Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-январьдағы «Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың стратегиялық ўазыйпаларының әмелге асырылыўы ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жуўапкершилигин арттырыўға байланыслы биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП-5644-санлы Пәрманының орынланыўын тәмиийнлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (кейинги орынларда – Министрлер Кабинети/Ҳүкимет) атқарыў структурасында:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары – экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў комплекслериниң басшылары лаўазымлары, сондай-ақ, олардың аппаратлары (секретариат);

Макроэкономикалық таллаў ҳәм прогнозластырыў, қаржы ҳәм банк системаларын реформалаў, жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў мәселелери жыйналған мәлимлеме-таллаў департаменти;

елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў комплекслери, тармақлары ҳәм тараўлары бойынша мәлимлеме-таллаў департаментлери сапластырылсын.

  1. Министрлер Кабиентиниң атқарыў структурасына:

Өзбекстан Республикасы  Бас министриниң биринши орынбасары – Өзбекстан Республикасы  транспорт министри;

Өзбекстан Республикасы  Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы  қаржы министри;

Өзбекстан Республикасы  Бас министриниң инвестициялар ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар мәселелери бойынша орынбасары;

Өзбекстан Республикасы Бас министриинң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң жанылғы-энергетика тараўы ҳәм санааттың базалық тармақларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымлары киргизилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 178 адам болған атқарыў структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасының Бас министрине мәселелерди тәртипке салыў ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўдиң зәрүрлигин есапқа ала отырып, зәрүрлик болғанда, Министрлер Кабинети хызметкерлериниң улыўма штатлар саны шеңберинде оның атқарыў структурасына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов бир ҳәпте мүддетте жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерди бириктирген ҳалда Министрлер Кабинети аппараты бөлимлери структурасын келисиў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усынсын.

  1. Өзбекстан Республикасының Бас министри Ҳүкимет алдына қойылған мақсетли ўазыйпаларға ерисиў мақсетинде министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын улыўмаластырып муўапықластыратуғыны, жүзеге келген келиспеўшиликлер бойынша келисилген қарарлар қабыл ететуғыны;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының ҳүжжетлери, парламент ҳәм депутат сораўлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў мониторингин алып баратуғыны, сондай-ақ, орынларда жумыслардың реал жағдайын турақлы үйренетуғыны, экономикадағы ҳәм социаллық тараўдағы машқалаларды ҳәр тәреплеме  таллайтуғыны және сол тийкарда стратегиялық ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша комплексли усыныслар ислеп шығатуғыны, бунда жүкленген ўазыйпаларды шешиўде олардың министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысына араласыўына жол қойылмайтуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы  Бас министриниң кеңесгөйлери олардың ўәкиллигине киргизилген тийисли бағдарлар ҳәм мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы  Бас министрине  усыныслардың пуқта ислеп шығылыўын, экспертизадан өткерилиўин ҳәм таярланыўын тәмийинлейди, сондай-ақ, бул мәселелер ушын жеке жуўапкер есапланады;

министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң баслықлары ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары Министрлер Кабинетине киргизилип атырған усыныслар, таллаў ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң, соның ишинде, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ҳәм ҳәр тәреплеме ислеп шығылыўы, сондай-ақ, оларды әмелге асырыўдың соңғы нәтийжелери ҳәм ақыбетлери ушын жеке жуўапкер есапланады;

Өзбекстан Республикасының Бас министри, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйлери тәрепинен хожалық жәмийетлери ҳәм компаниялар, сондай-ақ, мәмлекетлик үлеске ийе болған басқа да шөлкемлердиң жумысы үстинен бир ўақыттың өзинде  басшылық етилиўине жол қойылмайды;

Өзбекстан Республикасы  Бас министриниң кеңесгөйлери Өзбекстан Республикасы  Президенти менен келисе отырып Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.

