Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик басқарыў ҳәм қадағалаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 12-декабрьдеги ПП-5594-санлы Пәрманына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети) қурамында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын басқарыў хызметкерлериниң улыўма саны 71 штат бирлигинен ибарат Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаменти;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын басқарыў хызметкерлериниң улыўма саны 5 штат бирлигинен ибарат Ангрен кән-техника инспекциясы;
«Алмалық КМК» АЖ қаржыларының есабынан қаржыландырылатуғын Ангрен кән-техника инспекциясы;
Қызылқум регионаллық инспекциясы негизинде «Наўайы КМК» МК қаржыларының есабынан қаржыландырылатуғын Қызылқум кән-техника инспекциясы дүзилсин.
- Төмендегилер Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаментиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары бойынша усынысларды ислеп шығыў;
ионластырыўшы нурланыў дәреклери айланыста болыў ҳәм атом энергиясынан пайдаланыў бағдарындағы жумысты әмелге асырыўда радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды ҳәм тексериўди шөлкемлестириў және тәмиийнлеў;
қадағалаў астындағы объектлерде радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмиийинлеў бойынша профилактикалық илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
ядролық ҳәм радиоактив материаллар менен ислесиўде, атом энергиясынан пайдаланыўда ядролық материаллар, радиоактив затлар, олар бар болған радиоактив дәреклер ҳәм радиоактив шығындыларды қазып алыў, қайта ислеў, тасыў, сақлаў, пайдаланыў, көмиў және физикалық жақтан қорғаў ҳәм есабын жүргизиўде радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмиийнлеў мәселелелери бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў;
атом энергиясынан тынышлық жолында пайдаланыў тараўындағы халықаралық шәртнамалар бойынша Өзбекстан Республикасының миннетлемелериниң орынланыўын тәмиийнлеў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 122 штат бирлигинен ибарат Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети аймақлық басқармаларының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаменти структурасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қосымша етилип атырған:
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң 20 басқарыў хызметкери штат бирлигин сақлаў мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайларында штатлар санын зәрүр муғдарда қысқартқан ҳалда оларды қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылардың есабынан әмелге асырылатуғыны;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң 65 басқарыў хызметкери штат бирлигин сақлаў 5-қосымшаға муўапық график бойынша 2019-2028-жыллар даўамында басқышпа-басқыш ажыратыў арқалы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң баслығына:
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң орайлық аппараты, аймақлық басқармалары ҳәм Ангрен кән-техиника инспекциясы структураларына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген штатлар саны ҳәм мийнетине ҳақы төлеў қоры шеңберинде өзгерислер киргизиў;
Өзбекстан Республикасы аймағында Атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумысты лицензиялаў мақсетинде экспертиза бойынша жумысларды әмелге асырыў ушын сырт ел қәнигелестирилген институтларын ҳәм компанияларын, сондай-ақ, сырт ел қәнигелерин ҳәм экспертлерин тартыў ҳуқықы берилсин.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети Ташкент қаласы, М-14, 27-жай мәнзили бойынша жайласқан админстративлик имарат А блогының үшинши, төртинши, бесинши қабатларында оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте:
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң орайлық аппараты, аймақлық басқармалары ҳәм кән-техника инспекцияларын Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетине жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде орынлай алатуғын, зәрүр теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жоқары қәнигели кадрлар менен толықтырылыўын;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң структуралық ҳәм бойсыныўындағы бөлимлери ҳаққындағы режелер (уставлар), сондай-ақ, хызметкерлердиң лаўазымлық инструкциясы тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
2018-жылы усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң қәрежетлери ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлери шеңберинде қаржылар ажыратсын ҳәм 2019-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;
усы қарар талапларына келип шығып Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2018-жыл ушын тастыйықланған сметалық қәрежетлерине тийисли өзгерислер киргизсин;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетине 8 дана автотранспорт қуралын, соның ишинде, 4 арнаўлы автотранспорт қуралларын сақлаў ушын лимит ажыратсын.
