Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Соңғы жылларда елимизде шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў, руўхый жақтан жетик ҳәм физикалық саламат шахсты камалға келтириў тараўында турақлы жумыслар әмелге асырылды, спорт, соның ишинде, оның техникалық ҳәм әмелий түрлери менен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар жаратылды.

Соның менен бирге, Қураллы Күшлерди үскенелеў ушын келтирилип атырған заманагөй әскерий техника ҳәм қурал-жарақлар дәрежеси илим-техника раўажланыўы жетискенликлерине оператив ҳәм мүнәсип түрде итибар қаратыў зәрүрлигин және шақырыўға шекем болған жасларды әскерий хызметке таярлаў системасын жетилистириўди талап етпекте.

Өсип киятырған жас әўладты мәнаўий-әдеп-икрамлылық ҳәм әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, онда, елимиз суверенитети менен ғәрезсизлигин қорғаў бойынша миннет сезимин қәлиплестириў бағдарындағы илажлар зәрүр дәрежеде алып барылмай атыр.

Спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин раўажландырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар кемшиликлер бар, атап айтқанда:

спорттың усы түрлери бойынша қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыўдың пухта системасы жолға қойылмаған;

спорт кадрларын материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасы енгизилмеген;

сайланды командаларды таярлаў ҳәм жарыслар өткериў ушын спорт инфраструктурасы менен материаллық-техникалық базасы жетерли емес;

халық, әсиресе, жас әўлад арасында спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин ғалаба ен жайдырыў бойынша тәсиршең илажлар көрилмей атыр.

Шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша ҳәм пуқараларды ғалабалық техникалық кәсиплерге сапалы таярлаўды шөлкемлестириў, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин және де раўажландырыў, өсип киятырған жас әўладты мәнаўий-әдеп-икрамлылық руўхында тәрбиялаў бойынша жумысты жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы қорғаныўына көмеклесетуғын «Ватанпарвар» шөлкеми Орайлық кеңеси тәрепинен 1-қосымшаға муўапық билимлендириў мәкемелери менен автодромларды олардың тийкарғы қураллары, оқыў ҳәм материаллық-техникалық базасы менен биргеликте мүлк етип мәмлекетке бийғәрез бериў ҳаққында қабыл етилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги билимлендириў мәкемелери менен автодромларды олардың тийкарғы қураллары, оқыў ҳәм материаллық-техникалық базасы менен бирге оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында қабыл етип алсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы қорғаныў ислери басқармалары (кейинги орынларда – қорғаныў ислери басқармалары) жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайларын (кейинги орынларда – Орайлар) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Орайға Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Орай директоры статусы ҳәм мийнетке ҳақы төлеў (пул тәмийнаты) шараятларына муўапық қорғаныў ислери басқармасы баслығының орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Орай пуқара хызметкерлериниң мийнет ҳақы қорғаныў ислери басқармаларының пуқара хызметкерлери ушын белгиленген тәртип ҳәм өлшемлерде төленетуғыны;

Орайлардың жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

қорғаныў ислери басқармалары Орайларда таярлықтан, қайта таярлықтан өткен ҳәм қәнигелигин арттырған автомототранспорт қураллары айдаўшыларының, сондай-ақ, ғалабалық техникалық кәсиплердиң басқа қәнигелериниң есабын жүргизетуғыны;

Орайлардың жумысы шөлкемлестирилгенге шекем шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў әмелдеги тәртипке муўапық әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилерге:

а) Орайларға:

автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын, сондай-ақ, ғалабалық техникалық кәсиплердиң басқа қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахсларға төлемли хызметлер көрсетиў;

автомототранспорт қураллары айдаўшыларын, сондай-ақ, ғалабалық техникалық кәсиплердиң басқа қәнигелерин таярлаў ушын Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги бөлимлериниң оқыў ҳәм материаллық-техникалық базасынан бийғәрез пайдаланыў;

б) Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине Орайлардың төлемли хызметлер көрсетиўден түскен бос қаржыларды коммерциялық банклердиң дипозитлерине жайластырыў, кейин ала олар бойынша төленген процентлерден:

жасларды мәнаўий-әдеп-икрамлылық ҳәм әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жумысын әмелге асырыў ушын;

Орайлардың және Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң материаллық-техникалық базасын қурыў, оңлаў, беккемлеў ҳәм раўажландырыў ушын пайдаланыўға рухсат берилсин.

