Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Елимиздеги минерал-шийки зат ҳәм аўыл хожалығы ресурсларын терең қайта ислеўди шөлкемлестириў ушын заманагөй технологияларды тартқан ҳалда экономиканы диверсификациялаў, өндиристи модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў бағдарында кең көлемли бағдарламаларды избе-из әмелге асырыў, жетекши тармақларды, соның ишинде, энергетика, нефть ҳәм газ, кән-металлургия ҳәм химия санаатын раўажландырыўдың жедел пәтлерин сақлаў имканиятын бермекте.
Жанылғы-энергетика ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм олардың өндирис көлемлерин кеңейтиў арқалы, соның ишинде, атом энергетикасын шөлкемлестириўдиң есабынан республиканың электр энергиясына артып атырған зәрүрлигин тәмийинлеў илажлары әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, таллаў ҳәм үйрениў нәтийжелери қәўипли өндирислик объектлердиң санаат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясаттың нәтийжеси төменлигинен және бул бағдарда методологиялық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ушын жеткиликли итибар жоқ екенинен дәрек бермекте.
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы және Өзбекстан Республикасындағы Админстративлик реформалар концепциясы ўазыйпаларына муўапық, санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўларында басқарыў системасын жетилистириў және нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жер астын геологиялық үйрениў, санаатта, кәншиликте ҳәм коммунал-турмыслық секторда жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм оның аймақлық инспекциялары тийкарында Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети) ҳәм оның аймақлық басқармалары шөлкемлестирилсин.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети атом энергетикасы ҳәм ядро технологиялары объектлеринде радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм қадағалаў ушын жуўапкер болған ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Геология, жанылғы-энергетика комплекси, химия, нефть-химия ҳәм металлургия санаатты мәселелери комплекси қурамына киретуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң тийкарғы ўазыйпа ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
атом энергетикасы ҳәм ядро технологиялары оъектлеринде радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмиийинлеў, сондай-ақ, қәўипли өндирислик объектлерде санаат қәўипсизлиги тараўларында бирден бир мәмлекетлик сиясат жүргизиў бойынша жумысты муўапықластырыўды ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў;
санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги, жер астынан пайдаланыўда жумысларды алып барыў қәўипсизлиги және дем алыў бағлары аттракционларын эксплуатациялаў бағдарындағы нызам ҳүжжетлери ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларына юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаў ҳәм тексериўди әмелге асырыў;
санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмиийнлеў бағдарында республикада жанылғы-энергетика комплекси ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларын буннан былай да раўажландырыў бойынша стратегиялық реже ҳәм бағдарламаларды ислеп шығарыўға қатнасыў;
атом энергиясынан пайдаланыў тараўында лицензиялаў, санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмиийнлеў тараўында мәмлекетлик қадағалаў уйымларының жумысын муўапықластырыў;
санаат қәўипсизлигин экспертизадан ҳәм аккредитациядан өткериў системасын жетилистириў, сондай-ақ, атом энергиясынан пайдаланыў менен байланыслы объектлер қәўипсизлигин экспертиза етиўди шөлкемлестириў;
санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги, жер астынан пайдаланыўда жумысларды алып барыў қәўипсизлиги және дем алыў бағларының аттракционларын эксплуатациялаў бағдарындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди белгиленген тәртипте ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў;
халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери менен тығыз бирге ислесиўди әмелге асырыў, сондай-ақ, тараў жумысына тийисли болған халықаралық шәртнамалар бойынша Өзбекстан Республикасының миннетлемелериниң орынланыўын тәмиийнлеў;
техника ҳәм технолгиялардың жедел раўажланыўын есапқа алған ҳалда, санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги, жер астынан пайдаланыўда жумысларды алып барыў қәўипсизлиги тараўларында жумысты әмелге асыратуғын қәнигелердиң маманлығын арттырыў.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер ҳәм физикалық шахслар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жер астын геологиялық үйрениў, санаатта, кәншиликте ҳәм коммуниаллық-турмыслық секторда жумыслардың қәўипсиз алып барылыўын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тастыйықланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети баслығының орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети ҳәм оның аймақлық басқармаларының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары;
жумыс бағдары бойынша, соның ишинде, Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети бойсыныўындағы шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылатуғын жумысларды орынлаўдан ҳәм хызметлер көрсетиўден түсимлер;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қәўендерлик қаржылары;
халықаралық финанс институтларының ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын киргизсин.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшылары хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында илтимаснама киргизилиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлер дизимге киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003-жыл 9-декабрьдеги ПП-3358-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымлары дизимине 1-қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойтқан деп есаплансын.
- Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Министрлик ҳәм уйымлар бир ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-декабрь