Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Елимизде экономикалық өсимди тәмийинлеў, бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, экономиканы модернизацяилаў ҳәм диверсификациялаў процесслерин тереңлестириў, инвестицияларды, бәринен бурын экономиканың базалық ҳәм структуралық тийкарын қурайтуғын тараўларға тартыў ушын қолай шараятлар жаратыўға қаратылған кең көлемли өзгерислер әмелге асырылмақта.
Бунда, экономикада мәмлекеттиң қатнасын және де қысқартыў, фонд базарын раўажландырыў ҳәм саламат бәсеки орталығын жаратыў белсенди инвестициялық сиясатты алып барыў, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумыстың барлық тараўларын жедел ҳәм турақлы раўажландырыў ушын тийкар есапланады.
Соның менен бирге, бир мәмлекет уйымы шеңберинде мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы және баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў функцияларының жыйналыўы системалы машқалалардың топланыўына алып келди, соның ишинде:
бириншиден, устав капиталында мәмлекеттиң үлеси болған кәрханалардың (кейинги орынларда – мәмлекет қатнасындағы кәрханалар) күнделикли хожалық жумысына мәмлекетлик уйымлар араласыўының жоқары дәрежеде екени, базар тенденцияларына сәйкеслесиў ҳәм сезиўшеңликтиң жоқлығы, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың салық ҳәм бажыхана, соның ишинде, жеке тәртиптеги өзгешеликке ийе болған жеңилликлерге ҳәдден тыс байланыслылығы;
екиншиден, стратегиялық режелестириў, қәўип-қәтерлерди таллаў ҳәм басқарыў системасының жоқлығы, соның ишинде, өндиристиң төмен техникалық дәрежеси, көплеген қәнигелесиўге кирмейтуғын активлердиң бар екени, қаржы ресурсларының өндириске байланыслы болмаған мақсетлерге қаратылыўы себепли мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың инвестициялық тартымлылығының төмен екени;
үшиншиден, мәмлекетлик активлерди есапқа алыўдың тәртипли системасы жоқлығы, меншиклестириў процесслерин басқарыў нәтийжелилигиниң төменлиги, жумыс ислемей атырған кәрханалар ҳәм бос турған объектлердиң өндирис жумысын тиклеў ушын институционал потенциалындың күшсизлиги;
төртиншиден, монополияға қарсы нызам ҳүжжетлериниң бузылыў жағдайлары бойынша өз ўақтында ҳәм нәтийжели тексериўлер өткериў ушын ўәкилликли уйымда ҳуқықлар ҳәм институционал потенциалдың жеткиликли емеслиги;
бесиншиден, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң халықаралық стандартларға ҳәм бүгинги күн талапларына жуўап бермейтуғыны, нызам ҳүжжетлериниң бәсекиге тәсирин баҳалаў системасының жоқ екени және товар ҳәм қаржы базарларын таллаўдың ески усыллары;
алтыншыдан, хожалық жүргизиўши субъектлерде монополияға қарсы нызам ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыўға байланыслы корпоратив стандартларды (монополияға қарсы комплаенс) енгизиў бойынша системалы жумыслардың, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў, бәсеки ҳуқықы ҳәм сиясат, сондай-ақ, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында кадрлар таярлаўдың турақлы системасының жоқлығы;
жетиншиден, елимиз капитал базарының ҳәзирги жағдайы экономиканың реал секторына узақ мүддетли ҳәм тиккелей, соның ишинде, сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша бар имканият ҳәм потенциалдан пайдаланыўға мүмкиншилик бермей атыр, гөзленген реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм республиканы жеделлик пенен инновациялық раўажландырыўға тосқынлық етпекте.
