Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Республикамызда жоқары технологиялы фармацевтика кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға инвестицияларды, бәринен бурын Ҳиндистан Республикасынан тиккелей инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, ишки базарды өзимизде, соның ишинде, жергиликли дәрилик өсимликлер шийки затын терең қайта ислеў тийкарында ислеп шығарылған жоқары сапалы дәри қураллары менен толықтырыў, сондай-ақ, Әндижан ўәлаятының өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан комплексли және нәтийжели пайдаланыў тийкарында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм республикамыз халқының дәраматларын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, қаржы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң Әндижан ўәлаяты Әндижан районында «Әндижан-фарм» еркин экономикалық зонасын (кейинги орынларда – «Әндижан-фарм» ЕЭЗ) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
- Төмендегилер «Әндижан-фарм» ЕЭЗның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
жоқары қосымша қунлы, соның ишинде, «in-bulk» тәризинде фармацевтика өнимлерин ҳәм дәри қуралларын ислеп шығаратуғын заманагөй кәрханаларды шөлкемлестириў ушын, бәринен бурын, Ҳиндистан Республикасы жетекши компанияларының тиккелей инвестицияларын ҳәм алдыңғы технологияларын тартыў;
дәрилик өсимликлер шийки затын қайта ислеў ҳәм таяр дәри қураллары, медицина буйымлары, медициналық техникалар, жәрдемши және қадақлаў материалларын ислеп шығарыў бойынша жаңа заманагөй өндирислер менен қуўатлылықларды шөлкемлестириў;
дәрилик өсимликлер шийки затын өзине тән тәбийғый шараятларда жетистириў ҳәм кейин ала қайта ислеў бағдарында Әндижан ўәлаятының өндирислик ҳәм ресурс потенциалынан комплексли және нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;
еркин экономикалық зоналар шөлкемлери және республикамыздың басқа да кәрханалары арасында беккем кооперациялық байланысларды орнатыў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў арқалы жергиликли дәрилик өсимликлер шийки заты ҳәм материаллары тийкарында фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаў процесслерин тереңлестириў;
«Әндижан-фарм» ЕЭЗ аймағында инженерлик-коммуникация, жол-транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны жедел раўажландырыў, сондай-ақ, оның аймағында сапалы логистика хызметин көрсетиў бойынша заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў;
«Әндижан-фарм» ЕЭЗның тараў кадрларына болған ҳәзирги күндеги ҳәм келешектеги зәрүрликлеринен келип шығып, жоқары қәнигели кадрларды, соның ишинде, олардың «Әндижан-фарм» ЕЭЗ аймағында жайласқан кәрханаларда өндирислик әмелиятын өтеўин шөлкемлестириў арқалы таярлаўға қатнасыў.
- «Әндижан-фарм» ЕЭЗның ис жүргизиў мүддети 30 жылды қурайтуғыны ҳәм бул мүддет кейин ала создырылыўы мүмкин екени;
«Әндижан-фарм» ЕЭЗ ис жүргизетуғын мүддет даўамында оның аймағында өз алдына салық ҳәм бажыхана тәртиплери әмел ететуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
«Әндижан-фарм» ЕЭЗ қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Еркин экономикалық зоналардың жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 21-декбарьдеги ПП-5600-санлы Пәрманы талапларын есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Еркин экономикалық зоналардың жумысын жеделлестириўге ҳәм кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2016-жыл 26-октябрьдеги ПП-4853-санлы Пәрманының 3-, 4- ҳәм 5-бәнтлери қағыйдалары;
«Әндижан-фарм» ЕЭЗ дирекциясына Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Үргит», «Ғиждуван», «Қоқанд» ҳәм «Ҳазарасп» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 2017-жыл 12-январьдағы ПП-4931-санлы Пәрманының 8-бәнти қағыйдалары енгизилсин.
- Әндижан ўәлаяты еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары админстративлик кеңеси Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Жер ресруслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте еки ай мүддетте «Әндижан-фарм» ЕЭЗға киретуғын аймақлардың шегараларын белгилеўди ҳәм «Әндижан-фарм» ЕЭЗ дирекциясының жумысын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- «Әндижан-фарм» ЕЭЗ дирекциясының функциялары Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети және Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң усынысларын есапқа алған ҳалда Әндижан ўәлаяты еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары админстративлик кеңесиниң қарарына тийкарланып еркин экономикалық зоналарды раўажландырыў ҳәм басқарыў тәжирийбесине ийе болған сырт ел компанияларына, биринши гезекте, ҳинд компанияларына берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Ташкент фармацевтика институты менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине Әндижан ўәлаятының топырақ-ықлым шараятларынан келип шыққан ҳалда санаат плантацияларын шөлкемлестириў ушын дәрилик өсимлик түрлериниң дизимин, сондай-ақ, жергиликли дәрилик өсимликлер шийки затынан пайдаланған ҳалда дәрилик затлар (субстанциялар) ҳәм дәри қуралларын ислеп шығарыў тараўындағы жаңа илимий-изертлеўлердиң нәтийжелерин системалы түрде усынып барсын.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ «Әндижан-фрам» ЕЭЗ аймағын, оның қатнасыўшыларын сыртқы инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен кепилликли тәмийинлесин.
- Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Қурылыс министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен биргеликте үш ай мүддетте белгиленген тәртипте ислеп шығылған ҳәм тастыйықланған «Әндижан-фарм» ЕЭЗның бас режесине тийкарланып «Әндижан-фарм» ЕЭЗ аймағында инженерлик-коммуникация ҳәм өндирислик инфраструктураны жедел раўажландырыў бағдарламасының жойбарын тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте ҳәр жылы келеси жылға Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириўде «Әндижан-фарм» ЕЭЗның белгиленген тәртипте ислеп шығылған ҳәм тастыйықланған бас режеси тийкарында «Әндижан-фарм» ЕЭЗның транспорт, өндирислик ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ушын капитал қойылмалардың лимитлерин және зәрүр орайластырылған инвестициялар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- «Әндижан-фарм» ЕЭЗның бас режесин ислеп шығыў бойынша төмендегилер:
Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» ИК» МУК – буйыртпашы етип;
таңлаў тийкарында анықланған жойбарлаў шөлкеми – бас жойбарлаў шөлкеми етип;
Әндижан ўәлаятының жергиликли бюджет қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер – қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Әндижан-фарм» ЕЭЗға, бәринен бурын, Ҳиндистан Республикасынан тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм алдыңғы технологияларды тартыў бойынша «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин және 2019-жылдың биринши шерегинде «Әндижан-фарм» ЕЭЗ ҳаққында Ҳиндистан Республикасы ҳәм ҳәм сырт еллерде таныстырыў өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң буйыртпаларына муўапық «Әндижан-фарм» ЕЭЗда жайласатуғын кәрханалардың инвестициялық хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына кириў, соның ишинде, көп мәртелик визаларды консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмей белгиленген тәртипте рәсмийлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги буйыртпаларына муўапық «Әндижан-фарм» ЕЭЗдағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға тартылатуғын сырт елли қәнигелерге белгиленген тәртипте көп мәртелик визаларды бериў ҳәм мүддетин создырыў және ўақтынша жасаў орны бойынша пропискаға қойыў ҳәм мүддетин создырыў мәмлекетлик бажы өндирилмей әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги буйыртпаларына муўапық республикаға (Өзбекстан Республикасы пуқаралары арасында жоқ болған) жумысшы күшин тартыўға рухсат берилиўи (создырылыўы)н, бул пуқараларға Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиўди алып барыў ҳуқықының белгиленген тәртипте берилиўи (создырылыўы)н тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 14-январь