Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 17-ноябрьдеги 2119-888-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 13-декабрьдеги СҚ-348-888-санлы қарарларын орынлаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың 2019-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери прогнозы ҳәм 2020-2021-жылларға мақсетли мөлшерлери 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасының 2019-жыл ушын консолидацияласқан бюджети жыйналған параметрлери ҳәм 2020-2021-жылларға бюджет мөлшерлери 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджеттиң тийкарғы параметрлери 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттинен тысқары Пенсия қорының (кейинги орынларда – Пенсия қоры), Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў қорының 2019-жыл ушын тийкарғы параметрлери 4- 6-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2019-жыл ушын:

бирден-бир салық төлеминиң ставкалары 7-қосымшаға муўапық;

бирден-бир социаллық төлем ставкалары 8-қосымшаға муўапық;

жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық ставкалары 9-қосымшаға муўапық;

жер астынан пайдаланғаны ушын салық, қол қойылатуғын бонус ҳәм коммерцияға қолайлы табылма бонусы, айырым түрдеги өнимлер бойынша қосымша пайда салығының ставкалары 10-13-қосымшаларға муўапық;

суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық, физикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық, юридикалық ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын жер салығының ставкалары 14-16-қосымшаларға муўапық;

келип түсип атырған қаржыларды Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине өткерген ҳалда ишки ислер уйымларында дизимнен өткериўде автотранспорт қуралларының ийелери (пайдаланыўшылары) тәрепинен төленетуғын автотранспорт қуралларын сатып алғаны ҳәм (ямаса) Өзбекстан Республикасы аймағына ўақтыншалық алып киргени ушын жыйымлар және сырт еллердиң автотранспорт қуралларының Өзбекстан Республикасы аймағына кириўи ҳәм транзити ушын жыйымлар ставкалары 17-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2019-жылдың 1-январынан баслап:

бирден-бир салық төлеми ҳәм бирден-бир социаллық төлемниң ең аз муғдарлары;

жүк тасыў бойынша хызметлер көрсететуғын юридикалық шахслар ушын, салыққа тартыў системасына қарамастан, бир транспорт қуралына есаплағанда олар тәрепинен төленетуғын салықлардың жәми муғдары жеке тәртиптеги исбилерменлер усы жумыс түри бойынша төлеп атырған қатаң белгиленген салық муғдарынан аз болмаўы ҳаққындағы тәртип бийкар етилсин.

  1. Юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы ямаса абаданластырыў ҳәм социаллық инфрастуктураны раўажландырыў салығын төлеўден толық азат етиў көринисиндеги ўақтыншалық жеңилликлерге ийе болған юридикалық шахслар юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығын жеңилликлер әмел етиў мүддети тамамланғанға шекем еки есеге азайтылған ставкада төлеў тәртиби сақлап қалынсын.
  2. Белгиленген ставкадан келип шығып есапланған ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине төленетуғын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы суммасы пуқаралардың жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине өткерилетуғын ҳәр айлық мәжбүрий төлемлер суммасына азайтылыўы орнатылсын. Бул төлемниң муғдары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы салынатуғын дәраматларынан 0,1 процент муғдарында есаплап шығарылады.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине зәрүр мәлимлемелерди усынған ҳалда жумысшы-салық төлеўшиниң есабын жеке тәртипте алып барыўды нәзерде тутып, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы менен бирден бир социаллық төлемниң бирден-бир салық есабаты түрин белгиленген тәртипте ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап юридикалық шахслар хызмет көрсететуғын банклерден мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер ушын пул қаржыларын алыўда (ямаса пластик карталарға өткериўде) бирден-бир социаллық төлем және физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеў бойынша төлем ҳүжжетлерин усыныўы зәрүрлиги нәзерде тутылсын.
  2. Жумыс бериўши шөлкемлерге салық жүгиниң, соның ишинде, бирден-бир социаллық төлемниң азайтылыўы нәтийжесинде босайтуғын қаржылар есабынан хызметкерлер мийнет ҳақысының муғдарын арттырыў усыныс етилсин.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте мийнетке ҳақы төлеў қорын тийкарсыз азайтыў жағдайларын анықлаў мақсетинде хожалық жүргизиўши субъектлер жумысының мониторингин әмелге асырсын.

