экономика тармақлары, социаллық тараў ҳәм басқа да тараўларды стратегиялық раўажландырыўдың жақын, орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген бағдарламалары әмелге асырылыўының сапасы ҳәм нәтийжелилигине тийкарланған ҳалда баҳалаў;
анық тараўлар ҳәм бағдарларда әмелге асырылып атырған реформаларды үйрениў мақсетинде жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик басқарыўдың аймақлық уйымларының басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллериниң қатнасыўында аймақларда ҳүкиметтиң тематикалық көшпели (ашық) мәжилислерин системалы тийкарда өткериў тәртиби енгизисилсин.
2019-жыл 1-апрельден баслап:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары, министрлер ҳәм мәмлекетлик комитетлердиң баслықлары лаўазымларына талабанларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасында көрип шығыў ҳәм мақуллаў процесинде олар Министрлер Кабинетиниң ҳәрекетлер бағдарламасы менен өз-ара байланыслы болған перспективаға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлерге ҳәм ўазыйпаларға ерисиў бойынша ҳуқықый, экономикалық, социаллық, шөлкемлестириў – техникалық илажларды нәзерде тутатуғын ҳәрекетлер режелерин усынатуғыны;
Өзбекстан Республикасының Бас министри Ҳүкимет ағзалары менен биргеликте ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарына Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатынан келип шығатуғын тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламасының әмелге асырылыўы ҳаққында есап беретуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов төмендеги тәртип ҳәм механизмлерге байланыслы анық усынысларды пуқта ислеп шықсын ҳәм 2019-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усынсын:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарларын, министрлер ҳәм мәмлекетлик комитетлердиң баслықларын тек ғана Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен мақулланғаннан кейин тайынлаў;
Өзбекстан Республикасының Бас министри тәрепинен Ҳүкимет ағзалары менен биргеликте ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатынан келип шығатуғын тийисли жылға мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўы ҳаққында есап бериў;
барлық дәрежедеги атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың басшыларының жумысын анық көрсеткишлерге ерисиўге ҳәм мақсетли индикаторларға, экономика тармақларына, социаллық тараў ҳәм басқа да тараўларды стратегиялық раўажландырыўдың жақын, орта ҳәм узақ мүддетли келешекке мөлшерленген бағдарламалары әмелге асырылыўының сапасына ҳәм нәтийжелилигине тийкарланған ҳалда баҳалаў.
- Өзбекстан Республикасының Бас министри, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйлери, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң баслықлары және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Министрлер Кабинети Президиумының ағзалары есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-сентябрьдеги ПП-5185-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында Административлик реформалар концепциясын әмелге асырыў шеңберинде Мәмлекетлик басқарыўдың 93 уйымы реформаланғаны, соның ишинде 77 министрлик ҳәм уйым шөлкемлестирилгени, 7 си сапластырылғаны, 9 ы жаңадан шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасында Административлик реформалар концепциясын әмелге асырыў бойынша комиссияның баслығы А.Н.Арипов төмендегилерге айрықша итибар берген ҳалда, 2019-жыл 1-майға шекем министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, Ҳүкимет структурасына киретуғын уйымлар және хожалық басқарыўшы уйымларды буннан былай да ықшамластырыў ҳәм жумысын жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын нәзерде тутатуғын усынысларды таярласын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин:
министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлардың жумысының институцияонал ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, олардың ўазыйпалары, функциялары ҳәм ўәкилликлерин, оларды әмелге асырыўдың механизмлерин ҳәм ўәкилликли шахслар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және ҳәкимликлердиң жуўапкершилиги тараўларын белгилеў ҳәм анық шегаралаў, муўапықластырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў процесслерин тәмийинлеў;
мәмлекетлик басқарыў системасына стратегиялық режелестириў ҳәм прогнозластырыўдың заманагөй түрлерин, усылларын ҳәм принциплерин, соның ишинде, «санлы экономика» принципин, инновациялық идеялар, исленбелер ҳәм технологияларды енгизиў;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары, орынларда атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм бизнестиң өз-ара бирге ислесиў механизмлерин жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарларын жедел енгизиў ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесинен пайдаланыў;
профессионал мәмлекетлик хызметтиң нәтийжели системасын қәлиплестириў, бюрократия, қағазпазлық ҳәм көп санлы мәжилислерге шек қойыўдың әмелий механимзлерин енгизиў, сондай-ақ, лаўазымынан пайдаланыў фактлерине ҳәм басқа да унамсыз ҳәркетлерге қарсы гүресиў.
- Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен биргеликте үш ай мүддетте:
а) жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы нызам жойбарын киргизсин, соның ишинде, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
Ҳүкиметтиң ўәкилликлерин, оларды әмелге асырыў механизмлерин анық тәртипке салыў ҳәм экономикалық, финанслық, пул-кредит, инвестиция, социаллық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, экология ҳәм басқа да тараўларда және бул жағдайды комплексли таллаў тийкарында сыртқы экономикалық ҳәм сыртқы сиясий жумыста терең ҳәм структуралық қайта өзгертиўлер әмелге асырылыўы ҳәм жақын, орта ҳәм узақ мүддетли келешекте оларды стратегиялық раўажландырыў моделлери ислеп шығылыўы ушын оның жуўапкершилигин арттырыў;
Министрлер Кабинети ағзаларының ўәкилликлерин ҳәм олардың жуўапкершилигин белгилеў;
Ҳүкиметтиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы, судлар, ҳуқық қорғаў ҳәм әскерийлестирилген структуралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм сиясий партиялар менен өз-ара бирге ислесиўи мәселелери;
Министрлер Кабинети ҳәм оның Президиумы мәжилислерин өткериў, олардың жуўмақлары бойынша қарарлар қабыл етиў регламенти, сондай-ақ, мәжилислерди өткериў даўамында көрип шығылатуғын анық мәселелер дизимин белгилеў;
Ҳүкимет ағзаларын ҳәм Министрлер Кабинети аппараты хызметкерлерин материаллық ҳәм социаллық тәмийинлеў мәселелери;
б) «Стартегиялық режелестириў ҳаққында»ғы нызам жойбарын киргизсин, соның ишинде, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
экономика тармақларын ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўды нәзерде тутатуғын жақын, орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген комплексли бағдарламаларды (кейинги орынларда – раўажландырыўдың комплексли бағдарламалары) ислеп шығыў механизмлери ҳәм тәртибин;
раўажландырыўдың комплексли бағдарламаларын ислеп шығыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң қатнасы ҳәм өз-ара бирге ислесиўи, оларды таллаў, мониторингин алып барыў ҳәм соңғы орынланыўын шөлкемлестириў;
қабыл етилген раўажланыўдың комплексли бағдарламалардың ҳәр жылы қайта көрип шығылыўын, кейин ала оларға глобаллық ҳәм регионаллық социаллық-экономикалық процесслердиң өзгериўи есапқа алынған ҳалда дүзетиўлер киргизилиўин нәзерде тутатуғын усы бағдарламаларды таллаўдың нәтийжели механизмин енгизиў;
в) төмендегилерди:
мәмлекетлик басқарыў ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымлары системасын және де ықшамластырыўды;
жеке секторға берилип атырған мәмлекетлик уйымлар функцияларының анық дизимин тастыйықлаў, онда усы тараўда жумыслардың жағдайын пуқта хатлаўдан өткерген ҳалда және берилип атырған функциялардың зәрүр дәрежеде орынланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаў механизмлерин енгизиўди;
экономикалық процесслерде мәмлекеттиң қатнасыўын түп-тийкарынан қысқартыўды нәзерде тутатуғын усыныслар киргизсин;
г) министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымлары хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын халықаралық стандартлар ҳәм нормаларға муўапық мийнетке ҳақы төлеў муғдарларын мийнет нәтийжелери, орынланатуғын мийнет функцияларының қурамалылығы ҳәм жуўапкершилиги менен тығыз байланыслы ҳалда жетилистириўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-декабрьде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында бегиленген тапсырмалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў бойынша жақын, орта ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген елимизди экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыўдың ең әҳмийетли бағдарлары бойынша концепциялар, бағдарламалар ҳәм «жол карталары» әмелге асырылыўын нәзерде тутатуғын комплексли илажлар ислеп шығылғаны ҳәм тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары 2017-2021–жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўда төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратсын:
биринши, Өзбекстан Республикасын 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў концепциясын, тийисли тармақлық ҳәм аймақлық комплексли бағдарламаларды ислеп шығыў және Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери менен тастыйықланған әҳмийетли бағдарламаларды нәтийжели әмелге асырыў;
екинши, тийкарғы халықаралық рейтинглер ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының дәрежесин жақсылаў бойынша Ҳүкимет, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў тараўында комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
үшинши, ҳәр тәреплеме тийкарланған орта мүддетли перспективаға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы инвестиция сиясаты стратегиясын пуқта таярлаў, сырт ел инвестицияларын, бәринен бурын тиккелей инвестицияларды тартыў механизмлерин ҳәм кепилликлерин және де жетилистириў, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторларға бериў ушын «инвестиция портфели»н ислеп шығыў, республикада «инвестициялық хаблар»ды шөлкемлестириў ҳәм еркин экономикалық киши санаат зоналарының жумыс алып барыўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў;
төртинши, «халық пенен пикирлесиў» әмелиятын жетилистириў ҳәм Министрлер Кабинети басшылығы және Ҳүкимет ағзаларының орынлардағы жеке ушырасыўлары тийкарында төмендегилерди кепиллейтуғын комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў:
социаллық тараўды буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм халықтың реал дәраматларын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, алдынғы инновациялық идеялар ҳәм технологиялар тийкарында билимлендириў және илим системасын бунан былай да раўажландырыў;
мәденият, спорт ҳәм туризм таралаўларында анық илажларды жеделлестириў, жаслар менен ислесиў бойынша мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўына дүзетиўлер киргизиў;
халықты, соның ишинде, реновация тийкарында заманагөй ҳәм арзан турақ жай, сондай-ақ, исенимли транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктура менен тәмийинлеў, Қоршаған орталықты қорғаў стратегиясын ислеп шығыў;
бесинши, сырт еллерге жоқары дәрежелердеги сапар етиўлердиң жуўмақлары және халықаралық экономикалық ҳәм финанс институтларында ерисилген келисимлер бойынша тастыйықланған «жол карталары»ның әмелге асрылыўын қадағалаў системасын жетилистириў.
- Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасарларының итибары тийисли министрликлер, уйымлар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўдың басқа уйымларының биринши басшылары ҳәм олардың орынбасарлары лаўазымына мүнәсип, өз жумысын пуқта билетуғын ҳәм заманагөй пикирлейтуғын талабанларды таңлаўға байланыслы кадрлар менен ислесиўдиң босаңласыўына жол қойып болмайтуғынына қаратылсын.
Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекем:
тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларының бос лаўазымларына, усы лаўазымларға ҳаял-қызларды усыныўға айрықша итибар бере отырып, тайынлаў ушын талабанлардың резервин пуқта ислеп шықсын, тийкарласын ҳәм көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Президентине усынсын;
жуўаплы лаўазымларға сырт елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм сырт ел қәнигелери арасынан тәжирийбели менеджерлерди тайынлаў әмелиятын кеңнен енгизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы усы Пәрманда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўына байланыслы жумысларды нәтийжели муўапықластырсын, сондай-ақ, олардың әмелге асырылыўы ҳаққында турақлы түрде мәлимлеме киргизсин.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң, соның ишинде, Ҳүкимет жумысын шөлкемлестириўди, оның шөлкемлестириў-штат структурасын тастыйықлаўды, Министрлер Кабинети аппаратының жумыс нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеўди нәзерде тутатуғын қарардың жойбарын киргизсин.
Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 28-январь