Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырып барыў нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамлылықты беккемлеўдиң ең әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады.
Кейинги жылларда миллий ҳуқық ситемасын түп-тийкарынан реформалар, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў ҳәм қәнигели кадрларды таярлаў бағдарында сезилерли жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине ҳүрмет қатнасықларын қәлиплестириўге, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын жоқарылатыўға, жәмийетте пуқаралардың ҳуқықый саўатлылық дәрежесин арттырыўға тосқынлық ететуғын бир қатар машқалалар менен кемшиликлер сақланып қалмақта.
Атап айтқанда, ҳуқықый мәдениятты арттырыўда, бәринен бурын, ҳуқықый тәлим-тәрбия бағдарындағы жумыслар системалы ҳәм үзликсиз алып барылмай атыр. Узақ жыллар даўамында бул мәселе ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысы сыпатында қарап келинип, бунда шаңарақ, мәҳәлле ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының қатнасы жеткиликли тәмийинленбеген.
Жаслардың ҳуқықый тәрбиясына унамсыз тәсир ететуғын факторларға иммунитетти қәлиплестириў, ҳәр бир шахста нызамларға ҳәм әдеп-икрамлық қағыйдаларына ҳүрмет, миллий қәдириятларға садықлық, ҳуқықбузарлықларды жек көриў сезимин оятыў жумысына комплексли тәризде қатнас жасалмады.
Халықтың ҳуқықый билимлерин арттырыўға байланыслы ўазыйпалардың улыўма түрде белгиленгени және оларды әмелге асырыўдың анық тәсиршең механизми жоқ екени жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжесиз алып барылып атырғанын көрсетеди.
Ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўда жеке мәплер және жәмийетлик мәплер арасындағы тең салмақлылықты сақлаў идеяларын халықтың санасына сиңдириў жумысларының жеткиликли алып барылмағаны да нызам үстинлигин тәмийинлеўге өзиниң оғада кери тәсирин көрсетпекте.
Халықтың ҳуқықый билимлери жеткиликли емеслиги, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың нызамға қайшы қарарлары үстинен судқа арыз етиў имканиятынан дерлик пайдаланбаўы лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплери кемситилиўи жағдайларының жүзеге келиўине себеп болмақта.
Буннан тысқары, ҳәзирги глобалласыў, илимий-техникалық раўажланыў дәўиринде халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўдың инновациялық усылларынан, үгит-нәсиятлаўдың алдынғы ҳәм тәсиршең қуралларынан, сырт еллердиң бул бағдардағы унамлы тәжирийбелеринен жеткиликли дәрежеде пайдаланылмай атыр.
Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да жетилистириў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен үйлесикли түрде ҳуқықый билимлерин арттырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў, сондай-ақ, халықты, әсиресе, жасларды зыянлы мәлимлемелерден қорғаў бойынша беккем ҳуқықый иммунитет қәлиплестириў мақсетинде:
- Төмендегилер жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
халыққа елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин избе-из жеткериў системасын қәлиплестириў, пуқаралардың санасында «Жәмийетте нызамларға ҳүрмет руўхын қәлиплестириў – демкоратиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың гиреўи!» деген турмыслық идеяны беккемлеў;
жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўда, бәринен бурын, тәлим-тәрбияның системалы ҳәм үзликсиз түрде алып барылыўына айрықша итибар қаратыў, мектепке шекемги билимлендириў системасынан баслап, халықтың барлық қатламларында ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты терең сиңдириў, жеке мәплер және жәмийетлик мәплер арасындағы тең салмақлылықты сақлаў идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў;
жас әўладтың санасына ҳуқық ҳәм парыз, ҳадаллық ҳәм пәклик түсиниклерин және әдеп-икрамлылық нормаларын терең сиңдирип барыў, Конституцияның әҳмийетли тәреплерин оларға балалығынан баслап үйретиў;
халықтың арасында ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў бойынша ҳуқықый-ағартыўшылық илажларды халқымыздың тарийхын, динин, миллий қәдириятларын үйретиў менен үйлесикли ҳалда шөлкемлестириў, сондай-ақ, ҳәр бир пуқарада мәмлекетлик нышанлар менен мақтаныў сезимлерин қәлиплестириў арқалы елимиз тәғдирин ойлаў, ўатансүйиўшилик сезимин күшейтиў;
мәмлекетлик хызметкерлердиң ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырып барыў, оларда коррупция ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықларға маўасасызлық қатнасын қәлиплестириў;
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, соның ишинде, ҳуқықты қорғаў уйымлары және пуқаралық жәмийети институтларының мәнзилли ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыў бағдарындағы өз-ара бирге ислесиўин беккемлеў;
жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўға байланыслы илажларды шөлкемлестириўде социаллық шериклик принциплеринен кеңнен ҳәм өнимли пайдаланыўды системалы тийкарда жолға қойыў;
ғалаба хабар қуралларының ҳуқықый мәлимлеме менен тәмийинлеўдеги ролин арттырыў, ҳуқықый үгит-нәсияттың инновациялық усылларынан кеңнен пайдаланыў, соның ишинде, веб-технологияларды қолланыўды кеңейтиў;
юридикалық билимлендириўди жетилистириў, сондай-ақ, юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын раўажландырыў;
жәмийетте ҳуқықый сананы ҳуқықый мәдениятты арттырыўдың илимий тийкарларын терең изертлеў.
