Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Елимизде туризмди миллий экономиканы диверсификациялаў, аймақларды жедел раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў, мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўды тәмийинлейтуғын стратегиялық тармақлардан бири сыпатында раўажландырыў бойынша комплексли илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Виза режиминиң либералластырылыўы, сырт ел пуқараларын дизимге алыў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы, туризм тармағын раўажландырыў ушын жеңилликлер менен преференциялардың берилиўи миллий туризм потенциалын ишки ҳәм сыртқы базарларда нәтийжели үгит-нәсиятлаў имканиятын берди.
Соның менен бирге, өткерилген таллаўлар туризм тармағын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый тийкардың толық емеслиги, халықта туризм хызметлерин көрсетиў қағыйдаларының, сондай-ақ, сырт ел пуқараларының категориялары, болыў мүддетлери ҳәм мақсетлери бойынша дүнья әмелиятында кеңнен қолланылатуғын айрықша виза режимлериниң жоқлығын көрсетпекте.
Сондай-ақ, жайластырыў қураллары ҳәм инфраструктура объектлериниң, әсиресе туризм мәўсиминде жетиспеўшилиги, түрли транспортларда жолаўшыларды тасыў системасының жетерли дәрежеде муўапықластырылмағаны, сондай-ақ, туристлерди бар туризм потенциалы ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеўди шөлкемлестириў дәрежесиниң төменлиги, ишки туризмди, елимиз аймақларындағы мәдений мийрас объектлериниң ҳәм зыяраттың өзине тәнликлерин үгит-нәсиятлаў бойынша маркетинг мапазларының нәтийжесизлиги туризмди жедел раўажландырыўға унамсыз тәсир етпекте.
Туризмди, бәринен бурын, жеке секторда раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, көрсетилип атырған хызметлердиң бәсекиге шыдамлылығын ҳәм сапасын арттырыў, миллий туризм өнимлерин дүнья базарында жедел ҳәм комплексли түрде үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине 2018-жыл 28-декабрьдеги Мүрәжатында билдирилген усынысларды әмелде енгизиў мақсетинде ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- Төмендегилер:
а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў Концепциясы (кейинги орынларда-Концепция) 1-қосымшаға муўапық:
туризм жумысы тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, туризмди раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған халықаралық нормаларды ҳәм стандартларды имплементациялаў;
туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм оптимал және қолайлы туризм орталығын жаратыў;
транспорт логистикасын раўажландырыў, ишки ҳәм сыртқы жөнелислерди кеңейтиў, транспорт хызметлериниң сапасын арттырыў;
туризм базарының түрли сегментлерине бағдарланған туризм өнимин ҳәм хызметлерин диверсификациялаў;
республика ишинде туризм хызметлерине болған зәрүрликти қанаатландырыўға бағдарланған туризм жумысы субъектлериниң белсендилигин хошаметлеўди тәмийинлейтуғын ишки туризмди раўажландырыў;
Өзбекстан Республикасы туризм өнимин халықаралық ҳәм ишки туризм базарларында үгит-нәсиятлаў, елимиздиң саяхат ҳәм дем алыў ушын қәўипсиз сыпатындағы имиджин беккемлеў;
туризм тармағы ушын кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў.
Концепция ҳәр жыл ушын өз алдына илажлар режесин тастыйықлаған ҳалда, оның тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетли параметрлериниң тийисли дәўир даўамында орынланыўына қарай басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгиленсин;
б) 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў Концепциясын әмелге асырыў бойынша 2019-жылға мөлшерленген илажлар режеси (кейинги орынларда-Илажлар режеси) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тийисли жыл бойынша Илажлар режесиниң орынланыў жуўмақларын таллаған ҳалда ҳәр жылы 1-декабрьге шекем кейинги жыл ушын Илажлар режеси жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы ПҚ- 3217-санлы қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (А.Н.Арипов) төмендегилерди тәмийинлесин:
барлық режелестирилген илажлардың нәтийжели шөлкемлестирилиўи, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;
Концепция ҳәм Илажлар режесиниң министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен орынланыўын мониторинг етиў, сондай-ақ, ҳәр шеректе усы Пәрманның орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына толық мағлыўмат киргизип барыў;
сырт елде Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў ҳәм сырт ел туристлерин тартыўға қаратылған биргеликтеги илажларды өткериў бойынша «Жол картасын» ҳәр жылы тастыйықлаў;
ҳәр жыллық Илажлар режесиниң орынланыўынан келип шығып, зәрүр болғанда, Концепция параметрлерине өзгерис киргизиў.
