Tashkent City янгиланаётган Тошкентнинг замонавий маркази бўлади

Президентимиз Шавкат Мирзиёев дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумысларының барысы, перспективалы жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 28-октябрь күни Ташкент қаласының районларында болды.

Мәмлекетимиз басшысы Tashkent City халықаралық бизнес орайының жойбары менен танысты.

Бул заманагөй комплекс пайтахтымыздың Әлийшер Наўайы, Алмазар, Ислам Кәримов ҳәм Фурқат көшелериниң аралығында 80 гектар аймақта қурылады. Жойбарға муўапық Tashkent Cityде бизнес орайлар, саўда комплекслери, мийманханалар, офислер, конгресс-холл, көргизбе заллары, көп қабатлы заманагөй турақ жайлар, ресторанлар, жасалма көллер, фонтанлар ҳәм басқа да объектлер қурылады.

Бул бойынша 2017-жыл 28-июль күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ташкент қаласының орайлық бөлегин абаданластырыў ҳәм архитектуралық келбетин буннан былай да жақсылаў және халқымыз ҳәм пайтахт мийманлары ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген. Усы ҳүжжет тийкарында Министрлер Кабинети жанында Tashkent City халықаралық бизнес орайы аймағындағы объектлерди қурыў ҳәм эксплуатациялаў бойынша дирекция дүзилген.

Ҳәзирги күнде аймақты қурылысқа таярлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Орайды жойбарластырыўға ҳәм қурыўға елимиздиң ҳәм шет мәмлекетлердиң жетекши жойбарлаў институтлары, қурылыс компаниялары тартылмақта. Шет ел инвесторлары усы заманагөй жойбарды әмелге асырыўға қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдирмекте.

Президентимиз қурылыс участкасында усы заманагөй орайдың жойбарлары ҳәм режелери менен танысты. Буйыртпашылар менен қурылысшылардың алдында турған ўазыйпаларды, шөлкемлестириўшилик ҳәм қаржы мәселелерин додалады. Жойбарларды жетилистириў, қурылысты тезлетиў бойынша тапсырмалар берилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының Киши айланба жолы менен Ферғана жолының кесилискен жеринде қурылған жол өткелин барып көрди.

Бурын пайтахтымыздың орайынан Ферғана жолына шығыў ямаса керисинше бул жолдан орайға келиў ушын транспорт қураллары бир неше километр зыят жол жүриўге мәжбүр болатуғын еди. Мәмлекетимиз басшысы 25-март күни усы жерде болып, жол өткелин реконструкциялаў ҳәм оның бир бөлегин жаңадан қурыў бойынша тапсырмалар берген еди. Жақында усы көпирдиң пайдаланыўға тапсырылғаны автотранспорт айдаўшыларына үлкен қолайлық жаратты, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинледи.

Жол өткелиниң ени 30, узынлығы 346 метр бөлеги реконструкцияланды. Ени 22, узынлығы 281 метр бөлеги жаңадан қурылды. Еки тәрепинде пиядалар ушын жоллар қурылды.

Президентимиз усы жол өткели адамларға қаншелли унағаны, транспорт ҳәрекети менен оның қәўипсизлигине қандай тәсир еткени менен қызықсынды. Усындай көпирлерди пайтахтымыздың басқа да орынларында қурыў, онда бәринен бурын, қәўипсизлик талапларына қатаң әмел етиў зәрүрлигин атап өтти. Көпирдиң әтирапын абаданластырыў, пайтахтымыздың келбетине сай заманагөй имаратлар қурыў бойынша көрсетпелер берди. Ташкент автомобиль жолларын жойбарластырыў, қурыў ҳәм пайдаланыў институтында көпир қурылысы бойынша кадрлар таярлаў мәселесине итибар қаратылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл 19-20-май күнлери Түркменстанға сапар етиўи даўамында Ташкентте Мақтумқулы атындағы көше ҳәм уллы түркмен шайырына бағышланған архитектуралық естеликтиң ашылғанын, Ашхабад бағын шөлкемлестириў бойынша жумыслардың әмелге асырылып атырғанын атап өткен еди.

Мәмлекетимиз басшысы Яшнабад районында қурып питкерилген «Ашхабад сейил етиў орны»нда болды.

Шавкат Мирзиёев аймақларға сапар етиўи ўақтында қалаларымыз бенен аўылларымызда жасыл аймақлардың майданын кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтип, инсанның денсаўлығы ҳәм қоршаған орталық ушын пайдалы болған тереклер менен путалардың түрин көбейтиў бойынша көрсетпелер берген еди. Бундай бағлар бүгин елимиздиң барлық аймақларында заманагөй архитектуралық талаплар тийкарында қурылып, барлары реконструкцияланбақта.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында быйылғы жылы адамлардың кеўилли дем алыўына көмеклесиў, аймақларымызды буннан былай да абаданластырыў  мақсетинде жүз мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағын, мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайларын капитал реконструкциялаў, үскенелеў бойынша ўазыйпалар белгиленген.

Түркменстанның архитектуралық дәстүрлери тийкарында қурылған сейил етиў орнының улыўма майданы 10 гектардан аслам болып, бул жерде сегиз фонтан қурылып, оларға символикалық атамалар берилди. Бағдағы сулыў көринисли тереклер, заманагөй орынлықлар менен басқа да қолайлықлар адамның кейпиятын көтерип, қоршаған орталыққа гөззаллық таратады.

