Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 910январь күнлери аралығында пайтахтымыздағы Нөкис қәнигелестирилген Олимпиада резервлери мектеп-интернатында «Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы және Ўатан қорғаўшылар күни» мүнәсибети менен «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» сүрени астында спорттың минифутбол  түринен жарыс өткерилди.

Жарыста ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм әскерий хызметкерлерден ибарат жәми 10 команда өз-ара күш сынасты.

– 2018-жылдың 15-декабринен усы жылдың 15-январь күнлери аралығы республиикамызда ўатансүйиўшилк айлығы етип белгиленди. Усы айлық шеңберинде тараў ўәкиллери арасында спорттың волейбол, минифутбол түрлеринен жарыслар өткерилмекте, – дейди подполковник, Арқа-батыс әскерий округи жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлық,  спорт бөлиминиң баслығы Ахрор Мухимов. – Әлбетте, өткерилип атырған бундай жарыслар әскерий хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын арттырып, дослық қатнасықларының беккемлениўине хызмет етеди.

Жарыс жуўмағында Ишки ислер министрлигиниң командасы  биринши, Ишки ислер министрлигиниң 2-санлы тергеў қамақханасының хызметкерлеринен ибарат командасы екинши, Ишки ислер министрлигине қараслы оператив ўазыйпаларды орынлайтуғын отряд үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы