Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Алып барылып атырған структуралық реформалар шеңберинде ири стратегиялық инвестиция жойбарларын әмелге асырыў менен бир қатарда қала халқының абаданлығының өсиўи ҳәм турақлы раўажланыўына бағдарлайтуғын фактор сыпатында урбанизация процеси тийисли дәрежеде есапқа алынбаған. Нәтийжеде соңғы жылларда урбанизация дәрежесиниң төменлеў тенденциясы бақланбақта, қалалық елатлы пунктлердиң саны болса тек 1065 тен 1071 ге шекем көбейген.

Ири аўыллық елатлы пунктлерди қала посёлкаларына айландырыў бойынша көрилген илажларға қарамастан, бүгинги урбанизация дәрежеси қалаларды комплексли раўажландырыў бойынша заман талапларына жуўап бермейди ҳәм дүнья  тенденцияларынан сезилерли дәрежеде қалып қоймақта. Бунда урбанизация дәрежеси елеге шекем турақлы өзгешеликке ийе емес.

Урбанизация процесиниң мәмлекет тәрепинен нәтийжели тәртипке салыныўын тәмийинлеў және жер участкаларының айланысы ҳәм олардан пайдаланыўда заманагөй базар механизмлерин енгизиў мақсетинде׃

1.Төмендегилер мәмлекетте урбанизация процесслерин түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин׃

пүткиллей жаңа турақ жай сиясатын әмелге асырыў тийкарында урбанизация процесслерин жеделлестириў, онда инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктуралар  менен тәмийинленген, ипотеканы кредитлеў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң финанслық ресурсларын тартыў механизмлеринен пайдаланған ҳалда, соның ишинде, аз ҳәм орта дәраматлы шаңарақлар ушын арзанлатылған турақ жайларды қурыўға қаратылған инвестицияларды қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы илажларды нәзерде тутыў;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын турақ жай ҳәм турақ жай емес имаратлар және объектлер астындағы жер участкаларына ийелик етиў ҳуқықын әмелге асырыўға кепиллик бериў,  жер участкаларын пуқаралық машқалаларына киргизиў ушын шараятлар жаратыў;

миграция процесслерин ҳәкимшилик тәртипке салыў системасын жетилистириў жолы менен халықтың аўыллық жерлерден қалаларға еркин ҳәрекетлениўи ушын илажлар жаратыў;

ири қалалардағы халықтың абаданлығын тәмийинлеў, экономикалық ҳәм санаат ресурсларынан пайдаланыўды кеңейтиў есабынан усы қалалардағы халықтың толық ҳәм нәтийжели бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў, сондай-ақ, аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў институтлары тийкарында технопарклер шөлкемлестириў ҳәм олардың системасын беккемлеў;

бәринен бурын санаат, хызмет ҳәм сервис тараўларында халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм турақлы жумыс орынларын жаратыў факторы сыпатында агломерациялардың абзаллықларынан пайдаланыўды нәзерде тутқан ҳалда орта қалаларды, соның ишинде, район орайларын басқарыўда алдынғы халықаралық тәжирийбени кеңнен енгизиў;

ири қалаларға тутас болған ҳәм қолайлы транспорт байланысына ийе  жолдас-қалалар тармағын кеңейтиў, ири қалалардың орайлық бөлиминде санаат ҳәм басқа да зоналардың аймақларын қысқартқан ҳалда социаллық-исбилерменлик зоналар аймақларын кеңейтиў.

  1. 2019-жыл 1-июлден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық׃

юридикалық шахслар – Өзбекстан Республикасы резидентлери  оларға мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болған яки олар тәрепинен меншиклестирилип атырған имарат ҳәм объектлер, санаат инфраструктурасы объектлери жайласқан жер участкаларын, сондай-ақ, оларға тутас аймақлардағы өндирис ҳәрекетин әмелге асырыў ушын зәрүр муғдардағы жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе;

физикалық шахслар-Өзбекстан Республикасы пуқаралары  оларға жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайға хызмет көрсетиў ушын ажыратылған жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе;

