Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өткен дәўир ишинде электротехника санааты шөлкемлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды, бул болса өндиристиң жаңа түрлерин өзлестирген ҳалда өнимди ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў көлемин сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын жаратты.

Соның менен бирге, 2017-жылы электротехника санаатына киргизилген инвестициялардың салмағы республика бойынша улыўма инвестициялардың тек ғана 0,8 процентин, ЖИӨ қурамында электротехника өнимин ислеп шығарыў көлеми болса 1,5 процентти қурады.

Санаатта шийки зат базасының шекленгенлиги сырт ел аналоглары менен салыстырғанда оның өзине түсер баҳасы артыўына себеп болмақта. Соның менен бирге, шийки зат, материаллар ҳәм комплектлеўши буйымлардың импортында қосымша қун салығы мүддетин кешиктириўге имкан жаратыў ҳәм есапқа алыў механизминиң жоқлығы экспорт етиўши шөлкемлердиң айланыс қаржылары басқа мақсетлерге тартылыўына ҳәм қәрежетлердиң артыўына алып келмекте.

Электротехника санааты шөлкемлериниң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да раўажландырыў ҳәм арттырыў, заманагөй технологияларды енгизиў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Электротехника санааты кәрханалары, «Өзэлтехсанаат» АК акционерлериниң улыўма мәжилиси, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң;

«Өзэлтехсанаат» АК негизинде оның мүлки ҳәм мәмлекетке тийисли басқа да қуралларын, сондай-ақ, дебитор және кредитор қарыздарлығын («Өзэлтехсанаат» АК ға тийисли хожалық жәмийетлериниң көшпес мүлки ҳәм устав капиталындағы акциялар пакети (үлеси) буған кирмейди) өткерген ҳалда Өзбекстан электротехника санааты кәрханалары ассоциациясын (кейинги орынларда-«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы) шөлкемлестириў;

«Өзэлтехсанаат» АКға тийисли хожалық жәмийетлериниң көшпес мүлки ҳәм устав капиталындағы акциялар пакети (үлеси)н Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер:

ықтыярлы тийкарда ағза болған электротехника санааты кәрханалары ҳәм шөлкемлери «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы ағзалары есапланатуғыны;

атқарыў аппаратының дүзилмесин тастыйықлаў «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы шөлкемлестириўшилериниң улыўма мәжилиси қарары менен әмелге асырылатуғыны;

«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы баслығы ҳәм оның орынбасарлары шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилиси қарары менен сайланатуғыны;

«Өзэлтехсанаат» ассоциациясының жумысын ағымдағы тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыў «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы ағзаларының төлем ҳәм ажыратпалары және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

шийки затты қайта ислеў, жоқары қосымша қунлы таяр өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў бойынша бирден-бир комплекс сыпатында, соның ишинде, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм қоллап-қуўатлаў тийкарында санаатты турақлы раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;

ишки ҳәм сыртқы базарларда электротехника өнимлерине болған талап конъюнктурасын үйрениў ҳәм сол тийкарда өнимниң жаңа түрлерин өзлестириўде жәрдемлесиў, ишки базарды жоқары сапалы миллий электротехника өнимлери менен толықтырыў және оның экспорт географиясын, соның ишинде, ҳәр қыйлы мәлимлеме ресурслары ҳәм көргизбели илажларда миллий брендлерди алға қойыў ҳәм электротехника санааты кәрханаларының потенциалын көрсетиў арқалы кеңейтиў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;

электротехника өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жоқары технологиялық өндиристи өзлестириў ушын инвестицияларды, биринши гезекте, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға жәрдемлесиў, санаатты модерннизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, қәнигелескен жетекши сырт ел компаниялары менен биргеликтеги өндиристи шөлкемлестириў;

электротехника санааты тараўындағы стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасын халықаралық талаплар және стандартлар менен үйлестириў арқалы оны жетилистириў бойынша комплексли илажларды қабыл етиў;

аймақлардың потенциалын және де раўажландырыў перспективалары, шийки зат базасы, инфраструктура, мийнет ресурслары ҳәм базарлардың бар екенлигинен келип шыққан ҳалда элетротехника санааты кәрханаларын жайластырыўға жәрдемлесиў;

электротехника санааты тараўында кадрларды таярлаўға болған реал зәрүрлик ҳәм перспективалы бағдарларды анықлаў, қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў бағдарламаларын жетилистириўде қатнасыў, усы тараўда илимий-изертлеў жумысларын тереңлестириў;

санатты жедел раўажландырыўға ҳәм электротехника санааты кәрханаларының турақлы жумыс ислеўине тосқынлық ететуғын системалы машқалаларды анықлаў және сапластырыў, усы тараўдағы нызамшылықты және де жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Сино» АЖ мәмлекетлик акциялары пакетин инвесторларға таңлаў тийкарында «ноль»лик сатып алыў қуны бойынша кәрхананың кредиторлар алдындағы қарызын төлеў менен бир ўақытта кәрхананың жумысын жетилистириў ушын инвестициялар киргизиў шәрти менен тапсырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Өзэлтехсанаат» акссоциациясының:

СЭХ ТН кодлары 7411 топары бойынша мыс қубырлар экспортына қосымша қун салығының нольлик ставкасын қолланыў;