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы қорғаныўына көмеклесетуғын «Ватанпарвар» шөлкеми (кейинеги орынларда – «Ватанпарвар» ҚКШ) жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

жаслар менен пуқараларды мәнаўий-әдеп-икрамлылық ҳәм әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың санасына ўатансүйиўшилик, Ўатанға мухаббат, иске жуўапкершиликли мүнәсибет, әскерий хызметке ҳүрмет сезимлерин сиңдириў;

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлериниң раўажландырылыўы ҳәм ғалаба ен жайдырылыўын тәмийинлеў, спорт шөлкемлери менен командаларының жумысына көмеклесиў;

балалар, өспиримлер ҳәм шақырыўға шекем болған жаслар арасында ғалабалық спорт жумысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

жаслар ҳәм пуқараларды қорғаў тараўындағы басланғыш билимлерге оқытыўда және оларды әскерий хызметке таярлаўда мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына көмеклесиў;

автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын, сондай-ақ, ғалабалық техникалық кәсиплер қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў;

сондай бағдарлар бойынша жумыс ислеп атырған халықаралық шөлкемлер менен жедел бирге ислесиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-августтағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң мәнаўий-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-3898-санлы қарары менен дүзилген Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер системасында мәнаўий-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў концепиясын әмелге асырыў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясына ҳәм оның аймақлық комиссияларына:

«Ватанпарвар» ҚКШға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда оған жақыннан көмеклесиў;

жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўды шөлкемлестириў, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин раўажландырыў бойынша өткерилип атырған илажлардың нәтийжелилигин үйрениў, бар машқалаларды шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў миннетлемеси жүкленсин.

  1. Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў тараўындағы жумысты жетилистириў бойынша «Жол қартасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги «Ватанпарвар» ҚКШ менен биргеликте:

жаслар арасында оларда ўатансүйиўшилик, Ўатанға мухаббат, иске жуўапкершиликли қатнасық, әскерий хызметке ҳүрмет сезимлерин тәрбиялаў, елимиздиң суверенитети менен ғәрезсизлигин қорғаў бойынша жоқары миннет туйғысын қәлиплестириў бағдарындағы жумысларды күшейтсин;

жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға бағдарланған ҳәр қыйлы спорт ҳәм басқа да илажларды, фестивальлар менен таңлаўларды шөлкемлестириўди және өткериўди кеңейтсин;

заман талапларын есапқа алған ҳалда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў және жаслар менен пуқараларда жоқары мәнаўий-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди тәрбиялаў бойынша мәнаўий-ағартыўшылық жумысларды әмелге асырсын.

  1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин буннан былай да раўажландырыў және ғалаба ен жайдырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Илажлар бағдарламасы) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин раўажландырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый базасын жетилистириў;

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлериниң тренерлери менен қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын енгизиў;

миллий ҳәм халықаралық жарыслардың жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин хошаметлеў, сондай-ақ, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлериниң тренерлери менен қәнигелерин социаллық және материаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў;

спорттың техникалық әмелий түрлериниң заманагөй материаллық-техникалық ҳәм оқыў-шынығыў базасын жаратыў, сондай-ақ, спорт қураллары менен үскенелерин елимизде ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин ғалаба ен жайдырыў, жасларды секциялар менен дөгереклерге белсене тартыў, олардың ҳәммеге қолайлығын тәмийинлеў;

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин раўажландырыўға инновациялық технологияларды, сондай-ақ, спортшыларды таярлаўдың оқыў-шынығыў процесине алдынғы методларды енгизиў.

  1. «Ватанпарвар» ҚКШ жанындағы Республикалық техникалық ҳәм әмелий спорт түрлери орайы спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бойынша жоқары қәнигели спортшыларды таярлайтуғын мәкеме болып есапланып, төмендеги ўазыйпаларды орынлайтуғыны белгиленсин:

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери менен шуғылланыў ушын зәрүр спорт көнликпелерине ийе талантлы ҳәм перспективалы балаларды дыққат пенен таңлап алыў, оларда таңланған спорт түри бойынша қәбилетти, спорт потенциалын, кәсиплик көнликпе ҳәм шеберликти раўажландырыў;

республиканық сайланды командалары ушын спорт резерви ҳәм жоқары категориялы спортшыларды таярлаў бойынша ең жаңа илимий-методикалық усыныслар және жетискенликлер тийкарында оқыў-шынығыў процессин нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;

спорт резерви ҳәм жоқары категориялы спортшыларды таярлаў бойынша оқыў-шынығыў процесин шөлкемлестириў ушын заманагөй инфраструктураны шөлкемлестириў және қәнигели тренерлер қурамын қәлиплестириў;

спортшылар менен тренерлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў тараўында турақлы тийкарда тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириў арқалы сырт ел спорт мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери еки ай мүддетте «Ватанпарвар» ҚКШның техникалық ҳәм әмелий спорт түрлери аймақлық орайларының жумысын шөлкемлестириў ушын бос жатырған имаратлардың бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2019/2020 оқыў жылынан баслап:

Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Экономика министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен Өзбекстан мәмлекетлик        денетәрбия ҳәм спорт университетине улыўма қабыллаў квоталары шеңберинде спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бойынша қәнигелер таярлаў бойынша квоталар нәзерде тутылады;

автомобиль ҳәм мотоцикл спорты, спорттың авиамодель ҳәм ракетамодель түрлери және олимпиада ойынларының бағдарламасына киргизилген спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бойынша республикалық жарысларда биринши, халықаралық жарысларда (Олимпиада ойынлары, Азия ойынлары, жәҳән чемпионаты ҳәм Азия чемпионатында) биринши, екинши, үшинши орынларды ийелеген академиялық лицейлердиң, кәсип-өнер колледжлери менен улыўма билимлендириў мектеплериниң питкериўшилери тийисли жоқары билимлендириў мәкемелерине билимлендириўдиң бул тараўдағы бағдарларына улыўмалық қабыллаў квоталары шеңберинде тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етиледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайында шәртнама тийкарында спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бойынша спорт шөлкемлериниң секциялары менен дөгереклериниң қәнигелерин ҳәм оқытыўшыларын қайта тарялаў және олардың тәжирийбесин арттырыў курсларын шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, «Ватанпарвар» ҚКШ ҳәм Өзбекстан Парашют спорты федерациясының парашют спорты бойынша спорт секцияларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Өзбекстан Парашют спорты федерациясы ҳәм «Ватанпарвар» ҚКШ менен биргеликте:

елимизде парашют спортын раўажландырыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, пуқаралардың бул спорт түрине қызығыўшылығын қәлиплестириў илажларын көрсин;

парашют спорты бойынша спорт секцияларының авиация ҳәм ҳаўа-десант комплекслери, парашют системалары, қураллар ҳәм тренажёрлар менен, сондай-ақ, оқыў-методикалық және көргизбели қураллар менен үскенелениўин тәмийинлесин;

«Ватанпарвар» ҚКШ орайлары менен билимлендириў мәкемелери тийкарында пуқара жасларды «парашютшы» қәнигелиги бойынша шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Миллий хабар агентлиги, Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги «Ватанпарвар» ҚКШ менен биргеликте бир ай мүддетте спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин ғалаба ен жайдырыўдың медиа-режесин тастыйықласын, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

белгили спортшылар, тренерлер менен қәнигелердиң қатнасыўында телекөрсетиўлер таярлаў ҳәм бериў, сондай-ақ, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлерин раўажландыратуғын спорт федерациялары (аўқамлары) ҳәм шөлкемлериниң жумысын жарытыў;

социологиялық сораўлар менен изертлеўлер, реклама компаниялары ҳәм социаллық роликлердиң презентациясын өткериў;

телерадиоканалларда, соның ишинде, тема бойынша студиядағы ҳәм көшпели бир қатар телекөрсетиўлер менен радиоеситтириўлер, ток-шоу көрсетиўлери арқалы спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери менен шуғылланыў мәселелери бойынша кеңнен түсиник жумысларын шөлкемлестириў;

ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет тармағында мәлимлеме материалларын жайластырыў;

спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери менен белсене шуғылланыўға халықты тартыў ушын парклер, улыўмалық дем алыў орынлары, соқпақлар, трасса ҳәм жоллардың имканиятларынан пайдаланыў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа – жүкленген ўазыйпалардың зәрүр дәрежеде орынланыўы бойынша министрликлер менен уйымларды муўапықластырыў, сондай-ақ, усы қарардың орынланыўын турақлы көрип шығыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри А.А.Азизовқа – шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлерге  тарялаў орайларының жумысын зәрүр дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм елимизде парашют спортын раўажландырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министри Д.Х.Набиевқа – спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлериниң раўажландырылыўын зәрүр дәрежеде муўапықластырыў, спортшылардың халықаралық спорт жарысларында ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларында қатнасыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, спорт үскенелери менен қуралларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге көмеклесиў бойынша;

министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына – усы «Жол картасы» ҳәм Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлдери бойынша қурылмалардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, олардан нәтийжели пайдаланыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм зәрүр дәрежеде үскенелеў бойынша жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын, атап айтқанда:

Орайлардың оқыў мәкемелери, автодромлары, оқыў ҳәм материаллық-техникалық базасын тәмийинлеў менен раўажландырыўға;

«Ватанпарвар» ҚКШ жанындағы Республикалық техникалық ҳәм әмелий спорт түрлери орайының айрықша штат бирликлерин тәмийинлеў бойынша қәрежетлерди, сондай-ақ, оның менен байланыслы басқа қәрежетлерди қаржыландырыўға зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 12-декабрь