көрсетилген жер участкаларын меншиклестириў физикалық ҳәм юридикалық шахслардың арзалары тийкарында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарары менен әмелге асырылады;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар-Өзбекстан Республикасы резидентлери тәрепинен меншиклестирилген жер участкалары  жеке мүлк (пуқаралық қатнас объектлери) есапланады ҳәм қол қатылмайды, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы  нызамына муўапық  мәмлекет тәрепинен қорғалады;

жер участкаларын меншиклестириў тек ғана кадастр ҳүжжетлери бар болған ҳалда және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын муғдарда  пуллы тийкарда әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети׃

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына Өзбекстан Республикасының «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы нызам жойбарын киргизсин;

2019-жыл 1-июньге шекем меншиклестирилетуғын жер участкалары ушын дифференциялластырылған төлемлердиң муғдарлары, сондай-ақ, оларды төлеў тәртибин белгилейтуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда 2019-жыл 1-июльге шекем белгиленген тәртипте, соның ишинде, комплексли турақ жайлар қурылысы есабынан жаңа қалалар ҳәм жолдас-қалалар шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем урбанизацияны раўажландырыў Концепциясын (кейинги орынларда-Концепция) тастыйықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин.
  2. Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанында Урбанизация агентлиги (кейинги орынларда-Агентлик) шөлкемлестирилсин оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

урбанизацияны тәртипке салыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

санаатластырыў сиясатының пәтлерин, басқышларын ҳәм нәтийжелерин узақ мүддетли режелестириў, қала ҳәм аўыллардағы узақ мүддетли демографиялық тенденцияларды таллаў, жедел санаатластырыў шараятында қалалардың демографиялық сыйымлары және жумысшы күшине болған талапларын есаплаў;

«өсиў полюслерин» анықлаў, басқарыў орайларының орынларын таңлаў, билимлендириў, мийнет базарын қәлиплестириў, ишки ҳәм сыртқы миграция тараўларындағы сиясатты келисиў;

Аўыл халқын жаңа санаат қәнигеликлерине оқытыў ҳәм қайта таярлаўға қаратылған бир қатар институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик илажларды белгилеўди нәзерде тутатуғын, жумысшы күшиниң аўыллардан қалаларға ҳәрекетлениўин хошаметлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шығыў;

Алдынғы, энергия үнемлейтуғын, экологиялық таза технологияларды ҳәм материалларды енгизиў тийкарында және социаллық, инженерлик-коммуналлық ҳәм жол-транспорт инфраструктураларын қамтып алған жолдас-қалалар қурылыўын есапқа алған ҳалда қала агломерацияларын қәлиплестириўди басқарыў;

Дүнья әмелиятын есапқа алған ҳалда қала халқын жайластырыў системасын комплексли раўажландырыўды тәртипке салыў, киши, орта, үлкен ҳәм ири қалалардың нәтийжели салыстырмасын қәлиплестириў;

б) Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Урбанизацияны раўажландырыў қоры (кейинги орынларда-Қор) шөлкемлестирсин ҳәм оның тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

жер участкаларын меншиклестириўден түсетуғын барлық қаржыларды топлаў;

Концепция шеңберинде қурылатуғын жаңа қалалар ҳәм жолдас-қалалардың бас режелери жойбарларын ислеп шығыў бойынша жойбарларды қаржыландырыў, сондай-ақ, олар ушын зәрүр болған инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктура объектлериниң қурылысын қаржыландырыў;

кейин ала түскен қаржыларды топлаған ҳалда зәрүр инфратструктураларға ийе жер участкаларын аукцион саўдалары арқалы сатыў;