Бул шырайлы орында адамлардың бос ўақытларын кеўилдегидей өткериўи, сейил етип, мәдений дем алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў керек, деди Шавкат Мирзиёев. Комплекстиң қурамында еки қабатлы саўда дүканлары, улыўмалық аўқатланыў шақапшалары, заманагөй хызмет көрсетиў системасы жаратылыўы зәрүр.

Сейил етиў орнында ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў, ушырасыўлар өткериў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз сейил етиў орнын ҳәм оған тутасқан аймақларды буннан былай да абаданластырыў бойынша тапсырмалар берди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен транспорт-коммуникация саласын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, жолаўшыларға заманагөй транспорт хызметин көрсетиўди кеңейтиў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Халықтың талаплары менен мүтәжликлери, пайтахтымыздың келешектеги раўажланыўы инабатқа алынып, Ташкент қаласында жер үсти айланба метро линиясын қурыў бойынша жумыслардың басланғаны бул бағдардағы реформалардың избе-из даўамы болып табылады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы қурылыс пенен танысты.

Метрополитен ең қолайлы, қәўипсиз, исенимли, экологиялық таза транспорт қуралы болып, күнделикли турмысымыздан беккем орын ийелеген. Талқылаўларға бола, Ташкент қаласында ҳәр күни 1800-2000 адам метрополитен хызметинен пайдаланады. Ҳәзирги ўақытта Сергели районында жер үсти метро жөнелиси қурылмақта. Жаңа айланба метро жөнелисиниң қурылыўы болса пайтахтымыз халқын ҳәм мийманларды қаланың ҳәр қыйлы районларына тез, қәўипсиз жеткериў имканиятын береди. Автомобильлердиң тығызлығы азаяды.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыс процеси менен танысып, заманагөй жер үсти метро жөнелиси бүгинги күнниң талабы екенин атап өтти.

Улыўма узынлығы 52,1 километрден ибарат усы метро жөнелисиниң 50,5 километри бийиклиги 6 метрлик эстакадалар арқалы өткериледи, 1,6 километри жер үстинде қурылады.

2017-2021-жылларға мөлшерленген жойбар бес басқышта әмелге асырылады. Дәслепки басқышта Ташкент метрополитениниң «Дўстлик» бәндиргисинен Қўйлиқ базарына шекемги бөлеги қурылады. Узынлығы 11 километр болған бул бөлимде сегиз бәндиргиниң қурылыўы нәзерде тутылмақта.

Екинши басқыш Қўйлиқ базары менен Чиланзар линиясының «Алмазар» бәндиргисин өз-ара байланыстырады. Үшинши басқышта «Алмазар»дан «Беруний» бәндиргисине шекемги бөлеги қурылады. Кейинги басқышта объект «Беруний»ден «Бодомзор» бәндиргисине шекем қурылады, соңғы басқышта «Дўстлик» бәндиргисине жалғасады. Халықаралық метро жолы бойлап жәми отыз бес бәндирги,  жүзге шамалас эскалатор, үш вагон депосының қурылыўы режелестирилген. Қурылыс процесинде ҳәрекет жөнелисин бирде-бир объектке, әсиресе, халықтың турақ жайларына зыян келтирместен өткериў есапқа алынған болып, усы дөретиўшилик жумысларда халық мәплери ҳәр тәреплеме инабатқа алынғанынан дәрек береди.

Сондай-ақ, эстакадалар ушын монолит усылда бетон үстинлер қойыў жумыслары әмелге асырылмақта. Пүткил айланба жөнелисинде 2 мыңнан аслам, әне, усындай үстинлер қурылады.

Қурылыс жумыслары «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы «Көпир қурылысы трести» унитар кәрханасының қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылмақта.

Ҳәр тәреплеме қолайлы, арзан ҳәм қәўипсиз болған бул транспорт тармағының қурылыўы пайтахтымыз ушын үлкен экономикалық-социаллық әҳмийетке ийе, деди Шавкат Мирзиёев. Ташкент қаласында транспортқа болған талапты тәмийинлеў, бул мәселеге нәтийжели шешим табыў турақлы итибардағы мәселелерден болып табылады. Бул жойбарды әмелге асырыўда халық ушын қолайлы болатуғын шешимлерге сүйенилди. Нәтийжеде метроның басқа да жөнелислери менен ақылға уғрас байланыстырыў арқалы қала транспорты жүклемесин жеңиллестириўге алып келетуғын усы жойбар таңлап алынды.

Президентимиз халыққа қолайлылық жаратыў мақсетинде жаңа заманагөй транспорт линиясын 2020-жылы толық пайдаланыўға тапсырыў бойынша жуўапкер адамларға зәрүр тапсырмалар берди.

Мәмлекетимиз басшысы Яшнабад районындағы «Ватандош» мәҳәлле пуқаралар жыйынында тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары, Ташкент қаласы районларының ҳәкимлери ҳәм белсендилери менен ушырасты. Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда коммунал, жол-транспорт, билимлендириў, медицина, илим-техника салаларында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм шешимин күтип атырған әҳмийетли мәселелер туўралы сөз болды.

Шавкат Мирзиёев усы мәҳәлледеги аўыл хожалығы өнимлери дүканында да болды ҳәм халықтың талаплары ушын зәрүр өнимлердиң түри және баҳасы менен қызықсынды.

ӨзА