Салық төлеўшилер 2019-жыл 1-апрельге шекем хызметкерлер саны ҳәм (ямаса) мийнетке ҳақы төлеў қорын қәлеўли түрде есабатларда рәсмийлестирген ҳәм сәўлелендерген жағдайда бурынғы есап бериў дәўирлеринде хызметкерлердиң санын жасырғаны ушын жуўапкершиликтен, бурын көрсетилмеген хызметкерлер бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын ҳәм бирден-бир социаллық төлем суммасын қосымша есаплаўдан азат етилсин.

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

календарь жылында товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан алынған түсими 100 миллион сумнан артқан, бирақ бир миллиард сумнан артпаған жеке тәртиптеги исбилерменлердиң бирден-бир салық төлемин 4 процент ставкада төлеўге өткериледи;

календарь жылында товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан алынған түсими 100 миллион сумнан артпаған жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салықты есаплаў ҳәм төлеў тәртиби сақлап қалынады;

календарь жылында товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан алынған түсими бир миллиард сумнан асқан жеке тәртиптеги исбилерменлер салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди юридикалық шахслар ушын нәзерде тутылған тәртипте төлейди;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети 2019-жыл 1-февральға шекем жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализиациялаўдан алынған түсимди есаплаў ҳәм салықлар төлеў тәртибин тастыйықласын.

  1. Төмендегилер:

а) 2019-жыл 1-январьдан:

бир ўақыттың өзинде мобиль байланыс хызметлерин көрсетиўши юридикалық шахслар (уялы байланыс компаниялары) тәрепинен абонент номеринен пайдаланғаны ушын төлем ҳақысын айына 2000 сумға азайтыў және қаржыларды 18-қосымшаға муўапық нормативлерге тийкарланып бөлистирген ҳалда көрсетилген хызметлердиң улыўма қунынан 15 процентлик ставкада мобиль байланыс хызмети ушын акциз салығы;

бир ўақыттың өзинде полиэтилен гранула бойынша қосымша пайда салығын бийкар еткен ҳалда 25 процент муғдарындағы полиэтилен гранулаларға акциз салығы;

б) 2019-жыл 1-марттан қатаң белгиленген салық пенен бир қатарда адвалор ставканың киргизилиўин нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған сигареталарға акциз салығының аралас ставкасы киргизилсин.

2019-жыл 1-июльден алкоголь ҳәм темеки өнимлерине белгиленген ставкаларды қосымша түрде 20 процентке шекем арттырған ҳалда 2019-жыл ушын акциз салығына тартылатуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылатуғын (көрсетилетуғын) товарларға (хызметлерге) акциз салығының ставкалары 19-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2019-жыл 1-июльден товарлар (жумыслар, хызметлер)ды сатып алыўшылар қосымша қун салығын төлеўшилери болып есапланбайтуғын жеткерип бериўшилерден алынған есап-фактуралар бойынша қосымша қун салығын есапқа алыў ҳуқықына ийе емес. Онда, салық төлеўшилердиң мәмлекетлик салық хызмети уйымларында қосымша қун салығының төлеўшиси сыпатында есапқа алынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң рәсмий сайты арқалы реал ўақыт режиминде анықланатуғыны белгиленсин.
  2. 2019-жыл 1-январьдан:

цемент ҳәм клинкер ушын қосымша пайда салығы;

пайдалы хызмет мүддети тамамланған, толық гөнерген үскенелерден пайдаланыў ушын төлем бийкар етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық, физикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық, жер салығын төлеўшилердиң толық қамтып алыныўын ҳәм олардың есабының анық жүргизилиўин тәмийинлеў бойынша комплексли илажларды көрсин.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық, юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы ҳәм жер ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық бойынша салық есабатларын дүзиўде хожалық субъектлерине жәрдем берсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда 2019-жыл 1-майға шекем екинши ҳәм оннан кейинги турақ жай қорының объектлери, сондай-ақ, дала-ҳәўлилери ушын физикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салықтың арттырылған ставкаларын киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 2019-жылда бирден-бир жер салығын төлеўшилер ушын салыққа тартыўдың әмелдеги тәртибиниң сақлап қалынатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2019-жыл 1-январьдан тәжирийбе түринде мийўе-овощ өнимлери (овощ, палыз егинлери, мийўелер, жүзимгершилик) менен бәнт етилген суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын жерлер ушын мийўе-овощ жетистириў аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшыларынан өндирилетуғын бирден-бир жер салығының базалық ставкалары 20-қосымшаға муўапық киргизилсин.

  1. 2019-жыл ушын жергиликли жыйымлардың шекленген ставкалары 21-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм «Салық хызмети» МУК пенен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем фермер хожалықларына бухгалтериялық есапты жүргизиў бойынша хызмет көрсетиў ушын арнаўлы программалық өнимди ислеп шықсын ҳәм енгизсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги программалық өнимди ислеп шығыў ҳәм енгизиў, фермер хожалықларының бухгалтериялық есабын жүргизиў және есабатлар дүзиў қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан белгиленген тәртипте қаржыландырылыўын тәмийинлесин.

  1. Қарызды өндириўди салық төлеўшилердиң мүлкине қаратыў ушын салық бойынша қарызлардың ең аз муғдарлары 23-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Мүлкти ижараға бериўден алынатуғын дәраматларды салыққа тартыў шәртнамада белгиленген ижара төлеми суммасынан келип шыққан ҳалда, бирақ:

юридикалық шахслар ушын, мәмлекетлик көшпес мүлктен пайданланғаны ушын ижара төлеминиң ең аз ставкаларынан;

мүлкти ижараға бериўши физикалық шахслар ушын 24-қосымшаға муўапық белгиленген ижара төлеминиң ең аз ставкаларынан келип шыққан ҳалда есапланған суммадан аз болмаған муғдарда белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалардың бийкар етилиўи, сондай-ақ, бирден-бир салық төлеми қурамының өзгериўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

а) 2019-жыл 1-январьдан:

социаллық тараў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша мәнзилли бағдарламаларды қаржыландырыў ҳәм келисиў функцияларын Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине жүклеген ҳалда Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорын;

тараўды раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў және мелиоративлик объектлерди реконструкциялаў ҳәм қурыў, магистрал (ўәлаятлараралық) коллекторларды оңлаў ҳәм тиклеў бойынша буйыртпашы функцияларын Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигине, мелиоративлик объектлерди реконструкциялаў ҳәм қурыў, оңлаў-тиклеў жумыслары бойынша мәнзилли бағдарламаларды қаржыландырыў ҳәм келисиў функцияларын болса Қаржы министрлигине жүклеген ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў қорын;

Аралбойы регионын раўажландырыў бағдарламасын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қәрежетлерди айрықша қатарда көрсеткен ҳалда қаржыландырыў арқалы Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аралбойы регионын раўажландырыў қорын сапластырыў;

б) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Республикалық жол қоры (кейинги орынларда – Республикалық жол қоры)н Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитетиниң қарамағына өткериў және:

жол хожалығы тараўындағы қурылыс, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша мәнзилли бағдарламаларды қаржыландырыў және келисиў, сондай-ақ, автомобиль жолларынан пайдаланыў ҳәм сақлаў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў, Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, оның аймақлық бас басқармалары, районлық жоллардан пайдаланыў кәрханалары, жоллардан турақлы пайдаланыў кәрханалары, көпирлерден пайдаланыў кәрханалары, Республикалық жол қоры ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясын сақлаў функцияларын Қаржы министрлигине жүклеў;

басқарма хызметкерлериниң шекленген санын 9 бирликтен ибарат етип белгилеген ҳалда Республикалық жол қорын жол хожалығы тараўында халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша атқарыўшы уйым сыпатында белгилеў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Сапластырылып атырған мәмлекетлик мақсетли қорларына ҳәм Республикалық жол қорына 2019-жыл 1-январьдан кейин түсетуғын мәжбүрий ажыратпалардың суммасы толық муғдарда Пенсия қорына өткерилетуғыны. Бул төлемлер бойынша артықша төленген суммалар Пенсия қорынан төленетуғыны;

сапластырылып атырған мәмлекетлик мақсетли қорлардың ҳәм Республикалық жол қорының (хызметкерлерди материаллық хошаметлеў арнаўлы есап-бетинен тысқары) 2018-жылдың жуўмағы бойынша қалдық қаржылары Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетке өткерилетуғыны және жуўмақланбаған қурылыс-оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары кейин ала Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан қаржыландырылатуғыны;

сапластырылып атырған мәмлекетлик мақсетли қорлардың 2019-жыл 1-мартқа шекемги дәўир ушын хызметкерлерине төленетуғын мийнет ҳақы, компенсация төлемлери ҳәм басқа да қәрежетлерди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

сапластырылып атырған мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм Республикалық жол қоры тәрепинен бурын тартылған сырт ел кредитлерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қайтарсын;

сапластырылып атырған мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм Республикалық жол қорының қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери ўазыйпа жағынан классификацияланыўының тийисли тармақлары бойынша көрсетсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте мәмлекетлик мақсетли қорларды сапластырыў ҳәм өткериў жумысларын шөлкемлестириў, олардың активлери менен миннетлемелерин хатлаўдан өткериўди ҳәм қабыллаў-тапсырыўды әмелге асырыў, соның ишинде, қарызларды өндириў ямаса үмитсиз қарыздарлықты есаптан шығарыў бойынша усыныслар киргизиў ушын сапластырыў комиссиясын шөлкемлестирсин.

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа және жерлеў мәресими ушын напақаларды төлеў қәрежетлерин қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жыл 1-январь ҳалатына пенсияларды дурыс төлеў бойынша тексериўлер нәтийжесинде анықланған пуқараларға артықша төленген пенсия суммасының қалдықларын есаптан шығарсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм биринши гезектеги төлемлерди өз ўақтында қаржыландырыўды тәмийинлеў мақсетинде бюджет қаржыларын алыўшыларға бюджет қаржыларын ажыратыўды бурын ажыратылған қаржыларды әмелде өзлестирилиўине қарап әмелге асырсын.

Министрликлер менен уйымлардың бюджеттен тысқары қорларына салық болмаған төлемлерден ажыратпалардың нормаларын өзгертиў, сондай-ақ, жаңа түрдеги ажыратпаларды енгизиў келеси жылдың басынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Ишки тутыныў базарында баҳаны турақластырыўға жәрдемлесиў қоры сапластырылсын.

Ишки тутыныў базарында баҳаны турақластырыўға жәрдемлесиў қорынан бурын ажыратылған қаржылар ҳәм оның қалдықлары Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине өткерилиўи шәрт екенлиги белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2019-жыл 1-марттан баслап министрликлер, уйымлар, мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм басқа да бюджет қаржыларын бөлистириўшилер бюджеттен ажыратылған қаржылар, бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорларының қаржыларынан пайдаланыў, өткерилген таңлаў (тендер)лар ҳәм сатып алынған товарларды жеткерип бериў ҳаққындағы тийисли мәлимлемени өз рәсмий веб-сайтларында жайластырады.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

2019-жыл даўамында қатаң белгиленген купон ставкасында 5 жыл ҳәм оннан артық айланыс мүддетине ийе болған 500 миллион АҚШ долларынан аз болмаған суммада Өзбекстан Республикасының суверен облигацияларын шығарсын ҳәм жайластырсын;

2019-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасы Есап палатасы менен биргеликте айырым бюджет шөлкемлери ҳәм бюджеттен қаржы алыўшылардың жумысын толық өзин-өзи қаржыландырыўға өткериў бойынша үйрениўлерди әмелге асырсын;

2019-жылдан баслап нольлик ставканы қолланыў нәтийжесинде жүзеге келген қосымша қун салығы бойынша артықша сумманы қайтарыўды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети дәраматларын усы суммаға азайтқан ҳалда әмелге асырсын.

