Ўзбекистон Республикаси Ички ишлар вазирлигининг байроғи ва эмблемаси намуналарини тасдиқлаш тўғрисида

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә  р м а н ы

Ишки ислер уйымларының бирлигин, хызметкерлерди Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, олар тәрепинен «Халық мәплерине хызмет етиў» хызмет ўазыйпасының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ишки ислер уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 12-апрельдеги ПҚ-2883-санлы қарарына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң байрағы ҳәм эмблемасының үлгилери 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Байрақ ҳәм эмблеманы таярлаў, пайдаланыў ҳәм сақлаў тәртиби Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри тәрепинен тастыйықланады.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 24-декабрь

 

*   *   *

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2018-жыл 24-декабрьдеги ПП-5602-санлы Пәрманына

1-қосымша

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги байрағының

СЫПАТЛАМАСЫ

1.jpg

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң байрағы (кейинги орынларда – байрақ) тоқ күл рең туўрымүйешли гезлеме болып табылады.

Байрақтың алды ҳәм арқа тәреплериниң орайында геральдикалық белги – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң эмблемасы сүўретленген. Эмблема диаметри 98 сантиметрли шеңбердиң ишине сызылған.

Байрақтың узынлығы 250 сантимертге, ени 125 сантиметрге тең.

Байрақ басқа өлшемлерде де болыўы мүмкин, бирақ барлық жағдайларда байрақтың ени менен узынлығы 1:2 қатнаста болыўы шәрт.

 

*   *   *

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2018-жыл 24-декабрьдеги ПП-5602-санлы Пәрманына

2-қосымша

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң геральдикалық белгиси – эмблемасының

СЫПАТЛАМАСЫ

2 (1).jpg

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң геральдикалық белгиси – эмблемасы шетлери бронза реңде жийек пенен айлана сызылған тоқ гүмис шеңбер көринисине ийе. Ишки сызықтың орайында өмир күшин сәўлелендиретуғын қызыл реңли жол-жол сызық түсирилген.

Шеңбер сызығының жоқары бөлегинде бронза реңли тиккелей баспа ҳәриплерде латын әлипбесинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI» төменги бөлегинде «ICHKI ISHLAR VAZIRLIGI» сөзлери жазылған. Жазыўлар тәртипти, мәртликти ҳәм абырай-даңқты сәўлелендиретуғын еки сегиз қырлы жулдыз бенен бир-биринен ажыратылған.

Шеңбердиң орайында Әмир Темур әскерлери тәрепинен пайдаланылған және ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлерден қорғаўды билдиретуғын шеңбер тәризли қалқан сәўлелендирилген. Қалқанның орайында шеңбердиң ишине сызылған оңға айланыўды билдиретуғын октограмма болып, ол тәртип, теңсалмақлылық ҳәм камалатқа жетисиўди аңлатады. Қалқанның шетлери миллий орнамент пенен безелген.

Қалқанның артында ушлары төменге қаратылған ҳәм диагональ тәризде кесилискен еки қылыш – күш ҳәм қорғаўдың ески символы жайласқан. Қылышлардың сабы Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары жумысының тийкарғы принциплери – нызамлылық, бирлик, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў және ҳүрмет етиў, ашық-айдынлықты сәўленедиретуғын төрт сызықтан ибарат.

Қалқанның жийеги графит күл рең, қылышлар гүмис реңде.

Қалқан ҳәм қылышлардың артында алтын реңде исленген, қанатлары жайылған, әўмет ҳәм бахыт нышаны болған Қумай қусы сәўлеленген. Бундай орналасыў мәмлекетте тынышлық ҳәм татыўлықтың қорғалғанын, ишки ислер уйымлары халықтың мәплерине хызмет ететуғынын билдиреди.

Геральдикалық белги бир реңли (силуэт) көринисте ислениўи мүмкин.