Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Сырт елдеги жетекши университетлер, илимий орайлар ҳәм басқа да шөлкемлерде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў системасын буннан былай да жетилистириў, социаллық тараў. мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономиканың баслы тармақларының жоқары маман кадрларға болған өсип атырған талабын қанаатландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры (кейинги орынларда – Қор) жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша 2019-жылға мөлшерленген илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қорының бағдарламаларына муўапық кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў ушын талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыў схемасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў ушын талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыў министрликлер менен уйымлардың мақсетли буйыртпалары тийкарында Қордың қаржылары (кейинги орынларда – Қордың стипендиялары) есабынан төмендеги бағдарлар бойынша әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:
билимлендириў;
илим ҳәм илимий изертлеўлер;
денсаўлықты сақлаў;
мәмлекетлик басқарыў;
экономиканың перспективалы тармақлары.
- 2019-2021-жылларда Қордың стипендиялары есабынан кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў бағдарламалары бойынша оқыўға жиберилетуғын кадрлардың прогноз муғдары 3-қосымшаға муўапық 4 000 орыннан аз болмаған муғдарда, Қордың стипендияларына ажыратылған улыўма орынлардың 20 процентинен кем болмаған муғдарын магистратурада ҳәм докторантурада оқыў ушын ажыратылатуғыны мақуллансын.
- а) министрликлер менен уйымлар ҳәр жылы 1-августқа шекем:
Қордың бағдарламалары бойынша сырт елдеги жетекши университетлер, илимий орайлар ҳәм басқа да шөлкемлерде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўге буйыртпалар портфелин қәлиплестиретуғыны;
кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша усынысларды Қорға киргизетуғыны, сондай-ақ, ең жақсы таярланған талабанларды Қордың таңлаўында қатнасыўы ушын усыныс беретуғыны;
б) Қордың қәўендерлик кеңеси:
Қордың стипендияларын алыў ушын бағдарлар бойынша талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыў бойынша кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўдиң тийкарғы қәнигеликлерин тастыйықлайтуғыны;
талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыўдың тийисли дәрежесин ҳәм сапасын тәмийинлеў мақсетинде таңлаў бағдарлары бойынша ажыратылған орынларды қайта бөлистириў бойынша қарарлар қабыл ететуғыны белгилеп қойылсын.
- Қордың Қәўендерлик кеңесине:
нәзерде тутылған лимитлер шеңберинде Қор стипендиялары бағдарлары бойынша орнатылған тәртипте қосымша таңлаўларды жәриялаўға;
өз алдына министрликлер ҳәм уйымлардағы хызметкерлердиң кәсиплик жумысының зәрүрлиги және өзине тән тәреплеринен келип шыға отырып, Қордың стипендияларына талабанларды таңлаў тийкарында сайлап алыў бағдарларына өзгерислер киргизиўге;
халықаралық тән алынған шөлкемлердиң рейтинги бойынша дүньядағы ең жақсы 500 ликтиң ямаса таңланған илим бағдары бойынша ең жақсы 200 ликтиң дизимине кирген сырт ел билимлендириў мәкемелери менен илимий орайлардың магистратурасы ямаса докторантурасына еркин түрде кирген ҳәм билим алып атырған Өзбекстан Республикасының пуқараларына Қордың стипендияларын ажыратыў бойынша қарарлар қабыл етиўге;
Қор қәрежетлери параметрлеринде сырт елдеги және жергиликли илимий мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын билимлендириў ҳәм изертлеў жойбарларын, соның ишинде, Қордың стипендияларына талабанларды шет тиллерге оқытыў бағдарламаларын қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутыўға рухсат берилсин.
- Министрликлер менен уйымлар еки ҳәпте мүддетте 2019-жыл ушын ажыратылған орынлардан келип шығып, сырт елде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша тийкарланған усынысларды Қорға усынсын.
Қордың Қәўендерлик кеңеси еки ай мүддетте Бир талабанға ажыратылатуғын Қор стипендиясының шекленген өлшемин ҳәм қаржыландырыў тәртибин белгилеў ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
Қор, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-мартына шекем Қордың стипендияларын алыўға талабанларды, әсиресе, республика аймақларында шет тиллерге оқытыўдың арнаўлы бағдарламаларын ислеп шықсын;
2019-жылдың 1-апрелинен баслап Қордың стипендияларын алыўға талабанларды шет тиллерге (инглис, немис, француз ҳәм басқалар) оқытыўдың арнаўлы бағдарламалары тийкарында мақсетли курсларды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-сентябрьдеги ПП-5545-санлы Пәрманында нәзерде тутылған дәреклер менен бир қатарда Қордың сырт елде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў бөлими бойынша қәрежетлерин қаржыландырыўдың қосымша дәреги етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры:
2019-жылы Қордың бағдарламалары бойынша сырт елде қадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўди қаржыландырыў ушын 3 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратсын;
Қордың тийкарланған талапнамалары бойынша сырт елде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў қәрежетлерин қаржыландырыўды тәмиийнлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети:
Өзбекстан Республикасы атынан дүзилетуғын инвестициялық келисимлерге инвесторлардың инвестициялары объекти болған шөлкемлер ушын сырт елде кадрларды (қәнигелерди), соның шинде, Қордың билимлендириў бағдарламалары бойынша оқытыў жолы менен таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўди қаржыландырыў бойынша миннетлемелери киргизилиўин әмелиятқа енгизсин;
Қор және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Қордың бағдарламалары шеңберинде сырт елде кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўди қаржыландырыў ушын халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң узақ мүддетли грант қаржыларын тартыў мәселесин ислеп шықсын ҳәм нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.
- Қор сырт елде билим алатуғын стипендиантлардың дәслепки муғдарын анықлап, кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша анық усынысларды бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери менен биргеликте Қорға төмендеги мәселелер бойынша жәрдем берилиўин тәмийинлесин:
халықаралық шөлкемлер, сырт еллердиң мәмлекетлик структуралары ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлери менен байланыс орнатыў және оларды кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў бойынша жойбарларды әмелге асырыўға тартыў;
республика қәнигелерин сырт елдеги жетекши университетлер, илимий орайлар ҳәм басқа да шөлкемлерде таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўге жибериў;
шериклер излеў ҳәм Қор стипендиантларын оқытыў ушын сырт еллердиң жетекши университетлери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиў ҳаққында тийисли келисимлерди дүзиў;
бир жылда кеминде еки мәрте Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелериниң қатнасыўында Қордың бағдарламалары бойынша кадрларды таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериўди шөлкемлестириў мәселелерин додалаў ушын видеоселектор мәжилисин өткериў.
- Министрликлер менен уйымлар бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине ҳәм Қорға:
мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларды әмелге асырыўға жетекши сырт ел экспертлерин, соның ишинде, сырт елде жасайтуғын ўатанласларды тартыў және олардың потенциалынан пайдаланыў мәселелерин ислеп шығыў ушын экономика тармақлары ҳәм тараўлары бойынша талап етилетуғын қәнигеликлердиң дизимин;
бурын тийисли министрликлер менен уйымлардың орайлық аппаратлары ҳәм структуралық бөлимлеринде ислеген, ҳәзир сырт елге шығып кеткен жоқары маманлықтағы қәнигелердиң дизимин киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлигине Қор тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Қор мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 4-январь