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап 14 жасқа толған балалары бар шаңараққа напақалар, баласы еки жасқа толғанға шекем оны тәрбиялаў бойынша напақалар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы жәрдемге мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем муғдарлары 25-қосымшаға муўапық белгиленсин.
  2. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин ҳәм мәпдарлығын күшейтиў. олардың дәраматлары бойынша ўәкилликлери менен қәрежетлери бойынша миннетлемелерин арттырыў мақсетинде 2019-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер:

а) төмендеги дәраматлар:

физикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық, физикалық шахслардан алынатуғын жер салығы, физикалық шахслардың мүлкти ижараға бериўден алған дәраматларынан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық, суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық (электр станцияларынан тысқары), бирден-бир жер салығы, айырым түрдеги товарлар менен усақлап сатыў ҳуқықы ҳәм айырым түрдеги хызметлерди көрсетиў ушын жыйымлар, базарлардан түсетуғын дәраматлар, сондай-ақ, 26-қосымшаға муўапық руда емес қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланғаны ушын салық түсимлери, нызам бузыўшылықлардың айырым түрлери ушын жәриймалар районлар ҳәм қалалардың бюджетлерине;

Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласы қалалық бюджети менен районлар ҳәм қалалардың бюджетлери арасында бөлистирген ҳалда юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы, юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық, бирден-бир салық төлеминен ажыратпалар, алкаголь өнимлери, пиво, бензин, дизель жанылғысы ҳәм газдиң усақлап сатыў реализациясына акциз салығы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетлерине өткерилиўи;

б) қосымша қун салығы түсимлериниң бир бөлеги (товарларды импорт етиўде алынатуғыны буған кирмейди), физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы (мүлкти ижараға бериўден алынған дәраматлар буған кирмейди), юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы (Өзбекстан Республикасында турақлы мәкеме арқалы жумыс ислеп атырған Өзбекстан Республикасы резиденти емес тәрепинен төленетуғыны, сондай-ақ, резидент еместиң дәраматларынан төлем дәрегинде услап қалынатуғыны буған кирмейди) Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети менен Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласы қалалық бюджети арасында бөлистирилиўи;

в) бюджет шөлкемлерин қаржыландырыўды 27-қосымшаға муўапық Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине өткериў;

г) Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети менен Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласы қалалық бюджети арасында бөлистирилетуғын салықлардан (жер астынан пайдаланғаны ушын салық ҳәм темеки өнимлери ушын акциз салығы оған кирмейди) жергиликли бюджетлерге ажыратпалар 50 проценттен аз болған жағдайда, усы салықлар бойынша дәраматлардың прогноздан арттырып орынланыўынан пайда болған қаржылардың 50 проценти жергиликли бюджетлерге қайтарылыўы;

д) Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң дәраматлары менен қәрежетлериниң көлемлерин тастыйықлаў бойынша қарарларды қабыл етиўде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслерине;

қәрежетлердиң жетиспей атырған суммасын өз алдына районлар ҳәм қалалардың бюджетлерин режелестириўде қәлиплесетуғын артықша дәраматларды Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджети менен районлар ҳәм қалалардың бюджетлери арасында қайта бөлистириў есабынан қаплаў;

қосымша қун салығы (импорт етилетуғын товарларға қосымша қун салығы буған кирмейди), физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы (мүлкти ижараға бериўден алған дәраматларынан алынатуғын салық буған кирмейди), юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы  (Өзбекстан Республикасында турақлы мәкеме арқалы жумыс ислеп атырған Өзбекстан Республикасы резиденти емес тәрепинен төленетуғыны, сондай-ақ, резидент еместиң дәраматларынан төлем дәрегинде услап қалынатуғыны буған кирмейди)ның бир бөлегин тийисли аймақларда қалып атырған дәраматлар шеңберинде бағдарлаў;

дәраматлар прогнозының арттырып орынланған қаржылардан бир бөлегин аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ушын тийисли районлар ҳәм қалалардың бюджетлерине өткериў бойынша ўәкилликлердиң берилиўи нәзерде тутылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жылдың январь айында Орайлық банк пенен биргеликте 2018-жылғы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң орынланыўы ҳаққындағы есабатта өткерилген операцияларды көрсеткен ҳалда оның орынланыўы бойынша жуўмақлаўшы операцияларды нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырсын, соның ишинде:

жоқары ҳәм төмен туратуғын бюджетлер арасындағы өз-ара қарыздарлықтың толық көлемде қапланыўын нәзерде тутатуғын бюджетлераралық қатнасықларды тәртипке салыў;

сапластырылып атырған мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм Республикалық жол қоры қаржыларының 2018-жыл 31-декабрь ҳалатына қалдықларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети дәраматларында көрсетпеген ҳалда Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине өткериў;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қорының 2018-жыл 31-декабрь ҳалатына өзлестирилмеген қалдықларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет дәраматларында көрсетпеген ҳалда Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине өткериў.

