Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өткен дәўирде елимиздиң суд-ҳуқық тараўында ҳақыйқый еркин суд ҳәкимиятын қәлиплестириў ҳәм оның абырайын арттырыў, судлар жумысында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша нызамшылықты тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, суд-ҳуқық тараўында кадрлар таярлаўдың әмелдеги системасы талланғанда профессионал ҳәм жетик судьялық корпусын қәлиплестириў ушын зәрүр жоқары стандартларды енгизиўге кери тәсир етип атырған бир қатар машқалалар бар екенин көрсетти, атап айтқанда:

бириншиден, судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаўдың әмелдеги тәртибиниң нәтийжеси төмен болып, көп ресурс жумсаўды талап етеди, бул суд кадрларының қәнигелер резервин қәлиплестириўге кери тәсир етпекте;

екиншиден, судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыўдың әмелдеги оқыў режелери ҳәм бағдарламалары, сондай-ақ, бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириўге байланыслы қатнаслар оқыў процесиниң ҳуқықты қолланыў әмелияты менен байланыслылығын зәрүр дәрежеде тәмийинлемей атыр ҳәм заман талапларына жуўап бермей атыр;

үшиншиден, судьялыққа талабанлардың стажировкасын оларды тийкарғы жумыс орнынан ажыратпаған ҳалда шөлкемлестириўдиң нәтийжесиз системасы олар тәрепинен зәрүр әмелий көнликпелерди ийелеўди хошаметлемей атыр;

төртиншиден, ескирген оқыў-методикалық база ҳәм илимий-изертлеў жумысы және оқыў процесиниң ҳуқықты қолланыў әмелияты менен өз-ара байланыслы емеслиги тыңлаўшыларда қарарлар қабыл етиўде унамлы қатнас жасамай «қәлипли пикирлеў»диң қәлиплесиўине алып келмекте.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер судьялық лаўазымларына талабанларды, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў системасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыўдың бирден-бир системасын шөлкемлестириў;

судьялық лаўазымларына талабанларда теориялық билимлер, кәсиплик этика, психология, исшеңлик қарым-қатнас ҳәм ўақытты басқарыў көнликпелери, сөйлесиў алып барыў тактикасы, мәлимлеме менен ислесиў технологиясы, ҳуқық нормаларына шолыў жасаў  ҳәм қолланыўды раўажландырыў;

судьялық лаўазымларына талабанлардың стажировкадан өтиўиниң сапа жағынан жаңа системасын шөлкемлестириў, соның ишинде, илимий-изертлеў жумысы ҳәм оқыў процеси менен өз-ара байланыслылықты тәмийинлеў;

ис жүргизиў ҳәм сын көзқарастан таллаў, инновациялық педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда тийкарланған қарарлар қабыл етиў көнликпелерин раўажландыратуғын интерактив оқытыў усылларын билимлендириў процесине енгизиў;

судьялық лаўазымларына талабанларды нызамшылықтағы әҳмийетли жаңалықлар, елимиздеги ҳәм сырт елдеги ҳуқықты қолланыў әмелияты және норма дөретиўшилиги жумысының жағдайы ҳәм тенденциялары менен таныстырыў.

  1. 2019-жыл 10-январьдан баслап төмендеги тәртип енгизилсин:

судьялық жумысын әмелге асырыў ҳәм судлар исин шөлкемлестириў, кәсиплик этика, исшеңлик қарым-қатнас ҳәм ўақытты басқарыў көнликпелерин оқытыўға, суд кадрларының илимий-таллаў ҳәм креатив потенциалын қәлиплестириўге қаратылған, грант тийкарында судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў курсларында бир жыллық магистратура билимлендириў бағдарламасы бойынша әмелге асырылатуғын судьялық лаўазымларын ийелеў ушын жоқары қәнигели кадрларды таярлаў;

кәсиплик билимлерди тереңлестириў ҳәм суд ҳәкимшилигин жүргизиў көнликпелерин ийелеўге, сондай-ақ, жумысты ҳәм басқарыўды шөлкемлестириўдиң инновациялық түрлери менен усылларын өзлестириўге қаратылған, даўамлылығы еки ай болған, басшылық лаўазымларын ийелеў ушын резервте болған судьяларды қайта таярлаў;

нызамшылықтағы жаңалықлардың мазмун-мәнисин жеткериўге, кәсиплик, соның ишинде, ҳуқық нормаларына шолыў жасаў ҳәм қолланыў мәселелерине байланыслы көнликпелер менен қәбилетлерди жетилистириўге қаратылған, даўамлылығы еки ҳәптеден аз болмаған, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў.

  1. Судьялық лаўазымларына талабанларды қабыл етиў 2019/2020 оқыў жылынан баслап тек ғана судьялық лаўазымы резервинде болған шахслар арасынан таңлаў тийкарында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий суды менен биргеликте белгиленетуғын квоталар бойынша әмелге асырылатуғыны;

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў курсларына қабыл етилген шахслар тийкарғы жумыс орны бойынша лаўазымынан азат етилетуғыны, бирақ олардың ийелеген лаўазымы пүткил оқыў дәўири даўамында сақланатуғыны;

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў курсларының тыңлаўшыларына судья жәрдемшисиниң бир айлық мийнетине ҳақы төлеў фонды муғдарында стипендия төленетуғыны;

судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў  Өзбекстан Республикасы Олий судының буйыртпасы тийкарында әмелге асырылатуғыны;

қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларының тыңлаўшыларына оқыў даўамында тийкарғы жумыс орны бойынша ийелеп турған лаўазымы ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Судьялық лаўазымларына 2020-жыл 1-сентябрьден баслап тек ғана судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў курсларында оқыўды табыслы тамамлаған шахслар тайынланатуғыны;

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў курсларында оқыў бағдарламасын орынламаған ямаса усыныс етилген судьялық лаўазымын ийелеўен бас тартқан тыңлаўшылар оқыў дәўиринде алынған стипендия суммасын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетине толық муғдарда қаплап беретуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси, Олий суды ҳәм Әдиллик министрлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайы тийкарында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектеби (кейинги орынларда – Жоқары мектеп)н шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайының 12 штат бирлигин Жоқары мектепке өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Жоқары мектеп судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыўды әмелге асыратуғын мәмлекетлик билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкмеси есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жоқары мектеп Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайының ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

Жоқары мектепке Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси баслығының усынысына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Жоқары мектеп директорының мийнетине ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў, медициналық ҳәм транспорт тәмийнаты шараятлары бойынша Өзбекстан Республикасы Олий суды баслығының биринши орынбасарына, Жоқары мектеп директорының орынбасарлары – Өзбекстан Республикасы Олий суды баслығының орынбасарына  теңлестирилетуғыны;

Жоқары мектеп директоры лаўазымы бойынша бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң жәмийетлик тийкардағы ағзасы есапланатуғыны;

Жоқары мектептиң профессор оқытыўшылары қурамына Өзбекстан Республикасы Олий судының судьялары ушын, Жоқары мектептиң басқа хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Олий суды аппараты хызметкерлери ушын белгиленген мийнет ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери енгизилетуғыны;

Жоқары мектептиң арнаўлы атақлар ҳәм лаўазым дәрежелерине ийе болған  хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Олий суды ушын белгиленген тәртипте арнаўлы атақлар ҳәм лаўазым дәрежелери берилетуғыны, көп жыллық хызметлери ушын үстемелер ҳәм қосымша төлемлер төленетуғыны, бул шахслардың Жоқары мектепте ислеген дәўири арнаўлы атақлар ҳәм лаўазым дәрежелерин алыў ушын зәрүр болған ис стажына қосылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси баслығына Жоқары мектеп хызметкерлерине арнаўлы атақлар ҳәм лаўазым дәрежелерин бериў ҳуқықы берилетуғыны;

Жоқары мектепте жумысқа тартылған ҳәм қәнигелик дәрежелерине ийе болған судьялар ҳәм оларға теңлестирилген шахсларда судья статусы, барлық үстемелер ҳәм қосымша төлемлер. жеңилликлер және медициналық тәмийнат шараятлары сақлап қалынатуғыны;

судьялар ҳәм оларға теңлестирилген шахслар арасынан жумысқа қабыл етилген хызметкерлердиң Жоқары мектепте ислеген ўақты судьялық стажына қосылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебиниң уставы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебиниң профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 36 адамнан ибарат структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектеби хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў разрядлары 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебиниң штат кестеси 4-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебиниң нәтийжели жумысын тәмийинлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «Жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жоқары мектеп директорына Жоқары мектептиң тастыйықланған структурасына хызметкерлердиң белгиленген шекленген саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәм Олий судына нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған ўазыйпаларды орынлаў менен бир қатарда төмендеги әҳмийетли мәселелерде Жоқары мектепти ҳәр тәреплеме раўажландырыўға жәрдемлесиў жүкленсин:

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў режелерин (бағдарламаларын) ислеп шығыў, заманагөй билимлендириў технологияларын енгизиў;

Жоқары мектеп тыңлаўшыларының стажировканы өтеўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў;

илимий исленбелердиң нәтийжелерин нызам дөретиўшилиги жумысына ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына енгизиў;

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў тараўында халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм раўажландырыў;

Жоқары мектептиң жумысын тәмийинлеў ҳәм раўажландырыў ушын бюджеттен тысқары қаржылар, қайырқомлық төлемлерин тартыў.