  1. Төмендегилер тийкарғы ўазыйпаларды системалы түрде әмелге асырыў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары ҳәм Министрлер Кабинети аппараты жумысларының нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы бағдарлары етип есаплансын:

Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасарларының, сондай-ақ, Министрлер Кабинети аппараты структура бөлимлери басшыларының функциялары ҳәм ўәкилликлерин, олардың функцияларының бир бөлегин тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымларына, сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына бериўди нәзерде тутқан ҳалда түп-тийкарынан қайта көрип шығыў;

Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасарларының ҳәм Министрлер Кабинети аппараты структуралық бөлимлери басшыларының Өзбекстан Республикасы Президентине киргизилетуғын усыныслар ҳәм ҳүжжетлер жойбарларының тийкарланғаны, берилген тапсырмалар ҳәм қарарлардың әмелге асырылыўы нәтийжелилиги, сондай-ақ, тийисли жумыс тараўларында ерисилген нәтийжелер ушын жеке жуўапкершилигин арттырыў;

Министрлер Кабинети аппараты структуралық бөлимлери басшылары ҳәм қәнигелериниң профессионаллық дәрежесин арттырыў, барлық буўынларда орынлаў тәртибин беккемлеў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын экспертизадан өткериў ҳәм таярлаў системасын жетилистириў,  басқарыўдың заманагөй усылларын ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў.

Министрлер Кабинети усы бәнтти әмелге асырыў бойынша бир ай мүддетте анық усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов он күн мүддетте усы қарар талапларын орынлаў бойынша Ҳәрекетлер режесин тастыйықласын, онда төмендеги тапсырмалардың орынланыўына айрықша итибар қаратсын:

а) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйлери лаўазымларына талабанлар бойынша усыныслар киргизиў;

б) Министрлер Кабинети аппаратының жаңаланған штатлар кестесин тастыйықлаў;

в) Өзбекстан Республикасының Бас министри орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлериниң, сондай-ақ, усы қарар менен киргизилип атырған басқа да лаўазымлардың фунционаллық ўазыйпаларын тастыйықлаў;

г) министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм  басқа да шөлкемлер тәрепинен усынылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын, таллаў ҳүжжетлерин ҳәм басқа да мәселелерди киргизиў, көрип шығыў ҳәм олар ҳаққында мәлимлеме бериў, сондай-ақ, Ҳүкимет, оның Президиумы мәжилислерин өткериўди шөлкемлестириў ҳәм олардың жуўмақлары бойынша қарарлар қабыл етиў мүддетлери ҳәм механизмлерин ықшамластырыўды нәзерде тутатуғын Министрлер Кабинетиниң Регламентин ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиў, онда соның ишинде, төмендеги тәртиплерди нәзерде тутыў:

Министрлер Кабинети ҳәм оның Президиум мәжилислерин өткериў мүддетлерин көрсеткен ҳалда олардың күн тәртибин дүзиў;

Ҳүкимет, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымларының алдына қойылған, соның ишинде, олардың жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлерине ҳәм мақсетли индикаторларына тийкарланған ўазыйпалардың орынланыўы;

ғалаба хабар қуралларында ҳәм басқа да дәреклерде, соның ишинде, орынларға шыққан ҳалда анық фактлер бойынша тийисли илажлар көриў ушын жәмийетлик пикирди үйрениў;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, соның ишинде, Ҳүкиметтиң нызамшылық басламасы тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизилетуғын нызамлардың жойбарларын мақуллаў;

Өзбекстан Республикасының нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының ҳүжжетлери, парламент ҳәм депутат сораўлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары ҳәм тапсырмаларының нәтийжели орынланыўын шөлкемлестириў, сондай-ақ, олардың орынланыўын қадағалаў;

Министрлер Кабинети ҳәм оның Президиум мәжилислерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў, шешилетуғын машқалаларды додалаўға ҳәм Ҳүкиметтиң жумысын баҳалаўға жәмийетшиликти тартыў;

д) Министрлер Кабинети аппараты ҳаққындағы, оның барлық бөлимлериниң функциялары, ўәкилликлери, ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилигин толық белгилеп беретуғын режени ислеп шығыў;

е) Ҳүкимет жумысы тараўларындағы перспективалы жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиў бойынша усынысларды келисиў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиў;

ж) бүгинги күн талапларын есапқа алған ҳалда Министрлер Кабинети аппараты экономика, социаллық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын жоқары профессионаллық дәрежеде тәмийинлей алатуғын қәнигели кадрлар менен толықтырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети аппаратының структурасын жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3825-санлы қарарының 6-бәнтиндеги «Бас министр, оның орынбасарлары, Аппарат басқарыўшысы ҳәм оның орынбасарлары буған кирмейди» сөзлери шығарып таслансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл  28-январь