Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 7-8-январь күнлери аралығында Ташкент медицина педиатрия институты Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейде «Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы және Ўатан қорғаўшылар күни» мүнәсибети менен «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» сүрени астында спорттың волейбол түринен жарыс өткерилди.
Жарысқа Арқа-батыс әскерий округи, Ишки ислер министрлиги, 7553 әскерий бөлими және 99651 әскерий бөлим жеке қурамы жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлықты арттырыў бөлиминен ҳәм 2-санлы тергеў қамақханасы, 19-санлы жазаны өтеў колониясы, сондай-ақ, бажыхана хызметкерлеринен ибарат жәми 7 команда өз-ара күш сынасты.
Ҳәр бир команда бириншиликти ийелеў ушын өзлериниң физикалық епшиллигин сынақтан өткерди.
Жарыс жуўмағында Ишки ислер министрлигиниң командасы 21 упай менен биринши, Ишки ислер министрлигиниң 2-санлы тергеў қамақханасының хызметкерлеринен ибарат командасы 20 упай менен екинши, Ишки ислер министрлигиниң 19-санлы жазаны өтеў колониясы хызметкерлеринен ибарат командасы үшинши орын жеңимпазы деп табылды.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы
(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген)