Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» 2019-жыл 14-январьдағы ПП-5630-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң орайлық аппараты структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң (кейинги орынларда-Агентлик) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 90, соның ишинде, Агентликтиң орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 50 адам етип белгиленсин.

Агентлик директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

зәрүр жағдайларда, Агентликтиң орайлық аппаратының тастыйықланған структурасына өзгерислер киргизиў;

Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық басқармаларының структураларын тастыйықлаў;

басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде Агентликтиң аймақлық басқармалары басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын тастыйықлаў;

Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Агентликтиң басқарыў қәнигелериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;

жергиликли ҳәм сырт елли маман қәнигелерди хызметкер ҳәм мәсләҳәтши сыпатында, бурынғысынан басқаша тәризде оларға Агентликтиң бюджеттен тысқары қорлары қаржылары есабынан мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарын белгилеген ҳалда, тартыў;

Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Агентлик хызметкерлериниң тийкарғы ийелеп турған лаўазымына бола лаўазым айлықлары (тариф ставкалары)на, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа төлемлерге қарамастан, үстеме және басқа да хошаметлеўши төлемлерди белгилеў;

Агентликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын шәртнама тийкарында тартылатуғын маман сырт ел қәнигелериниң мийнет ҳақысы муғдарын халықаралық тәжирийбе ҳәм базар шараятларынан келип шыққан ҳалда белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилген басқа да қаржылар Агентликти тәмийинлеў бойынша қәрежетлердиң қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
  2. а) Агентлик:

Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда-Мәмлекетлик бәсеки комитети) ҳәм Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базары жумысын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайының баҳалы қағазлар базарын, соның ишинде, баҳалы қағазлар саўдасын шөлкемлестириўшилерди ҳәм Баҳалы қағазлар орайлық депозитариясын тәртипке салыў, сондай-ақ, корпоратив басқарыўды раўажландырыў бағдарындағы барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

өз ўәкилликлерин еркин түрде ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларынан бийғәрез ҳалда алып баратуғыны ҳәм өз жумысында тиккелей Өзбекстан Республикасы Бас министрине бойсынатуғыны және есап беретуғыны;

фонд биржаларының жумысын ҳәм баҳалы қағазлар базарында профессионал жумысты лицензиялайтуғын уйым есапланатуғыны;

лотереялар шөлкемлестириў жумысын тәртипке салыў ҳәм лицензиялаў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

б) Агентлик жумысы тараўына киретуғын мәселелер бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары Агентлик пенен мәжбүрий тәризде келисилиўи шәрт екенлиги;

в) мүлкшилик түрине қарамастан барлық шөлкемлерде Агентлик ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша тексериўлер исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериўлерди муўапықластырыў бойынша ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде ҳәм Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасында дизимнен өткерилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;

г) Агентлик директоры, оның биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны, статусы, медициналық ҳәм транспорт хызмет көрсетиў шараятлары бойынша тийисли рәўиште министр, министрдиң биринши орынбасары ҳәм орынбасарына теңлестирилетуғыны;

д) Агентликтиң аймақлық басқармаларының басшыларын лаўазымға тайынлаў Агентлик директоры тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны:

е) Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторының жумысқа қабыл етиўде билимлендириўдиң ең төмен дәрежеси, жумысшылардың кәсиплери бойынша қәнигелик дәрежесин белгилеў бағдарындағы талаплары сырт ел билимлендириў мәкемелерин тамамлаған тийисли бағдардағы қәнигелерге, бурынғысынан басқаша тәризде, Агентлик ушын усыныс өзгешеликлерине ийе екенлиги;

ж) Агентлик хызметкерлерине сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы хызметкерлери ушын нәзерде тутылған медициналық жәрдем бериў тәртиби сақланып қалынатуғыны;

з) Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы тәрепинен бурын берилген ҳүжжетлер және бурын олар тәрепинен қабыл етилген қарарлар өз күшин сақлап қалатуғыны ҳәм усы уйымлардың қайта шөлкемлсетирилиўи мүнәсибети менен оларды бийкарлаў ямаса өзгертиў талап етилмейтуғыны;

и) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен бурын берилген лотереяларды шөлкемлестириў жумысын жүргизиў ҳуқықын беретуғын лицензиялар олардың мүддети тамамланғанға шекем өз күшин сақлап қалатуғыны ҳәм бул ўәкилликлер Агентликке өтиўи мүнәсибети менен қайта рәсмийлестирилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик жанында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда бюджеттен тысқары Капитал базарын раўажландырыўға жәрдем бериў қоры (кейинги орынларда-Қор) шөлкемлестирилсин.

Қорды қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

фонд биржасында баҳалы қағазлар саўдасын әмелге асырыўда сатыўшы тәрепинен төленетуғын жыйым;

эмиссиялық баҳалы қағазлардың дәслепки шығарылыўын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын төленетуғын жыйым;

эмиссиялық баҳалы қағазларды ирилендириў процесинде олардың номинал баҳасы арттырылғанда эмитент тәрепинен төленетуғын жыйым;

лотереяларды шөлкемлестириў жумысын жүргизиў ҳуқықын беретуғын лицензия алыўшының арзасын көрип шығыў ҳәм лотерея өткериў шәртлерин тастыйықлаў ушын өндирилетуғын жыйым;

Агентлик тәрепинен белгиленген тәртипте өндирилетуғын басқа да жыйымлар;

Агентлик тәрепинен хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм олардың лаўазымлы шахсларынан баҳалы қағазлар базары және лотереяларды шөлкемлестириў жумысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын өндирилетуғын жәриймалардан келип түскен қаржылар;

Қордың қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынған дәраматлар;

халықаралық шөлкемлер ҳәм институтлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың грант қаржылары ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Қордың қаржылары:

Агентликтиң ағымдағы қәрежетлерин қаржыландырыўға;

хызметкерлерди материаллық хошеметлеў ҳәм социаллық тәмийинлеў, сондай-ақ, турақ жай алыўын жеңилликли қаржыландырыўға;

Агентлик басшыларын ҳәм қәнигелерин оқытыў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўға;

тартылатуғын сырт ел қәнигелериниң жумысына, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлерине ҳақы төлеў илажларын әмелге асырыўға жумсалатуғыны белгиленсин.

