Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда мәмлекетимизде аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың жасаў шараятларын түп-тийкарынан жақсылаў, турмыс дәрежесинде айтарлықтай унамлы өзгерислерге ерисиў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Сол мақсетте аймақларды секторларға бөлип жумысты шөлкемлестириў системасының енгизилгени халық пенен мәнзилли қарым-қатнастың жолға қойылыўына мүмкиншилик жаратты.

Соның менен бирге, аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар (кейинги орынларда секторлар деп аталады) жумысының мониторинги бир қатар кемшиликлер бар екенин көрсетти. Атап айтқанда:

бириншиден,  секторлардың жумысында анықланған машқалаларды сапластырыў ҳәм сектор ағзаларының жумысын муўапықластырыўда сектор басшыларының зәрүр шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық ўәкилликлерге ийе емеслиги секторлардың толық жумыс ислеўинде және машқалаларды өз ўақтында шешиўде қыйыншылықлар туўдырмақта;

екиншиден, республика көлеминде секторлардың жумысын муўапықластырыўшы ҳәм қадағалаўшы бирден-бир системаның жоқ екени секторлардың жумысын басқарыўда пытыраңқылықты жүзеге келтирмекте және аймақларда секторлардың жумысына байланыслы нызам ҳүжжетлери нормаларының түрлише талланыўына алып келмекте;

үшиншиден, секторларда үйрениўлердиң нәтийжелери улыўмаластырылмай атырғаны, статистикалық есапларды жүргизиў әмелияты өз билдигинше таслап қойылғаны, тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилмегени әмелге асырылған жумысларға анық жуўмақ жасаўға ҳәм машқалаларды системаластырыўға имканият бермей атыр;

төртиншиден, секторлар басшыларының жумысын баҳалаў тәртибиниң қурамалылығы, системалы түрде олардың қәнигелигин арттырыў механизминиң енгизилмегени, сектор ағзаларын материаллық ҳәм моральлық хошаметлеўдиң жолға қойылмағаны оларға жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына кери тәсир етпекте.

Пуқаралардың турмыслық машқалалары менен зәрүрликлерин шешиў, секторлар шеңбериндеги жумысларды шөлкемлестириўдиң сапасын арттырыў, халық пенен ашық-айдын, тиккелей қарым-қатнас жасаўды күшейтиў және секторлардың жумысын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар штабының қурамына киргизилетуғын уйымлар менен шөлкемлердиң үлги жойбары 1-қосымшаға муўапық;

Районлар (қалалар) ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар штабының қурамына киргизилетуғын уйымлар менен шөлкемлердиң үлги дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақларынның ҳәм социаллық тараўдың жағдайын үйрениўдиң жаңа механизмлерин енгизиў бойынша комиссия (кейинги орынларда Комиссия деп аталады)ға (А.Н.Арипов) төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

секторлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде секторлардың «район (қала) – ўәлаят-республика» принципи тийкарында оларға әмелий ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў және жумысын қадағалаў бойынша ҳәкимликлер, прокуратура, ишки ислер ҳәм салық уйымларында вертикал басқарыў системасын енгизиў;

ҳәр шеректе кеминде бир мәрте Комиссия мәжилисинде секторлардың жумысы ҳаққындағы мәлимлемени таллаў, секторларда әмелге асырылып атырған шөлкемлестириў-әмелий илажлардың нәтийжелилигин баҳалаў, бул тараўдағы жумысларды жақсылаў және секторлардың нәтийжели жумыс ислеўине тосқынлық етип атырған бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў бойынша усынысларды додалаў;

аймақлардың социаллық-экономикалық жағдайын үйрениў нәтийжелери бойынша республика дәрежесинде шешилетуғын машқалаларды шешиўге байланыслы илажлардың ислеп шығылыўын және әмелге асырылыўын шөлкемлестириў;

секторлар басшыларының жумысын аймақлардың раўажланыў жағдайындағы реал өзгерислерден ҳәм басқа да ҳақыйқый нормалардан келип шығып қалыс баҳалаў;

