Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы ПП-5590-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) ҳәм оның аймақлық уйымларының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

халыққа сапалы ҳәм өз ўақтында медициналық хызметлер көрсетиўди тәмийинлеўде, соның ишинде, мәмлекет тәрепинен кепилленген көлемлерде, Министрликтиң уйымлары менен шөлкемлери басшыларының ролин ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға бағдарланған пуқаралардың денсаўлығын сақлаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

демографиялық өзгерислер ҳәм денсаўлықты сақлаўды раўажландырыў перспективаларын прогнозлаў, халықтың саламатлығы ҳәм кеселлениўи жағдайын комплексли таллаў;

жәмийетлик денсаўлықты сақлаў үстинлигин,  кеселликлерди профилактикалаў ҳәм алдын алыў, потранаж хызмети ҳәм пуқараларды үйме-үй жүрип көрип шығыў, халықты саламат турмыс тәризин кешириўге шақырыў, олардың медициналық саўатлылығын арттырыў, бәринен бурын, өз денсаўлығы ҳәм әтирапындағылардың денсаўлығын қорғаўға жуўапкершилик руўхында тәрбиялаўды тәмийинлеў;

саламат әўладты дүньяға келтириў ҳәм тәрбиялаў, турмыс сапасы ҳәм узақ өмир көриў дәрежесин арттырыў  ушын қолайлы шараятлар жаратыў,  халықтың денсаўлықты сақлаў ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық турақлылығы тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў;

ҳәм медициналық жәрдемди хызмет көрсетилип атырған халыққа жақынластырыў, ҳәм мәлимлеме технологияларын (телемедицина), медицина стандартларын, протоколлар ҳәм усынысларды кең көлемде енгизиў және  жетекши сырт ел ҳәм жергиликли қәнигелердиң тәжирийбесин регионаллық медицина мәкемелериниң медицина хызметкерлерине бериў арқалы халыққа көрсетилип атырған дәслепки медициналық-санитариялық, қыстаўлы ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем сапасын, ғалабалығын ҳәм оперативлигин арттырыў;

дәри қураллары, медициналық буйымлар менен медициналық техникалар қатнасын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бойынша илажларды әмелге асырыў, оларды, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағында қолланыўға рухсат етилген әсбап-үскенелерди стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў;

жалғыз нуранийлар, пенсионерлер, майыплығы бар шахслардың социаллық қорғалыўын жетилистириў, оларды емлеўди, системалы саламатластырыўды шөлкемлестириў, профилактикалық илажларды кеңейтиў, емлеўдиң заманагөй методларын қамтып алыў ҳәм қолланыў жолы менен медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў;

медициналық билимлендириў мәкемелери, жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў қәнигелериниң қәнигелигин арттырыў және қайта таярлаўға методикалық басшылықты тәмийинлеў арқалы медициналық кадрлар таярлаў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;

жергиликли тәжирийбени ҳәм ең жақсы дүнья жетискенликлерин сәйкеслестириў тийкарында медицина илимин раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ҳәм прогнозластырыў, илимий медициналық изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, денсаўлықты сақлаў әмелиятына илим, техника жетискенликлерин ҳәм алдынғы тәжирийбени енгизиў;

денсаўлықты сақлаў системасында бирден-бир шөлкемлестириў-методикалық басшылық етиўди ҳәм көрсетилип атырған медициналық хызметлер сапасының қадағалаўын тәмийинлейтуғын, заманагөй, халықаралық әмелиятта сыналған денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў методларын енгизиў.

  1. Денсаўлықты сақлаўда мәмлекетлик сиясаттық тийкарғы бағдарларын муўапықластырылған ҳалда әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде:

а) Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри төмендегилерге жеке жуўапкер екенлиги:

пуқаралардың денсаўлығын сақлаў тараўында раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларын әмелге асырыў, кеселликлерди профилактикалаў, диагностикалаў ҳәм емлеў бойынша заманагөй қатнасларды стандартларды ҳәм нормативлерди, сондай-ақ, басқа илажларды ислеп шығыў және қолланыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм халықтың медициналық мәдениятын арттырыў;

медициналық шөлкемлер менеджменти көнликпесине ҳәм жоқары мәнаўий-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе болған, ҳәр тәреплеме раўажланған қәнигелерди тартыўға қаратылған басқарыў кадрларын таярлаў, таңлап алыў ҳәм орны-орнына қойыўдың пүткиллей жаңа системасын жаратыў;

Министрлик ҳәм аймақлық денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, медицина мәкемелерин муўапықластырыў ҳәм қадағалаўдың тәсиршең системасын жаратыў, олардың жумысының ашық-айдынлығын ҳәм халық пенен тиккелей мәнзилли қарым-қатнасты тәмийинлеў, пуқаралардың медициналық хызмет көрсетиў сапасынан қанаатланғанлығын мониторинг етиў ҳәм баҳалаў системасын енгизиў;