- «Жоқары ҳуқықый мәденият – мәмлекетти раўажландырыўдың кепили» деген концептуаллық идея тийкарында халықтың барлық қатламлары ҳуқықый саўатлылыққа ерисиўи, жоқары дәрежедеги ҳуқықый санаға ийе болыўы және ҳуқықый билимлерди күнделикли турмыста қоллана алыўы ушын системалы ҳәм кең көлемли ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажларын шөлкемлестириў мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири етип белгиленсин.
- Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў «шахс – шаңарақ – мәҳәлле – билимлендириў мәкемеси – шөлкем – жәмийет» принципи бойынша системалы ҳәм үзиликсизшөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў концепциясын 2019-жылы нәтийжели әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары Концепцияда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық және сапалы әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў тараўында муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
атқарыўшылар ҳәм халықты нызамшылықтың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында хабардар етиўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў, бул жумысты шөлкемлестириўде принципиаллық жаңа қатнасларды ислеп шығыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықый мәлимлемеден кең көлемде пайдаланыўын тәмийинлеў, олардың бул тараўда пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қураллары менен нәтийжели бирге ислесиў бойынша жумысын муўапықластырыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағаратыўшылық бойынша алып барылған жумысларды үйрениў, сондай-ақ, олардың бул бағдардағы жумысын жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;
халықтың түрли қатламлары, соның ишинде, исбилерменлер ҳәм жаслардың мәлимлемеге болған зәрүрликлерин есапқа алған ҳалда ҳуқықый үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
атқарыўшылар ҳәм халықты нызамшылықтың мазмун-мәниси ҳаққында хабардар етиўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде кең жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў, таллаў, бул тараўдағы жумысларды буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң:
Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлери мағлыўматларының миллий базасы және қосымша ҳуқықый мағлыўматлар (юридикалық сөзлик, ҳуқықый әдебиятлар, электрон майданшасы, нызам ҳүжжетлери жойбарларының додаланыўы бойынша онлайн форум ҳәм басқалар) жеткериў системасын өз ишине алатуғын Өзбекстан Республикасының миллий ҳуқықый интернет порталын жаратыў;
халыққа бийпул мәсләҳәт бериў порталын өз ишине алған Advice.uz ҳуқықый мәлимлеме системасын жаратыў;
улыўма билимлендириў мектеплеринде ҳәм академиялық лицейлерде ҳуқықый билимлерге байланыслы оқыў-сабақларының көлемин және де кеңейтиў;
халықтың күнделикли турмысында көп ушарасатуғын ҳуқықый мәселелер бойынша сораў-жуўап тәризиндеги қолланбаларды таярлаў ҳәм үйлерге бийпул тарқатыў;
халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң хызметкерлерине халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўда көрсеткен хызметлери ушын тапсырылатуғын «Ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары ағласы» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте «Ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары ағласы» көкирек белгиси ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыў, халыққа қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин жеткериў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумысы үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды жолға қойыў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде «Бала ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери» темасындағы сабақларды қәнигели кадрларды тартқан ҳалда көргизбели тәризде системалы енгизиў бойынша усыныслар ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте:
2019/2020 оқыў жылынан баслап билимлендириў мәкемелеринде оқыўшы ҳәм студентлердиң ҳуқықый билимлери үзликсиз және системалы арттырып барылыўын тәмийинлеў механизмин енгизсин, сондай-ақ, оқыўшы ҳәм студентлердиң ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға қаратылған оқыў бағдарламаларының түп-тийкарынан қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;
2019-жыл 1-мартқа шекем жасларда ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў, әсиресе, олардың санасында коррупцияның жәмийет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы ушын оғада унамсыз иллет екенин үгит-нәсиятлаўға қаратылған оқыў материаллары таярланыўын шөлкемлестирсин;
