Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси  ҳәм Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өсипиримлер спорт мектеби биргеликте 2005-2008-жыллар аралығында туўылған ул ҳәм қыз балалар арасында жүзиўдиң «Кроль» (еркин) усылы бойынша қысқы бириншилик турнирин өткерди.

2018-жыл – «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 26 жыл толыўы мүнәсибети менен өткерилген илаждың мақсети – жасларды спортқа,  атап айтқанда, спорттың жүзиў түрине және де кеңирек тартыў, өсип киятырған жас әўладты суў спортының әҳмийети менен таныстырыў, жас спортшыларды таңлап алыў, олардың қәбилетлерин көрсетиўге шараятлар жаратыў болып табылады.

Жәми 40 қа шамалас жас өспирим қатнасқан беллесиўде 2005-2006-жыллары туўылған қыз балалар арасында Г.Әбдиреймова биринши, Д.Бахтиярова екинши ҳәм Қ.Мақсетова үшинши орынды ийеледи. Ал, ул балалардан 1-орынға А.Муратов, 2-орынға Ж.Улымбетов, 3-орынға А.Гафуровлар ылайық деп табылды.

– Мен спорттың жүзиў түри менен үш жылдан берли шуғылланаман,-дейди Нөкис қаласындағы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Диларам Бахтиярова. – Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен өткерилген турнирде 100 метрге еркин усылда жүзиў бойынша сыйлы екинши орынды алдым. Турнирдиң шөлкемлестириўшилерине ҳәм устазым Р.Ильясовқа өз миннетдаршылығымды билдиремен.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.