Институицонал ҳәм структуралық реформаларды жеделлик пенен әмелге асырыў, мәмлекетлик активлерди басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў, капитал базарының исенимли ислеў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Административлик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бәсеки комитети), Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы және Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў орайы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик активлерди басқарыў орайы) негизинде:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигин (кейинги орынларда – Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги) шөлкемлестириў ҳәм оған сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў орайының штат бирлиги, сондай-ақ, мәмлекеттиң, соның ишинде, сырт елдеги активлерди басқарыў, меншиклестириў илажларын әмелге асырыў (атап айтқанда, мәмлекетлик үлеслерди сатыў), мәмлекетлик мүлклерди ижараға бериў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларға корпоративлик басқарыўды енгизиў, мәмлекет қатнасыўындағы экономикалық төмен кәрханаларды қаржылай беккемлеў, банкротлық, баҳалаў жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды тәмийинлеў, мүлкти баҳалаў стандартларын тастыйықлаў ҳәм риэлторларды сертификатлаў бойынша ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлерди өткериў;
Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетин (кейини орынларда – Монополияға қарсы гүресиў комитети) шөлкемлестириў ҳәм оған сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комитетиниң штат бирлиги, сондай-ақ, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў, бәсеки орталығын раўажландырыў, тәбийғый монополия субъектлери жумысы үстинен қадағалаў, товар шийки зат биржасын лицензиялаў бойынша ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлерди өткериў;
Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлигин (кейинги орынларда – Капитал базарын раўажландырыў агентлиги) шөлкемлестириў ҳәм оған сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комитети ҳәм Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайының штат бирлиги, сондай-ақ, баҳалы қағазлар базарын, соның ишинде, баҳалы қағазлар саўдасының шөлкемлестириўшилери ҳәм Баҳалы қағазлар орайлық депозитариясын тәртипке салыў, сондай-ақ, корпоративлик басқарыўды раўажландырыў және Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң лотереяларын шөлкемлестириў жумысы бойынша ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлерин бериў;
б) Өзбекстан Республикасы Саўда санаат палатасының алып барыўына исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў республикалық орайын бериў;
в) сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комитетиниң төмендеги:
бос турған ҳәм қурылысы жуўмақланбаған объектлерди хатлаўдан өткериў ҳәм анықлаў және олардың өндирис жумысының нәтийжелилигин арттырыў функциясын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Жер ресурслары, геодезия. картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитетине;
пайдаланылмай турған объектлерден нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, бос турған ҳәм қурылысы жуўмақланбаған объектлердиң өндирислик жумысын тиклеўге қаратылған инвестициялық жойбарлары («Жол карталарын») ислеп шығыў бойынша уйымлараралық комиссиялардың жумысшы уйымы сыпатындағы функциясын Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Төмендегилер мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
а) мәмлекетлик активлерди басқарыў, мәмлекет қатнасындағы экономикалық жақтан төмен кәрханаларды қаржы жағынан жақсылаў тараўында:
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың устав капиталындағы мәмлекеттиң үлесин басқарыўдың базар механизмлерин ислеп шығыў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханаларда заманагөй корпоративлик басқарыў усылларын енгизиў, бул кәрханалардың жумыс нәтийжелилиги ушын олардың басқарыў уйымларының жуўапкершилигин арттырыў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды меншиклестириўден бурын таярлаўдың, соның ишинде, олардың тартымлылығын ҳәм оларды басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыўды нәзерде тутатуғын нәтийжели механизмлерди енгизиў бойынша сырт еллер, халықаралық институтлар ҳәм компаниялар менен нәтийжели ислесиўди шөлкемлестириў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың устав капиталындағы мәмлекетлик үлеслерди басқышпа-басқыш қысқартыў, нәтийжели ҳәм ашық-айдын меншиклестириўди тәмийинлеў;
мәмлекет қатнасындағы экономикалық жақтан төмен кәрханаларды қаржылай беккемлеў, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырыўға қатнасыў;
б) бәсекиликти раўажландырыў ҳәм монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў тараўында:
базардың барлық қатнасыўшыларына товарлар (жумыслар, хызметлер) ушын теңдей имканиятлар бериў, рухсат бериўдиң тәптип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң есабынан оларға теңдей шараятлар ҳәм хожалық жумысы еркинлиги берилиўин тәмийинлеў;
ислеп шығарылатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың сапасын арттырыў, баҳалардың тийкарсыз артып кетиўин шеклеў ҳәм сол жол менен ишки талапты жоқары дәрежеде қанаатландырыўды тәмийинлеў ушын шараят жаратыў;
товар ҳәм қаржы базарларында жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң устав капиталындағы (фондындағы) мәмлекеттиң қатнасын азайтыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
в) капитал базарын раўажландырыў тараўында:
капитал базарды раўажландырыўдың бир тутас стратегиясын қәлиплестириў, бул тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
капитал базардың нәтийжели инфрастурктурасы пайда болыўына көмеклесиў;
екилемши баҳалы қағазлар базарын жедел раўажландырыў ҳәм оның көлемин кеңейтиў, корпоративлик басқарыў системасын жетилистириў;
корпоративлик басқарыў ҳәм капитал базарды тәртипке салыў тараўында халықаралық байланысларды раўажландырыў.
- Төмендегилер белгиленсин:
мәмлекетлик активлерди нәтийжели басқарыў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў;
өзине берилген мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың устав капиталындағы мәмлекетлик акциялар пакетлери (үлеслери) бойынша акционер (шөлкемлестириўши ҳәм қатнасыўшы) ҳуқықларын әмелге асырыў;
алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында мәмлекет қатнасындағы кәрханаларда заманагөй корпоративлик басқарыў түрлери менен усылларын енгизиў, оларды басқарыўда бақлаў кеңеси ҳәм акционерлердиң ролин түп-тийкарынан арттырыў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды, соның ишинде, халықаралық финанс институтларының усыныслары тийкарында басқышпа-басқыш ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекилесе алатуғын, нәтийжели кәрханаларға айландырыўға көмеклесиў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалар жумысының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеў, басқарыў структурасын оптималластырыў, жоқары дәраматлылық ҳәм капитализацияны арттырыў, тараўға кирмейтуғын ҳәм пайдаланылмай атырған активлерди шығарып таслаўға қаратылған раўажландырыў стратегияларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўды муўапықластырыў;
мәмлекетлик мәплерди тәмийинлеген ҳалда, соның ишинде, мәмлекетлик акция пакетлерин (үлеслерин) исенимли басқарыўға бериў арқалы инвестициялық жумысты әмелге асырыў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың облигация ҳәм акцияларын шығарыў ҳәм реализациялаў, соның ишинде, жергиликли ҳәм сырт ел фонд биржаларында IPO/SPO бойынша эмиссияларды жайластырыўдың есабынан, соның ишинде, сырт елден тиккелей, сондай-ақ, портфель инвестицияларды тартыў;
мәмлекетлик активлерди реализациялаў (меншиклестириў) ҳәм ижараға бериўдиң ашық-айдын механизмин тәмийинлеў, инвесторлар тәрепинен қабыл етилген инвестиция ҳәм миннетлемелердиң орынланыўы үстинен мониторинг етиў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша усынысларды таярлаўға қатнасыў;
Таллаў тийкарында мәмлекет қатнасындағы жумыс ислемей, төмен рентабельли ҳәм зыян көрип ислеп атырған кәрханаларды анықлаў, оларды қаржылай беккемлеў және жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарламларын ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўға қатнасыў;
банкротлық иси бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги менен биргеликте мәмлекет қатнасындағы кәрханаларда нәтийжели дивидент сиясатын әмелге асырыў;
баҳалаў жумысының мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўын тәмийинлеў, мал-мүлкти баҳалаў стандартларын тастыйықлаў, сондай-ақ, риэлтрларды сертификатластырыў;
б) Монополияға қары гүресиў комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип:
товар ҳәм қаржы базарларында бәсеки орталығын тәмийинлеў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
товар ҳәм қаржы базарларында бәсеки орталығының жағдайын системалы таллаў, хожалық жүргизиўши субъектлердиң басқарыўшы лаўазымынан өз мәпине пайдаланыў, «картель» келисимлери ҳәм тил бириктириў, ҳадал емес бәсекиликти анықлаў ҳәм алдын алыў;
саўдалар, экономикалық концентарция ҳәм мәмлекет жәрдемин монополияға қарсы тәризде тәртипке салыў;
базар қатнасыўшылары, соның ишинде, тәбийғый монополия субъектлерине жоқары ликвидли товарлардан (жумыслар, хызметлер) пайдаланыўда теңдей шараятларды тәмийинлеў;
нызам ҳүжжетлериниң бәсекиге тәсирин баҳалаў, мәмлекетлик уйымлардың бәсекини шеклейтуғын қарарлар қабыл етиўине ҳәм бундай ҳәрекетлерди әмелге асырыўына жол қоймаў;
в) Капитал базарды раўажландырыў агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалыр етип:
баҳалы қағазлар базарын қәлиплестириў, раўажландырыў, тәртипке салыў ҳәм корпоратив басқарыў тараўында бирден бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
баҳалы қағазлар әмелияты менен шуғылланатуғын инвесторлар және баҳалы қағазлар ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеў;
баҳалы қағазлар базары, акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин қадағалаў;
жергиликли капитал базарының раўажланыў жағдайы ҳәм оның профессионал қатнасыўшылары ҳаққында инвесторлар ҳәм жәмийетшиликти хабардар етиў;
инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын зәрүр ресурсларды тартыў имканиятын беретуғын жаңа финанс қуралларының түрлерин енгизиўге жәрдемлесиў;
фонд биржаларының, баҳалы қағазлар базарындағы профессионал қатнасыўшылардың жумысын лицензиялаў;
капитал базарды раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў мәселелери бойынша сырт ел ҳәм халықаралық институтлар менен нәтийжели бирге ислесиў.
- Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Мегшиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў қоры тийкарында Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған бюджеттен тысқары Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформация ҳәм меншиклестириў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
Сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсеки комиитетиниң бюджеттен тыс қоры ҳәм Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў қорындағы қаржылар Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң бюджеттен тысқары қорлары арасында теңдей бөлистириледи.
- Қор қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
мәмлекетлик мүлк ижарасынан түсетуғын қаржылар, ижара төлемин төлеў кешиктирилгени ушын пеня ҳәм шәртнама миннетлемелери бузылғаны ушын жәриймалар суммасы;
кәрханаларды, хожалық жәмийетлериниң устав фондларындағы акциялар (үлеслер)ди, жер участкаларына болған ҳуқықты ҳәм мәмлекетлик мүлк есапланатуғын басқа да мүлклерди (кейинги орынларда – мәмлекетлик активлер) сатыўдан түскен қаржылар;
Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Мегшиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў қоры қаржыларының есабынан бурын берилген қарызлар бойынша қарыздарлар тәрепинен тийкарғы сумма ҳәм олар бойынша есапланған процентлер тәризинде қайтарылған түсимлер;
дүзилген ҳәм бийкар етилген мәмлекетлик активлер алды-сатты шәртнамалары (келисимлери) берилген қарызлар бойынша түскен пенялар ҳәм жәриймалар;
хожалық жәмийетлери нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте сапластырылғандағы мәмлекеттиң үлеси бойынша түсимлер;
аукционлар, таңлаўлар (тендерлер) ямаса ғалаба оферталардың алды-сатты протоколы ямаса шәртнамасына қол қойыўдан бас тартқан ямаса оны бийкарлаған жеңимпазлардан услап қалынған зәкалат суммалары;
мәлекетлик активлерди сатыўда қәнигелестирилген шөлкемлер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғаны ушын неустойка суммалары;
Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў қоры қаржыларының есабынан бурын өткерилген қаржылар қайтарылғандағы түсимлер;
Қордың қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
Халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың грант қаржылары және қәўендерлик қайырқомлықлар;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 6. Қордың қаржыларын бөлистириў төмендеги қатнасларда әмелге асырылыўы белгиленсин:
а) мәмлекетлик мүлк ижарасынан түсетуғын қаржылар:
40 проценти – мәмлекетлик мүлкти балансында сақлаўшыға;
25 проценти – тийисли жергиликли бюджет дәраматына;
20 проценти – Қорға;
15 проценти – мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў бойынша тийисли орайларға;
б) мәмлекетлик активлерди сатыўдан түсетуғын қаржылар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-январьдағы ПП-4933-санлы Пәрманына муўапық, мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыўдан Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бюджетлерине түсетуғын қаржылар буған кирмейди:
73 проценти – Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине;
24 проценти – Қорға;
3 проценти – қаржыларды мақсетли түрде базар инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, исбилерменлер ушын шөлкемлестирилетуғын оқыў курсларын қаржыландырыўға қаратқан ҳалда Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасына.