- Белгилеп қойылсын:
қурылып ҳәм пайдаланылып атырған атом энергетикасы объектлери жағдайының турақлы күни-түни қадағалаўын тәмийинлейтуғын Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаменти хызметкерлериниң орналасыўы тиккелей усы объектлерде әмелге асырылатуғыны;
ядролық объектлерден пайдаланатуғын шөлкемлер ҳәм атом энергетикасы объектлерин қуратуғын дирекциялар тәрепинен Радиация ҳәм атом қәўипсизлиги департаменти хызметкерлерине жасаўы ҳәм жүкленген функцияларды орынлаўы ушын зәрүр шараятлар бийғәрез тийкарда тәмийинленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң лаўазымлы шахслары жүкленген функцияларға муўапық белгиленген тәртипте төмендеги ҳуқықларға ийе екени белгилеп қойылсын:
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң қадағалаўы астындағы объектлерге тосқынлықсыз кириў ;
қәўипсиз өндирис объектлери санаат қәўипсизлиги, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги, сондай-ақ, жер астынан пайдаланыўда жумысларды алып барыў қәўипсизлиги талапларына әмел етиў жағдайы үстинен қадағалаў;
санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги талапларына әмел етпеген ҳалда алып барылып атырған ямаса авария жүз бериўине алып келиўи мүмкин болған жумысларды тоқтатып турыў, сондай-ақ, адамлардың өмири қәўип астында қалғанда ямаса авариялық жағдай жүзеге келгенде оларды жумыс орынларынан алып шығыў;
өз ўәкилликлери шеңберинде нызам ҳүжжетлери ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларын бузғаны ушын шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары ҳәм физикалық шахсларды админстративлик жуўапкершиликке тартыў.
- 2019-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети хызметкерлерине Өзбекстан Республикасының тийисли аймақларында жайласқан қадағалаў астындағы шөлкемлер хызметкерлери ушын нызам ҳүжжетлерине муўапық белгиленген муғдарларда мийнет ҳақыға районлық (аймақлық) коэффициентлер сақланып қалынады;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети хызметкерлерине Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң бюджеттен тысқары қаржыларының есабынан үзиликсиз жумыс стажы (көп жыллық хызмети) ушын лаўазымлық айлықларының: 3 жылдан 5 жылға шекем -20 проценти, 5 жылдан 10 жылға шекем – 35 проценти, 10-жылдан 15 жылға шекем – 50 проценти, 15 жыл ҳәм оннан аслам – 60 проценти муғдарында үстемелер төленеди.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында халықаралық қәнигелестирилген институтларды ҳәм шөлкемлерди тартқан ҳалда халықаралық талапларға муўапық қәнигелерди бул тараўларда системалы оқытыў ҳәм таярлаўды шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң буйыртпалары бойынша атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумысты лицензиялаў мақсетинде экспертиза бойынша жумысларға қатнасатуғын сырт ел қәнигелерине кириў визаларын консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирмей белгиленген тәртипте рәсмийлестириўди тәмиийнлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң буйыртпалары бойынша атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумысты лицензиялаў мақсетинде экспертиза бойынша жумысларға қатнасатуғын сырт ел қәнигелерине бажы өндирмеген ҳалда белгиленген тәртипте көп мәртелик визалар рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм создырылыўын, сондай-ақ, ўақтынша прописка етиўди, жасаў жайы бойынша дизимге алыныўын ҳәм мүддетли создырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң буйыртпалары бойынша атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумысты лицензиялаў мақсетинде экспертиза бойынша жумысларға қатнасатуғын сырт ел қәнигелерин тартыў ушын белгиленген тәртипте рухсатнамалар берилиўин (создырылыўын), сондай-ақ, бул сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиўин әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын тастыйықнамалар берилиўин (создырылыўын) тәмиийнлесин.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети басқа мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-декабрь