СЭХ ТН кодлары 7407-7410 ҳәм 7412-7419 топарлары бойынша мыстан соғылған өнимлер экспортына қосымша қун салығының нольлик ставкасын сатып алынған мыс бойынша қосымша қун салығы суммасының 50 процентин есапқа киргизиў, қалған ярымын кәрхана қәрежетлерине өткерген ҳалда 2020-жылдың 1-январына шекем қолланыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

  1. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы қурамына киретуғын элетротехника ҳәм электр-турмыслық өнимлерди ислеп шығаратуғын кәрханаларға 2020-жылдың 1-январына шекем өзиниң тийкарғы ҳәм жәрдемши өндирис орынлары ушын комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материаллар, сондай-ақ, олар тәрепинен әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар шеңберинде алып келинетуғын қурылыс материаллары импортында бажыхана декларациясы қабыл етилген күннен баслап қосымша қун салығын төлеўди 120 күнге кешиктириў имканияты берилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитети еки ай мүддетте қосымша қун салығын төлеўди кешиктириў бойынша қарыздарлық суммасын қосымша қун салығы бойынша улыўма есап-санақта жабыўды нәзерде тутатуғын «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы қурамына киретуғын электротехника ҳәм электр-турмыслық өнимлерди ислеп шығаратуғын кәрханаларға кешиктириў имканиятын бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. 2022-жылдың 1-январына шекем:

«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы мүлк салығын ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығын төлеўден азат етилетуғыны;

шәртнамалар бойынша шөлкемлердиң «Өзэлтехсанаат» ассоциациясына ажыратпалары юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы бойынша салық салынатуғын базадан шығарылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов бир ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Электротехника санаатында әмелдеги өндирис орынларын техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў «Жол картасы»н тастыйықласын:

әмелдеги электротехника кәрханаларын техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў бойынша 153,8 миллион АҚШ доллары муғдарындағы 22 инвестициялық жойбарларды 2019-2021-жылларда әмелге асырыў;

2021-жылға жоқары қосымша қунлы таяр электротехника ҳәм электр-турмыслық өнимлерди ислеп шығарыў көлемлерин 2 есеге арттырыў;

2021-жылда таяр электротехника ҳәм электр-турмыслық өнимлериниң экспорт көлемин 400 миллион АҚШ доллары муғдарына ерисиў;

жойбар қуны 500 миллион АҚШ доллары болған перспективалы инновациялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын сырт ел инвесторларын тартыў.

  1. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте электротехника санааты кәрханаларының бөлек жумсалған қәрежетлерин, соның ишинде, өзлеринде ислеп шығарылған өнимлерди экспорт етиўдеги транспорт қәрежетлерин субсидиялаў механизмин қолланыў бойынша сырт еллердиң тәжирийбесин енгизиў имканиятын үйренип шықсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы менен биргеликте электротехника санаатына инвесторларды ҳәм сырт елдин жетекши электротехника ҳәм электр-турмыслық өнимлерди ислеп шығарыўшыларды тартыў илажларын көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлиги еки ай мүддетте жергиликли ислеп шығарыўшыларға интеллектуаллық мүлкке болған ҳуқықларын оператив тәризде дизимге алыўда жәрдемлесиў ҳәм тараўды және де жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги:

«Өзекилемширеңлиметалл» АЖ ҳәм «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы менен биргеликте бир ай мүддетте өз қуйма қуўатлықларында яки тийисли реңли металларды ислеп шығаратуғын қәнигелестирилген кәрханаларда өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ушын өндриске қайта исленген шийки затты қайтадан тартқан ҳалда электротехника өнимлерин ислеп шығарыў нәтийжесинде пайда болатуғын реңли металлардың қыйындыларын ҳәм шығындыларын қайта ислеў механизмин жаратыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте бос турған өндирис объектлери негизинде электротехника санааты қәнигелестирилген киши санаат зоналары (технопарклер)н шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда электротехника санаатын басқарыўды буннан былай да жетилистириў, оны жедел раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 13-февральдағы ПҚ-2772-санлы қарарының 13-бәнтинде белгиленген жеңилликлердиң әмел етиўи өним ислеп шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде, шийки зат товарларын ислеп шығаратуғын кәрханалардан тысқары, республиканың барлық электротехника санааты кәрханаларына енгизилсин.
  2. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы электротехника санааты кәрханалары менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекем кадрлар таярлаў зәрүрлигинен келип шығып, электротехника санааты ушын кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, соның ишинде, билимлендириўдиң талап жоқары болған жаңа бағдарларын ашыў және билим алып атырғанлардың электротехника санааты кәрханалары ҳәм изертлеў мәкемелери негизинде маманлық әмелиятын өтеўи бойынша усынысларды Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте товарлар (жумыслар, хызметлер) дың мәмлекетлик сатып алыўлары шеңберинде өткерилетуғын тендерлерде, таңлаўларда жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын 20 процентке шекем болған баҳа преференциясы механизмин енгизиўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртибин жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.
  4. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы Ташкент қаласы, Шайхантоҳур районы, Фурқат көшеси, 1-жайда бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен жайластырылсын.

Онда «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы бул объектти реконструкциялаў ҳәм толық оңлаўды бурын белгиленген дәреклер есабынан жуўмақлаўды тәмийинлесин.

  1. Әдиллик министрлиги «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.С.Отажоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 4-январь