Өзбекстанда саламат турмыс тәризин кең үгит-нәсиятлаў және халықты денетәрбиясы ҳәм ғалабалық түрде спортқа тартыў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға тийкарланып, 2019-жыл 10-февральдан баслап барлық телеканалларда ҳәр күни үш мәрте 3-5 минутлық ғалабалық денетәрбиясы шынығыўлары сәўлеленген видеороликлер усынылады.

Қарарға муўапық, халықтың физикалық таярлығы ҳәм саламатлық дәрежесин белгилейтуғын «Алпамыс» ҳәм «Гүлпаршын» арнаўлы тестлерин қабыл етиў және жарысларды өткериў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.

Уставқа муўапық, «Алпамыс» тестлери еркеклер ушын, «Гүлпаршын» тестлери ҳаял-қызлар ушын қолланылады.

Арнаўлы тестлер бойынша жарысларда 6 жас ҳәм оннан үлкен жастағы барлық пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Жарыслар жуўырыў, арқан менен секириў, турнике тартыныў, узынлыққа секириў ҳәм басқа бир неше спорт түрлери бойынша өткериледи.

Жарыс жеңимпазлары «Алпамыс» ҳәм «Гүлпаршын» көкирек белгилери ҳәм басқа қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, қарар тийкарында Өзбекстанда спорттың ғалабалығын және де арттырыў мақсетинде миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Бағдарлама шеңберинде ҳәр бир билимлендириў мәкемесинде миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары менен шуғылланыў ушын спорт дөгереклери шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, Өзбекстан миллий спорт түрлери бойынша кадрлар резерви таярланады және спортшылар, тренер ҳәм төрешилер медициналық диспансер тексериўинен өткериледи ҳәм ҳәр 6 айдан бир мәрте медициналық тексериўден өткериледи.

«Өзбекстанның миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы шөлкемлестириледи.

Спорттың ойын түрлери бойынша «Ҳаял-қызлар спорты» ҳәм «Саламат шаңарақ» фестивальлары өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.