  1. Суў тәмийнаты шөлкемлери тәрепинен тартылған халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт елдиң ҳүкиметлик қаржы шөлкемлери қарызлары ҳәм кредитлериниң қайтарылыўы жетиспеген бөлегинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери суў тәмийнаты шөлкемлериниң финанслық жағдайын қатаң қадағалаў, олардың қаржы ағымлары үстинен мониторинг алып барыўды тәмийинлесин, кредитлерге хызмет көрсетиў бойынша қосымша қаржыларды өндириў илажларын көрсин ҳәм қаржылар жетпеген жағдайларда, тийкарғы қарыз ҳәм процент төлемлериниң қапланбаған бөлегин Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәраматлары есабынан қаржыландырсын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматлары бар болмаған ҳәм қарыздарлықты төлеў мүддетлери келген жағдайларда қарыздарлық өз ўақтында өширилмеўине жол қойған ҳәм суў тәмийнаты шөлкемлериниң финанслық ағымлары үстинен мониторингти тәмийинлеў бойынша усыныслар киргизген ҳалда олардың халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлери алдындағы қарыздарлығын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәраматлары есабынан қаплаў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги 2019-жылдың ақырына шекем пенсиялар тайынланыў жағдайы ҳәм олардың төлем муғдарлары ҳаққындағы мағлыўматларды бериў, сондай-ақ, кейин ала Пенсия қорының мағлыўматлар базасы менен интеграцияласыўын әмелге асырған ҳалда бала туўылғанда берилетуғын напақа ҳәм жерлеў мәресими ушын напақалар тайынлаў ушын мүрәжатлер бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесиниң толық автоматластырылыўын тәмийинлесин.
  2. 2019-жыл ушын төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң дәраматлар ҳәм қәрежетлер көлемлери, Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен мақсетли социаллық трансфертлердиң муғдарлары 28-қосымшаға муўапық;

2019-жыл ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине улыўма мәмлекетлик салықлар түсимлеринен ажыратпалардың нормативлери 29-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң айланыс касса қаржыларының жол қойылатуғын ең аз муғдарлары 30-қосымшаға муўапық;

2019-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қоры және Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджети, районлар менен қалалардың бюджетлериниң резерв қорларының муғдарлары 31-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўиспизлик кеңеси Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем бюджет шөлкемлериндеги бар арнаўлы қорғаў постларының санын сын көзқарастан үйренсин ҳәм олардың санын оптималластырыўды нәзерде тутқан ҳалда арнаўлы қорғаўды талап етилетуғын шөлкемлердиң жаңаланған дизимин тастыйықласын.
  2. 2019-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлемин 2018-жыл ушын белгиленген муғдарларда сақлап қалған ҳалда 2019-жыл 1-майдан баслап олардың муғдарлары 32-қосымшаға муўапық белгиленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң 2018-жылғы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мақсетли мәмлекетлик қорларының тийкарғы параметрлерин төмендеги көлемлерде анықластырыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети дәраматлары 62 500 миллиард сум, қәрежетлери – 74 000 миллиард сум муғдарында;

Пенсия қорының дәраматлары 23 520 миллиард сум ҳәм қәрежетлери – 20 483 миллиард сум муғдарында;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорының дәраматлары 3 807,6 миллиард сум ҳәм қәрежетлери – 3 807,6 миллиард сум муғдарында.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының 2010-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери ҳәм Мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳаққында»ғы 2009-жыл 22-декабрьдеги ПҚ-1245-санлы қарары 24-бәнтиниң әмел етиўи 2020-жылдың 1-январына шекем создырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 33-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары 2019-жыл 1-январьдан 34-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекем нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 26-декабрь