Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда елимизде инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелери орынланыўын тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар қабыл етилди.

Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етиўди мониторинг етиўдиң тәсиршең механизмлери ислеп шығылды, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы халықаралық ҳәм регионаллық структуралар менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындлағы халықаралық норма ҳәм стандартларды нәтийжели әмелге асырыў зәрүрлиги туўылмақта.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ўазыйпаларына муўапық:

  1. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы (кейинги орынларда – Орай) инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўин, миллий баянатлар таярланыўын, инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди кеңейтиўди тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

Орай өз ўәкилликлерин барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден, олардың лаўазымлы шахсларынан бийғәрез рәўиште әмелге асыратуғыны;

Орай ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президенти, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине  инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерине әмел етилиў жағдайы ҳаққында мәлимлеме беретуғыны;

Орай мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралық жәмийети институтларының, билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысына инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаў мәселелери бойынша жәрдемлесетуғыны;

Орай Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджет қаржылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм басқа да институтлар, сырт ел шөлкемлериниң грантлары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

инсан ҳуқықлары тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўына, бул тараўдағы Өзбекстан Республикасы халықаралық миннетлемелердиң орынланыўы бойынша мәмлекетлик уйымлардың жумысына жәрдемлесиў;

инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етиў жағдайын үйрениў, таллаў ҳәм улыўмаластырыў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық структуралардың усыныслары орынланыўын мониторинг етиў;

Өзбекстан Республикасында инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм оларды қорғаў бойынша миллий баянатлар таярлаў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық структуралардың усынысларын әмелге асырыў бойынша миллий ҳәрекет режелерин («жол карталары»н) ислеп шығыў;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларын миллий нызамшылыққа ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына имплементация етиўди тәмийинлеў бойынша усынысларды таярлаў;

инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм әмелге асырыў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да шөлкемлерге мәсләҳәт бериў функциясын әмелге асырыў ҳәм оларға әмелий жәрдемлесиў;

инсан ҳуқықлары тараўында халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға жәрдемлесиў, инсан ҳуқықларын әмел етиў мәселелери бойынша илимий-изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сондай-ақ, баспа жумысын әмелге асырыў;

инсан ҳуқықлары тараўында халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер және структуралар, сырт мәмлекетлердиң миллий институтлары менен бирге ислесиўди әмелге асырыў.

  1. Инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаўда белсене ҳәм тиккелей қатнасыў, уйымлараралық бирге ислесиў инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында мәмлекетлик уйымлардың, соның ишинде, судлар ҳәм ҳуқық қорғаў структуралар жумысының ең әҳмийетли бағдарларынына бири етип белгиленсин.
  2. Инсан ҳуқықлары тараўында Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаўға байланыслы министрликлер, уйымлар, басқа да мәмлекетлик уйымлар Орай менен турақлы бирге ислесиў, оның сораўы бойынша инсан ҳуқықлары тараўында тийисли мәлимлеме ҳәм статистикалық мағлыўматларды бериў ушын жуўапкер структуралар ҳәм лаўазымлы шахсларды белгилесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатына:

Инсан ҳуқықлары тараўындағы  Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаў бойынша миллий баянатлар жойбарларының додалаўларын өзлериниң комитет ҳәм комиссияларында өткериў;

Инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық миннетлемелерин орынлаў бойынша миллий баянатларын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң устав ҳәм шәртнамалық уйымларында көрип шығыўдың жуўмақларын зәрүрликке қарап тыңлаў;

инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық структуралардың усынысларын әмелге асырыў бойынша миллий ҳәрекет режелерин («жол карталары»н) тастыйықлаў усыныс етилсин.

 Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық пуқаралардың ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине әмел етиў ҳәм оларды шеклеў мәселелери бойынша нызам жойбарлары Орай менен мәжбүрий түрде келисиледи.

  1. Орай Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте сырт мәмлекетлердиң инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлары ҳәм басқа да шөлкемлер менен меморандумлар, өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиў ҳаққында келисимлер дүзиў, қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша халықаралық форумларда турақлы түрде қатнасыўды нәзерде тутатуғын Орайдың халықаралық бирге ислесиўин раўажландырыў илажлары режесин ислеп шықсын.
  2. Төмендегилер:

басқарыў уйымларының улыўма шекленген саны 35 адамнан ибарат Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының жаңаланған шөлкемлестириў структурасы  1-қосымшаға муўапық;

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық;

Орай хызметкерлериниң мийнетине Бирден-бир тариф сеткасы бойынша ҳақы төлеў разрядлары 3-қосымшаға муўапық;

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының жумысын жетилистириў бойынша комплексли илажлар 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Орайды Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басқаратуғыны;

Орай директоры оның усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын еки орынбасарға, соның ишинде, бир биринши орынбасарға ийе екени;

Орай директоры статусы, медициналық ҳәм транспорт тәмийнаты шараятлары бойынша министрге, директордың биринши орынбасары министрдиң биринши орынбасарына, директор орынбасары министр орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Орай хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлери ушын нәзерде тутылған арнаўлы атақ – мәртебе дәрежелери берилетуғыны және мәртебе дәрежелери ушын үстеме ҳәм көп жыллық хызметлери ушын қосымша ҳақы төленетуғыны;

Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядлары бойынша Орай хызметкерлери лаўазым айлығын анықлаўда тариф коэффициентлери 1,7 есеге көбейтилген муғдарда қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Орай директорына:

зәрүр жағдайларда, Орай структурасына басқарыў хызметкерлериниң улыўма белгиленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Орайға жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде мәсләҳәтши сыпатында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң, илимий-изертлеў мәкемелериниң жоқары маман қәнигелерин, сондай-ақ, белгиленген тәртипте халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң экспертлерин тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

республика бюджетинен Орай хызметкерлериниң лаўазымлық айлық муғдарының көбейиўи, оларға үстеме ҳәм қосымша ҳақылар төлеў менен байланыслы қәрежетлерди тәмийинлеў ушын зәрүр муғдарда қаржы ажыратсын;

2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Орай хызметкерлериниң мийнет ҳақы фондын көбейтилген муғдарда қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын;

Орайға тийкарланған есап-санақларға бола материаллық-техникалық базасын қәлиплестириўге зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм      мәлимлеме-коммуникация технологияларын сатып алыў және административлик имаратты оңлаў ушын қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин;

Орайға хызмет көрсетиў ушын үш жеке бириктирилген ҳәм бир нәўбетши автомобильди тәмийинлеп турыў ушын зәрүр лимитлер ажыратсын.

  1. Орай Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 15-жайға бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги белгиленген тәртипте Орайды байланыстың зәрүр қураллары, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс пенен және пүткилдүнья интернет мәлимлеме тармағынан кең полосалы пайдаланыўды тәмийинлеўге жәрдемлессин, сондай-ақ, сырт ел экспертлерин тарта отырып, видеоконференциялар, интернет-форумлар ҳәм телекөпирлер өткериўге зәрүр техникалық жәрдем көрсетсин.
  3. Орай:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратурасы, Олий судтың статистикалық мәлимлемелери мәжбүрий жөнетпелериниң реестрине;

Басшылары хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында илтимаснама киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.

  1. Орай Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 10-декабрь