  1. Жоқары мектепте бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў арнаўлы қоры менен бирге Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан Басқарыў, профессор-оқытыўшылар, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлерди материаллық хошаметлеў арнаўлы қоры (кейинги орынларда – Арнаўлы қор) олардың мийнетине ҳақы төлеў қорының 50 процентине шекемги муғдарда шөлкемлестирилсин.

Арнаўлы қордың қаржылары Жоқары мектеп директорының қарарына бола басқарыў, профессор-оқытыўшылар, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлерге тариф ставкасының 100 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық үстемелер белгилеўге қаратылатуғыны;

Арнаўлы қор қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби, сондай-ақ, Жоқары мектеп хызметкерлерине ҳәр айлық үстемелер белгилеўдиң критериялары Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси менен келисе отырып Жоқары мектеп кеңеси тәрепинен белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Жоқары мектептиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

Жоқары мектеп тәрепинен шәртнама тийкарында орынланатуғын илимий-изертлеў, мәлимлеме-таллаў жумыслары, билимлендириў ҳәм басқа да хызметлерден түсетуғын түсимлер;

сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Жоқары мектепке судьялар, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, адвокатлар, илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң, министрликлердиң, уйымлардың қәнигелери ҳәм басқа да қәнигелерди еки жумысты қоса алып барыў тәртибинде ямаса мийнетине саат есабы менен ҳақы төлеў шәртлеринде педагогикалық жумысты әмелге асырыўға тартыў ҳуқықы берилсин.

Тартылатуғын қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен белгиленеди.

  1. Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Жоқары мектеп үш ай мүддетте:

Жоқары мектепке қабыл етиў ҳәм оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын, атап айтқанда, онда тыңлаўшылардың мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм шет тиллерин билиў көнликпелери барлығы зәрүрли талап екени нәзерде тутылсын;

судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў режесин, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Өзбекстан Республикасы Олий суды менен биргеликте Жоқары мектепти оқытыўдың заманагөй түрлери менен усылларын қолланыў көнликпелерине, әмелий жумыс тәжирийбесине ийе болған, биринши гезекте қайтадан шөлкемлестирилип атырған Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайының хызметкерлери ҳәм Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайы өткерилген штат бирликлериндеги хызметкерлер арасынан қәнигели кадрлар менен толықтырылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Жоқары мектеп ҳәм Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша 2019-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери параметрлерине усы қарардан келип шығып, тийисли өзгерислер киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине:

оқытыўшылар менен тыңлаўшылардың жетекши сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде қәнигелик арттырыў курсларынан өтиўи, стажировканы өтеўи ҳәм оқыўында Жоқары мектепке жәрдемлессин;

Жоқары мектептиң буйыртпалары бойынша Жоқары мектептиң оқыў ҳәм илимий процесине қатнасатуғын сырт елли қәнигелер, профессор-оқытыўшылардың қурамы ҳәм илимий хызметкерлерге консуллық және басқа да жыйымларды өндирмей кириў визалары белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жоқары мектептиң буйыртпалары бойынша Жоқары мектептиң оқыў ҳәм илимий процесине қатнасатуғын сырт елли қәнигелер, профессор-оқытыўшылардың қурамы ҳәм илимий хызметкерлерге мәмлекетлик бажы өндирместен белгиленген тәртипте көп мәртелик кириў визаларын рәсмийлестириў ҳәм олардың мүддетин создырыў, сондай-ақ, оларды ўақытша дизимге қойыў ҳәм ўақытша дизимде турыў мүддетин создырыўды тәмийинлеп барсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Жоқары мектептиң оқыў бөлмелери, кафедралары, мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм басқа да имаратларын заманагөй үскенелер, байланыс ҳәм телекоммуникация қураллары менен үскенелеўди, сондай-ақ, Жоқары мектепти елимизде ҳәм сырт елде басып шығарылған суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы оқыў, илимий ҳәм методикалық әдебият ҳәм күнделикли басылымлар менен тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын тийисли қарарларды қабыл етсин.
  3. Жоқары мектеп Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Чўпонота көшеси, 6-жайда жайластырылсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси өзгертилип атырған Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайының мүлкин, соның ишинде, автотранспорт қуралларын Жоқары мектептиң балансына бийғәрез өткерсин.
  5. Жоқары мектепке төрт жеңил автотранспорт қуралын ҳәм бир автобусты сақлаў ушын лимит белгиленсин.
  6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-2903-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  7. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  8. Өзбекстан Республикасы Олий суды Судьялар жоқарғы кеңеси менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 6-январь