  1. Агентлик:

а) Олий суд, Бас прокуратура ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем нызам ҳүжжетлерине баҳалы қағазлар базары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны, сондай-ақ, Агентликтиң көрсетпелерин орынламағаны ушын юридикалық шахсларға байланыслы жәриймалар қолланыў ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усынысларды таярласын ҳәм Өзбекстан Республикаасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) 2019-жыл 20-декабрьге шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте халықаралық финанс институтлары ҳәм экспертлер менен ҳәр тәреплеме додаланып, алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында ислеп шығылған және төмендегилерди нәзерде тутатуғын Капитал базарын раўажландырыў стратегиясын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин:

халықтың, исбилерменлердиң ҳәм экономиканың инвестициялық талапларын максимал дәрежеде қанаатландырыў мақсетинде қаржы базарының үйлесимли жумысы ҳәм оның барлық сегментлери раўажланыўын тәмийинлеў;

капитал базарының барлық, соның ишинде, сырт ел қатнасыўшылары ушын теңдей шараят ҳәм исбилерменлик жумысы еркинлигин жаратыў, сол тийкарда саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў;

халықаралық финанс базарлары менен жедел интеграцияласыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланыў ҳәм сырт елде табыслы сынақтан өткен алдынғы қатнаслардан пайдаланыў арқалы барлық категориядағы инвесторлар ушын капитал базарының қолайлылығын арттырыў;

алдынғы халықаралық әмелиятты енгизиў, артықша тосқынлықлар, шеклеўлер ҳәм тараўдың ҳәдден тысқары тәртипке салынғанлығын сапластырыў арқалы фонд базарында раўажланыў мақсетлерине бағдарланған инвестицияларды жедел қаржыландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў;

инвесторлар ушын тартымлы механизмлерди енгизиў есабынан капитал базарының капиталласыўын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, банк тәрепинен кредитлеўдиң нәтийжели альтернатив механизмин жаратыў;

тийисли халықаралық өлшемлерди ҳәм тәжирийбелерди енгизген ҳалда, капитал базарын тәртипке салыўдың бир пүтинлигин, системалы тәўекелшиликлердиң алдын алыўды тәмийинлейтуғын зәрүр нызамшылық базасын ислеп шығыў;

экономикалық сиясат мақсетлери ҳәм санаатты теңдей (эквивалентли) раўажландырыў зәрүрлиги менен байланыслы ҳалда капитал базарын жақсылаў бойынша илажлардың тәртипли муўапықластырылыўын тәмийинлеў;

сырт ел финанс базарларында бәсекиликти арттырыў ушын пайдаланылатуғын тийкарланған жеңилликлер менен преференцияларды бериў арқалы капитал базарында инвестициялық ҳәм исбилерменлик жумысын ҳәр тәреплеме хошаметлеў және кеңейтиў;

капитал базарын заман талапларына сай кадрлар менен тәмийинлеўдиң турақлы системасын раўажландырыў, перспективалы, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин тартыў ушын тартымлы шараятларды жаратыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери шеңберинде усы қарарды 2019-жылда әмелге асырыў бойынша Агентлик қәрежетлери ушын қаржылар ажыратсын ҳәм 2020-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жыл ушын тастыйықланған қәрежетлер параметрлерине усы қарар талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизсин;

Агентликке хызмет автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм 4 хызмет, соның ишинде, 3 жеке бириктирилген хызмет жеңил автомобильлерин сақлаўға лимит белгилесин;

Агентликтиң тийкарланған есап-санақларына тийкарланып материаллық-техникалық базаны қәлиплестириў мақсетинде зәрүрли үскенелер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын сатып алыў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликти телефон байланысы, соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы және оның аймақлық уйымлары қайта шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен мәмлекетлик бажылар ҳәм басқа түрдеги жыйымларды өндирмеген ҳалда тийислилиги бойынша;

Агентлик ҳәм оның аймақлық уйымлары қарамағына өтетуғын автотранспорт қуралларын ишки ислер уйымларында қайта дизимнен өткериўди;

көшпес мүлк ҳәм басқа да мүлк ҳуқықларын тийислисинше Агентлик ҳәм оның аймақлық уйымларына қайта рәсмийлестириўди тәмийинлесин.

  1. Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармаларына жүкленген ўәкилликлерге муўапық судларға көрип шығыўы ушын киргизилетуғын даўалар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилсин.
  2. Агентлик Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшы хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында өтиниш киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.
  3. Агентлик Ташкент қаласы, Мустақиллик проспекти, 107-жай мәнзилине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте Агентликтиң аймақлық басқармаларын олардың ҳәзирги жайласыўы бойынша имаратларға жайластырыўды тәмийинлесин.

  1. Агентлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги ҳаққындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң бюджеттен тысқары Капитал базарын раўажландырыўға жәрдемлесиў қорының қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарары жойбарын киргизсин;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң усы қарарға муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 24-январь