ҳәр бир аймақта анықланған машқалаларды шешиў бойынша аймақлық ҳәм республикалық «жол карталары» ислеп шығылыўын және әмелге асырылыўын шөлкемлестириў, оларда нәзерде тутылған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар белгилеў;

аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәнзилли тапсырмалар белгилеў және олардың орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырыў;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр шеректе әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлеме ҳәм айрықша үлги көрсеткен сектор басшылары, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары ҳәм хызметкерлерин хошаметлеў ямаса жол қойылған үлкен кемшиликлер ушын оларды жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар киргизиў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Комиссияның жумысшы уйымын белгилесин.

  1. 2019-жыл 1-февральдан төмендеги тәртип енгизилсин:

жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў ҳәм секторлардың жумысын муўапықластырып барыў ушын секторлар штабының қурамына киргизилген уйымлар менен шөлкемлердиң ҳәр бир сектор бойынша жуўапкер хызметкерлери (кейинги орынларда – сектор штабы ағзалары) сектор басшысы менен келисе отырып бириктириледи ҳәм алмастырылады;

секторлар штабының жумысын системалы түрде жолға қойыў мақсетинде сектор басшысы басшылық ететуғын уйым (шөлкем)нан сектор штабы хаткери (кейинги орынларда – хаткер деп аталады) сыпатында өз алдына хызметкер бириктириледи. Бунда хаткер тийкарғы жумыс орнынан ажыралған және лаўазымлық айлығы сақлап қалынған ҳалда жумыс алып барады;

хаткерге бюджет мәкемелериниң ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў арнаўлы фондына ажыратылған қаржылардың есабынан ҳәр айда қосымша рәўиште лаўазымлық айлықтың елиў процентине шекемги муғдарда үстеме ҳақы төленеди;

районлар (қалалар) секторларының басшылары ҳәр ҳәптеде кеминде бир мәрте, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы секторларының басшылары болса ҳәр айда кеминде еки мәрте орынларға шыққан ҳалда физикалық шахслар менен олардың социаллық мәселелери және юридикалық шахслардың ўәкиллери менен тийисли жумыс тараўлары кесиминде қабыллаўлар өткереди;

сектор жумысына белсене қатнасқан сектор штабының ағзалары ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан хошаметленеди;

секторларда анықланған машқалаларды шешиў ушын сектор басшыларының тийкарланған сораўларына муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар)дың қосымша дәреклери есабынан қаржылар мақсетли қаратылады.

Бунда сектор басшыларының сораўлары тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери, районлық (қалалық) халық депутатлары кеңеслеринде ҳәр тәреплеме додаланады және Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик, аймақлық соның ишинде инвестициялық бағдарламаларына киргизилмеген тийисли аймақтағы көпшилик халықтың орынлы наразылықларына себеп болып атырған әҳмийетли машқалаларды сапластырыў бойынша илажларды қаржыландырыўға итибар қаратылады.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы және районлар (қалалар) ҳәкимлери турақлы түрде жергиликли бюджет қаржыларының есабынан секторлар жумысының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў, секторлар штабларының жумысын шөлкемлестириў, соның ишинде, олар ушын ажыратылған имаратларды сақлаў ҳәм басқа да қәрежетлерди қаплаўды тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң мәлимлеме-таллаў топарлары және районлық (қалалық) экономика ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыў бөлимлерине қосымша рәўиште төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

секторлардың жумысына байланыслы мағлыўматларды топлаў, олар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматты қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;

секторлардың жумысын муўапықластырыўға жәрдемлесиў;

секторларда әмелге асырылған жумысларды системалы таллаў, жол қойылған кемшиликлер, орынланбаған илажлардың себеплерин анықлаў және «жол карталары»н қәлиплестириў;

секторларда анықланған машқалалар ҳәм оларды шешиў нәтийжелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери және районлар (қалалар) ҳәкимлерине мәлимлемелерди таярлаў.

  1. 2019-жылдың 1-апрелинен төмендегилерди қамтып алатуғын республика бойынша бирден-бир электрон мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – республикалық мәлимлеме системасы) енгизилсин:

үйме-үй жүриў, өткерилген сәўбетлер, келип түскен мүрәжатлардың нәтийжесинде анықланған машқалалар ҳәм олардың шешилгени ҳаққындағы мағлыўматлар;

социаллық тараў ҳәм басқа да объектлердеги жүзеге келген жағдайларды үйрениў нәтийжесинде анықланған машқалалар ҳәм олардың шешилгени ҳаққындағы мағлыўматлар;

секторлардың жумысы бойынша электрон статистикалық есап түрлери;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар)ды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс тәризин ҳәм социаллық қорғалыўын жақсылаў бойынша «жол карталары» ҳәм олардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте респкубликалық мәлимлеме системасын ислеп шығыўды және «Hudud» мәлимлеме системасына айрықша модуль сыпатында интеграциялаўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Респубилкасы Экономика министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ҳәр шеректиң жуўмақлары бойынша республикалық мәлимлеме системасына киргизилген шешилмеген машқала ҳәм усынысларды улыўмаластырып, таллап және қаржыландырыў дәреклерин анық көрсеткен ҳалда мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, инвестициялық бағдарламаларға киргизиў ҳаққында тийкарланған усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизип барсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери мәлимлеме-таллаў департаменти республикалық мәлимлеме системасы жүргизилиўи үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырсын ҳәм республикалық мәлимлеме системасына киргизиген шешилмеген машқалаларды ҳәм усынысларды мәмлекетлик, аймақлық, соның тишинде, инвестициялық бағдарламаларға киргизиў илажларын көрип барсын.
  4. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) секторлар басшылары республикалық мәлимлеме системасына мағлыўматлардың өз ўақтында ҳәм толық киргизилип барылыўы ушын жеке жуўапкер етип белгиленсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын ажыратылатуғын бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыў үстинен тәсиршең қадағалаўды әмелге асырсын.
  6. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласының районлар ҳәм қалаларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша аймақ басшыларының жумысын баҳалаў системасын сын көзқарастан көрип шығып, сектор басшларының жумысын баҳалаўдың әпиўайыластырылған системасын енгизсин;

жыл жуўмақларына бола жумысында жоқары көрсеткишлерге ерискен секторларды хошаметлеў мақсетинде «Ең үлгили сектор», «Ең инталы сектор басшысы», «Ең белсенди сектор штабының ағзасы» номинациялары бойынша республикалық таңлаў өткериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Бунда сондай тәртип орнатылсын, ҳәр жылдың 15-январына шекем  Министрлер Кабинети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен ҳәр бир система бойынша:

сектор басшыларының жумысын баҳалаў системасына муўапық, олардың өткен жылы әмелге асырған жумыслары талланып, улыўма мәжилисте додаланады;

баҳалаў нәтийжесине бола, ең жоқары көрсеткишке ерискен 2 сектор басшысы автотранспорт қуралы менен сыйлықланады, секторлардың жумысын үлгили шөлкемлестирген басшылар ҳәм оның жумысына белсене қатнасқан басқа да штаб ағзалары баҳалы саўғалар менен сыйлықланады;

жумысы нәтийжесиз деп баҳаланған сектор басшыларына ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекем болған интизамий жаза шаралары қолланалады.

  1. Автотранспорт қураллары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлаў қәрежетлери тийисли түрде Министрлер Кабинетиниң резерв қоры, министрликлер менен уйымлардың бюджеттен тысқары қорларының есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети басшы кадрлар резервине алынған хызметкерлер ушын қәнигелик арттырыў курсларының билимлендириў бағдарламаларына аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы оқыў саатлары ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимлери еки ҳәпте мүддетте секторлар штабының қурамын Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар штабына киргизилетуғын уйымлар менен шөлкемлердиң үлги дизимине муўапық қайта тастыйықлансын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-августтағы ПҚ- 3182-санлы қарары менен тастыйықланған Районлар (қалалар) ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы режеге 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Министрликлер  ҳәм уйымлар өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесөйи У.С.Исмоиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 8-январь