- 2019-жыл 1-февральдан баслап 3-қосымшаға муўапық мәмлекетлердиң пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) 2019-жыл 1-февральдан баслап пуқаралары электрон кириў визасын алыў имканиятына ийе болған мәмлекетлердиң дизимин 4-қосымшаға муўапық кеңейтиў;
б) 2019-жыл 15-марттан баслап 30 күнлик әмел етиў мүддети болған электрон кириў визасының төмендеги түрлерин бериў системасын енгизиў:
еки мәртелик, консуллық жыйымы 35 АҚШ доллары муғдарында;
көп мәртелик, консуллық жыйымы 50 АҚШ доллары муғдарында;
в) Өзбекстан Республикасына келетуғын сырт ел пуқараларының айырым топарлары ушын 5-қосымшаға муўапық қосымша (электрон болмаған) кириў визалары категорияларын бериўди енгизиў.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасына келетуғын сырт ел пуқараларының айырым топарлары ушын қосымша (электрон болмаған) визалары категорияларын енгизиў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- 6-қосымшаға муўапық сырт мәмлекетлердиң пуқараларына Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығын алыў ҳуқықы усынылсын.
Бул ҳуқық:
Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында-400 000 АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған муғдарда;
Самарқанд, Бухара, Наманган, Әндижан, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында-200 000 АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған муғдарда;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм республиканың басқа да ўәлаятларында-100 000 АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған муғдарда көшпес мүлкти сатып алған жағдайда берилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстанның логистика тартымлылығын түп-тийкарынан жақсылаў, сондай-ақ, жергиликли аэропортларда пәрўазларға сырт ел авиакомпанияларын тартыў жумысларын муўапықластырыў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда-Жумысшы топар) 7-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
биринши гезекте Европа ҳәм Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлери менен товар айланысы, тасылатуғын жолаўшылардың саны ҳәм инвестицияларды көбейтиў ушын республикадағы транспорт байланыс системасын түп-тийкарынан жақсылаў;
«зыярат» туризми бағдары арқалы туристлер ағымын арттырыў, соның ишинде, Индонезиядан турақлы авиақатнаўларды ашыў ушын авиакомпанияларды тартыў мәселелерин тезден шешиў;
туристлер ағымын тартыў мақсетинде пәрўазлардың стратегиялық әҳмийетли бағдарларын анықлаў;
елимиз аэропортларында жаңа жөнелислерди жолға қойыў мақсетинде сырт ел тасыўшылары ушын бейимлесиўши шегирмелер ҳәм преференциялар ситемасын ислеп шығыў;
өз-ара байланыстырыўшы қатнаўларды, соның ишинде, «мәўсимнен тысқары» дәўирде шөлкемлестириў арқалы узақ магистрал жөнелислерде жолаўшылардың санын көбейтиў;
сырт ел ҳәм жергиликли авиакомпаниялар менен сөйлесиўлер өткериў, сондай-ақ, олардың усынысларын көрип шығыў ҳәм оларды аэропортлар бойынша дурыс бөлистириў;
чартер рейслерин келисиў механизмин әпиўайыластырыў;
мәмлекеттеги айырым аэропортларда «Ашық аспан» режимин енгизиў;
жергиликли авиакомпаниялардың шөлкемлестирилиўине жәрдемлесиў мақсетинде нормативлик-ҳуқықый базаны қайта көрип шығыў;
мәмлекет ишинде интермодал тасыўларды (автобус, темир жол ҳәм авиатасыўлар) тәмийинлеў ушын туристлердиң транспорт тасыўын және де раўажландырыў бойынша ҳүжжетлерди ислеп шығыў;
авиакомпаниялардың қәрежетлерин азайтыў ҳәм тутыныўшылар ушын авиабилетлердиң баҳасын оптималластырыў;
мәмлекетимиз ўәлаятлары арасындағы ишки авиатасыўлар бағдарларының санын көбейтиў;
сырт ел жеткерип бериўшилеринен авиакеросин сатып алыў механизмин сатып алыў процесинде ашық-айдынлықты ҳәм бәсекиликти тәмийинлеген ҳалда жетилистириў.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Автомобиль транспорты агентлиги, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте блокчейн технологиясынан пайдаланған ҳалда рейслерди (автобус, авиа ҳәм темир жол) қолайлы тәризде байланыстыратуғын жол билетлерин сатыўды нәзерде тутатуғын республика транспорт системасының бирден-бир электрон порталын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери тийкарында шөлкемлестирсин ҳәм оның ислеў тәртибин белгилесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 8-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын түсиндириўге қаратылған басылымлар ҳәм тематикалық бағдарламаларды шөлкемлестирсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткери В.В.Махмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 5-январь