Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Пенсионерлердиң социаллық жақтан буннан былай да қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий турмысында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда олардың потенциалын, тәжирийбеси менен билимин толық тартыў, пенсия тәмийнаты системасының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, бул бағдарда халықаралық принциплер менен стандартларды енгизиў мақсетинде:
- 2019-жыл 1-январьдан баслап барлық ислейтуғын пенсионерлерге пенсиялар толық муғдарда төленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2019-жыл 1-январьдан баслап пенсияны есап-санақ етиў ушын мийнет ҳақының максимал муғдарын ең кем айлық мийнет ҳақының сегиз есесинен он есесине шекем арттырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры 2019-жыл 1-январьдан пенсияны есаплаўда қабыл етилетуғын мийнет ҳақының максимал муғдарының арттырылыўын есапқа алған ҳалда пенсиялар муғдарының қайтадан есаплап шығылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа пенсиалар барлық жумыс ислейтуғын пенсионерлерге өз ўақтында толық муғдарда төлениўин тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Усы Пәрманды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан әмелге асырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 1-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойтқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги еки ай мүддетте «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа, Г.К.Саидоваларға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 12-декабрь