- 7. Фонд қаржылары төмендегилерге жумсалатуғыны белгилеп қойылсын:
хожалық жәмийетлерин меншиклестириўден бурын таярлаў бойынша илажларды әмелге асырыўға, тартылатуғын, соның ишинде, сырт ел қәнигелери ҳәм консалтинг шөлкемлерине;
Мәмлекетлик автивлерди басқарыў агентлигиниң админстративлик ҳәм басқарыў функцияларын әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерин, соның ишинде, мәмлекетлик мүлк электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жүргизиў бойынша қәрежетлерин қаплаўға;
Мәмлекетлик авктивлерди басқарыў агентлиги хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық тәмийинлеў, соның ишинде, олар тәрепинен турақ жай сатып алыўы ушын жеңилликли қаржыландырыў, сондай-ақ, Мәмлекетлик авктивлерди басқарыў агентлиги басшылары ҳәм қәнигелерин оқытыў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўға.
- 8. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги еки ай мүддетте юридикалық шахслардың есабын ҳәм реестрин жүргизиў системасын жетилистириў, бунда, бәринен бурын, мәмлекетлик кәрханалар, устав капиталында (фонында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан зыятты қурайтуғын юридикалық шахслар, сондай-ақ, устав капиталында (фондында) 50 процент ҳәм оннан артық үлес 50 процент ҳәм оннан аслам муғдарда мәмлекеттиң үлесине ийе юридикалық шахсқа тийисли болған юридикалық шахслардың есабы ҳаққындағы мағлыўматлар есабының жүргизилиўин тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар көрсин.
- 9. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
а) Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте төмендегилер жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарларының жойбарларын киргизсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги;
Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети;
Өзбекстан Республикасы Капитал базарды раўажландырыў агентлиги;
б) Экономика ҳәм санаат министрлиги, Финанс министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем экономика тармақларын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў, соның ишинде, хожалық жүргизиўши субъектлердиң өндирислик ҳәм қаржылық жумысын шеклейтуғын нызамшылық нормаларын бийкар етиў бойынша усынысларды киргизсин;
в) Өзбекстан Республикасы Есап палатасы менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем мәмлекет, соның ишинде, унитар кәрханаларды хатлаўдан өткерсин, бунда усы кәрханалардың жумыс мақсетлеринен келип шығып, оларды мәмлекетлик мәкемелер ямаса хожалық жәмийетлерине айландырыў ҳәм кейин ала олардың устав капиталы (фонды)ндағы акциялар пакетлерин (үлеслерин) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткериўди тәмийинлеў;
г) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте бос турған ҳәм нәтийжесиз пайдаланылып атырған объектлерди тиклеў ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыўға жәрдемлесиў функцияларын әмелге асырыў бойынша усыныс киргизсин.
- 1 Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Капитал базарды раўажландырыў агентлиги:
а) усы Пәрманға муўапық сапластырылып атырған шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте олардың мал-мүлкин қабыл етиў ҳәм тапсырыўды тәмийинлесин;
б) 2019-жыл 1-мартқа шекем тийисли тараўлардағы комплексли кемшиликлерди, сондай-ақ, мақсетли көрсеткишлер (индикаторлар) ҳәм оларға ерисиўдиң басқышпа-басқыш механизмлерин көрсеткен ҳалда 2019-жыл ушын сәйкес түрде Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Капитал базарды раўажландырыў агентлиги жумысының нәтийжелилигин баҳалаў критерияларын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;
в) еки ай мүддетте «Электрон ҳүкимет» системасына усынылыўы ҳәм киргизилиўи зәрүр болған мағлыўматлар қурамы бойынша усынысларды белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигине киргизсин, сондай-ақ, Жойбарлаў басқармасының бирден-бир миллий мәлимлеме системасының белгиленген протокол бойынша платформа форматында мәжбүрий қолланылыўын тәмийинлесин;
г) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем:
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
өзлери тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырыўды тәмийинлесин.
- 11. Төмендегилер өз күшин жойытқан деп есаплансын:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик мүлк комитети жанында баҳалы қағазлар базары ислеўин муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Орайын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 1996-жыл 26-марттағы ПП-1414-санлы Пәрманы;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 2017-жыл 18-апрельдеги ПП-5016-санлы Пәрманы.
- 12. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 14-январь