жас әўладтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша билимлендириў мәкемелериниң ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге ислесиўиниң нәтийжели механизмлерин кеңейтиў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте билимлендириў мәкемелеринде ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлардың, қағыйдабузарлықлардың, нәшебентликтиң ҳәм басқа да унамсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылыўын ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
2019-жыл 1-июльге шекем Advice.uz ҳуқықый мәлимлеме системасының ислеп шығылыўын ҳәм иске түсирилиўин тәмийинлесин;
2020-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасының миллий ҳуқықый интернет порталы жаратылыўын толық жуўмақласын;
үш ай мүддетте халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына бийпул ықтыярлы юридикалық жәрдем көрсетиў (pro bono) системасын раўажландырыўды нәзерде тутатуғын тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;
турақлы түрде ең әҳмийетли, халықты қызықтыратуғын мәселелерди белгилеп, анық бағдарламалар тийкарында олар бойынша мәнзилли ҳәм предметли үгит-нәсиятлаўды әмелге асырсын, ҳуқықый үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бағдарында халықтың ҳәр қыйлы қатламларының пикирлерин үйренип, таллап барсын;
еки ай мүддетте жасынан келип шығып ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденият дәрежеси бойынша халықтың ҳуқықый саўатлылығы дәрежесине қойылатуғын минимал талапларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
бир ай мүддетте мәҳәллелерде пуқаралардың ҳуқықый билимин арттырыў мақсетинде системалы түрде әмелге асырылатуғын «Ҳуқықый мәлимлеме күни» жойбарын енгизсин;
бир ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған бийпул ҳуқықый мәсләҳәт курсларын шөлкемлестириў бағдарламаларын ислеп шықсын;
жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў жағдайы және бул тараўдағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў нәтийжелилигин үйрениў ушын изертлеўлер ҳәм сораўлар өткерип барсын;
зәрүр жағдайларда, пуқаралық жәмийети институтлары, илимий топарлар, сырт ел экспертлерин Концепция ҳәм «Жол картасы»н нәтийжели әмелге асырыўға қатнасыўға, сондай-ақ, жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалаўға ҳәм нәтийжеси бойынша зәрүр илажларды белгилеўге кеңнен тартылсын;
Концепция ҳәм «Жол картасы»ның әмелге асырылыўы шеңберинде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының өз ўақтында және сапалы таярланыўы, келисилиўи ҳәм киргизилиўи үстинен мониторинг алып барылыўын тәмийинлесин;
Концепция ҳәм «Жол картасы»н әмелге асырыў процесиниң нәтийжели муўапықластырылыўы ҳәм мониторинги, сондай-ақ, олардың орынланыўы ҳаққында Министрлер Кабинетине турақлы түрде мәлимлеме берип барсын;
еки ай мүддетте Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша илажларды мониторинг етиў ҳәм баҳалаўдың көрсеткишлерин тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте ҳуқықый темаларды системалы ҳәм анализлеп сәўлелендирип барыў және халықты нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға байланыслы телекөрсетиўлердиң көлемин кеңейтиў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде әмелий илимий-техникалық жойбарлар ҳәм инновациялық исленбелер таңлаўында жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый, педагогикалық-психологиялық мәселелерин илимий-әмелий изертлеўге байланыслы темаларды турақлы жәриялап барсын.
- Мәмлекетлик басқарыў уйымлары жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты үгит-нәсиятлаўға байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ушын белгиленген тәртипте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге бюджеттен тысқары қаржылардың есабынан мәмлекетлик социаллық буйыртпа бериўи мүмкин екени белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары усы Пәрманнан келип шығатуғын ҳуқықый-ағартыўшылық илажларды әмелге асырыўға қаратылған қаржыларды өзлериниң қәрежетлер сметасында нәзерде тутып барсын.
- Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы:
ғалаба хабар қуралларының жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў бағдарындағы ролин арттырыў, бул бағдарда олардың мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен байланысын күшейтиў бойынша анық илажлар әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәниси және оның әмелге асырылыўы бойынша кең түсиник жумысларын ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 9-январь