Бизиң әтирапымызда өсип атырған дәрилик ҳәм пайдалы өсимликлер көп, лекин биз олардың жанынан оларыдң қандай қәсийетлерге ийе екенлигин аңламастан, итибарсыз өтип кетемиз. Дәрилик өсимликлер тоғайларда да ҳәўли-шарбақларыңызда да өседи.

Усындай дәрилик өсимликлердиң бири – ырғыштек (илимий атамасы «боярышник кроваво-красный»). Бул өсимлик жүдә аз аймақта тарқалған. Оны көбирек республикамыздың арқа районларында, атап айтқанда Кегейли районында ушыратыў мүмкин. Көринисинен шийеге уқсас мийўелериниң дәми таўларда писиўши долананы еслетеди.

Ырғыштек жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм орайлық нерв системасы кеселликлерине ем бола алатуғыны менен пайдалы және әҳмийетли. Неге дегенде, бул кеселликлер республикамыздың халқы арасында ең көп ушырасатуғынлары деп тән алынбақта (сондай-ақ, аллергиялық кеселликлер).

Оның усындай пайдалылығына ҳәм саяманлығына қарамай, халқымыз арасында оны көбейтиўди, ҳәўлилерге егиўди қәлеўшилер саны аз. Сондай-ақ, ырғыштек фармацевтика санааты ушын қымбат баҳалы шийки зат болыўына қарамастан, оннан дәри ислеп шығарыў жолға қойылмай атыр.

Ҳәзирде республикамызда суўыққа шыдамлы бул өсимликти мәденийлестириў бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Әҳмийетлиси, оны жетистириў ушын суўғарылатуғын жер майданлары талап етилмейди, соның менен бирге, агротехникасы да қурамалы емес. Бирақ, өсимлик химиялық шығындылардан узақ, экологиялық таза аймақларда жетистирилиўи керек.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.