ипотеканы кредитлеўдиң жаңа түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў, орта ҳәм узақ мүддетли ипотека облигацияларын шығарыў және оларды институционал инвесторлар арасында жайластырыў арқалы ипотека базарын раўажландырыў, сондай-ақ, миллий ипотека базарын раўажландырыў мақсетинде халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Қурылыс министрлиги, «ЎзшаҳарсозликЛИТИ» МУК, «ТошкентбошпланЛИТИ» МУК ҳәм «Қишлоққурилишлойиҳа» ЖШЖ менен биргеликте тәбийғый-экономикалық потенциалды анықлаў мақсетинде ири қалаларға тутас елатлы пунктлерди инвентаризациядан өткериўди тәмийинлесин, әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелерине бола 2019-жыл 1-ноябрьге шекем системалы урбанизация процесиниң әмелге асырылыўын, жаңа санаат кәрханаларының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасы объектлери менен комплексли жайластырыўды есапқа алған ҳалда орта мүддетли дәўирде жолдас-қалаларға айландылылатуғын елатлы пунктлердиң дизимин қәлиплестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Агентлик тәрепинен режелестирилген халықта дизимнен өткериў жумысларының нәтийжеси ҳәм халықаралық талаплар бойынша урбанизация дәрежесин есаплаў методологиясынан келип шыққан ҳалда, қала халқының есабын алып барыў ҳәм статистикалық есабатларды жетилистириўди тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Агентлик, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекем 2020-2025-жылларда комплексли турақ жай қурыў мәмлекетлик бағдарламаларының тийкарғы прогноз параметрлерин тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

бос турған жер участкаларын, жасаў ушын жарамсыз болған турақ жайлар аймақларын, сондай-ақ, пайдаланылмай атырған ямаса нәтийжесиз пайдаланылып атырған имаратлар ҳәм объектлерди, кейин ала оларды инфраструктуралық раўажландырыў ҳәм сатыў ушын Қорға бериўди нәзерде тутқан ҳалда, хатлаўдан өткериў;

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкиметиниң бурын қабыл етилген қарарларына муўапық әмелге асырылып атырған турақ жайлар қурыў бойынша әмелдеги мәмлекетлик бағдарламаларды басқышпа-басқыш оптималластырыў, босайтуғын қаржыларды комплексли турақ жай қурыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде тийисли турақ жайларды қурыўға қаратыў;

комплексли турақ жай қурыў мәмлекетлик бағдарламаларын оларға сәйкес түрде қаржыландырыў дәреклери, қурылыс материаллары ресурслары ҳәм бөлип алып ислеўши қурылыс шөлкемлери қуўатлықлары менен тәмийинлеў;

қурылып атырған имаратлар ҳәм объектлердиң белгили бир бөлегин тек альтернатив энергия дәреклери менен үскенелеў және тәмийинлеў бойынша мәжбүрий талапты белгилеў.

Қорға берилген бос турған жер участкалары, жасаў ушын жарамсыз болған турақ жай имаратлары аймақлары, сондай-ақ, пайдаланылмай атырған ямаса нәтийжесиз пайдаланылып атырған имаратлар ҳәм объектлер меншиклестирилген болып есапланады ҳәм кейин ала белгиленген тәртипте қурыўшыларға сатылыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. Агентлик :

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Концепцияны әмелге асырыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын тийисли аймақлар ҳәм елатлы пунктлердиң бас режелерине муўапық анықлайтуғыны;

Мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Концепция шеңберинде белгиленген жер участкаларында  зәрүр инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны жайластырыў бойынша қадағалаўды тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасында урбанизацины тәртипке салыўды тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрлер Кабинети ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқықты қорғаў жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи бөлимшелерине усы «Жол картасы»ның орынланыў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемени киргизип барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки комерциялық банклер менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем исбилерменлик, тутыныў, ипотека ҳәм басқа да кредитлер бойынша банкке мүрәжат етиў орны бойынша дизимге турыў мәжбүрий екенлиги ҳаққындағы талапты бийкарлайтуғын кредитлеўдиң жаңа тәртибин ислеп шықсын ҳәм енгизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте шәртнама тийкарында бийғәрез консультантларды ҳәм экспертлерди, техникалық жәрдем қаржыларын ҳәм грантларды тартқан ҳалда, урбанизация тараўында ең әҳмийетли халықаралық рейтинглердиң және индикаторлардың көрсеткишлери, оларды қәлиплестириў методологияларының үйренилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, көрсетилген рейтинглерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Урбанизацияны раўажландырыў қорының жумысын, оның қаржыларын қәлиплестириў дәреклерин ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин нәзерде тутқан ҳалда шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарары жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ҳәм ғалаба хабар қуралларына усы Пәрманның мазмун-мәниси және онда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўын кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президденти Админстрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 10-январь