Медициналық билимлендириў ҳәм медицина илимин раўажландырыў, инновация ҳәм «электрон денсаўлықты сақлаў» системасын енгизиў, мәжбүрий медициналық қамсызландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў және енгизиў, медициналық туризм менен мәмлекетлик жеке-меншик шерикликти раўажландырыў;

халық ҳәм медицина шөлкемлериниң талапларын толық қаплаў мақсетинде социаллық әҳмийетке ийе дәри қураллары менен медициналық буйымлар дизимин қәлиплестириў ҳәм өз ўақтында жаңалаў;

б) аймақлық денсаўлықты сақлаў басқарыў уйымларының басшылары төмендегилерге жеке жуўапкер екенлиги:

медициналық ҳәм медициналық-социаллық шөлкемлердиң аймақлық тармақлары жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, дәслепки медициналық-санитариялық, қәнигелестирилген ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдемниң сапасы менен ғалабалығын, мәкемелик бойсыныўдағы аймақта халықтың санитариялық-эпидемиологиялық турақлылығын тәмийинлениўин қадағалаў;

денсаўлықты сақлаў тараўында раўажланыў аймақлық бағдарламаларын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, медицина шөлкемлери менен халықты дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен үзликсиз тәмийинлеў, медициналық ҳәм арнаўлы техниканың нәтийжели ислеўи және өз ўақтында жаңаланыўы;

медициналық жәрдемди басқышпа-басқыш ҳәм избе-из принципи тийкарында олардың ағымларын мақсетке муўапық ҳәм тийкарлы маршрутлаў жолы менен наўқасларды ҳәр қыйлы дәрежедеги (түрдеги) медицина шөлкемлерине жибериўдиң объектив системасын шөлкемлестириў;

денсаўлықты сақлаў тараўында пуқаралар ҳуқықына әмел етиўдиң қадағалаўын тәмийинлеў, медицина ҳәм фармацевтика шөлкемлерине сапа менеджменти системасын енгизиў;

денсаўлықты сақлаў мәкемелерин қәнигели кадарлар менен таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў және қайта таярлаў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырыў;

в) районлық (қалалық) медициналық бирлеспелериниң басшылары төмендегилерге жеке жуўапкер екенлиги:

шаңарақ саламатлығы, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, кеселликлер профилактикасы, диспансеризация, патронаж ҳәм  үйме-үй жүриў бойынша илажларды нәтийжели әмелге асырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм пуқаралардың өз денсаўлығына жуўапкершилигин арттырыў;

медициналық хызмет избе-излигин ҳәм дәслепки медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң районлық (қалалық) қәнигелестирилген медициналық шөлкемлер менен тығыз өз-ара байланысын тәмийинлеў;

мәмлекет тәрепинен кепилленген көлемлерде халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиў, төлемли медициналық хызметти әмелге асырыў, денсаўлықты сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын өз дәреклерин қәлиплестириў;

денсаўлықты сақлаў ҳәм пуқараларды социаллық қорғаў тараўында илажлардың мәнзиллигин ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен жедел бирге ислесиў;

қарамағындағы шөлкемлердеги имарат ҳәм қурылмалар, үскенелер, медициналық техника ҳәм басқа да материаллық баҳаларды сақлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў белгиленсин.

  1. Министрликтиң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) Меншиклестириў ҳәм төлемли хызметлерди шөлкемлестириў орайын, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ўәлаятлар денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасының меншиклестириў ҳәм төлемли хызметлерди шөлкемлестириў бөлимлерин;

«Өзмединфо» электрон денсаўлықты сақлаўды раўажландырыў орайын сапластырыў;

б)  Министрликтиң структурасында Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти ҳәм медициналық туризмди раўажландырыў бас басқармасы (кейинги орынларда – Бас басқарма) ҳәм оның аймақлық бөлимлерин және мәмлекетлик унитар кәрханасы түринде Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў.

  1. а) Бас басқарма баслығы ҳәм Орай директоры Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Бас басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлери басқарма баслығының усыныслары бойынша Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Бас басқарманың аймақлық бөлимлери өз жумысында Бас басқарма баслығына бойсынатуғыны және Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри, ўәлаятлар денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасының баслықлары тәрепинен муўапықластырылып барылатуғыны;

Бас басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлерин финанслық тәмийинлеў Раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў қорының есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

б) төмендегилер усы қарардың 3-бәнтине муўапық сапластырылып атырған шөлкемлердиң ҳуқықый мийрасхорлары болып есапланады:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги –Меншиклестириў ҳәм төлемли хызметлерди шөлкемлестириў орайы және «Өзмединфо» электрон денсаўлықты сақлаў раўажландырыў орайының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша;

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ўәлаятлар денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасы – Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ўәлаятлар денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасының тийисли меншиклестириў ҳәм төлемли хызметлерди шөлкемлестириў бөлимлериниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша.

  1. Министрлик еки ай мүддетте жаңадан шөлкемлестирилип атырған бөлимлерди теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге ийе, тапсырылған ўазыйпаларды профессионал дәрежеде тәмийинлейтуғын жоқары тәжирийбели қәнигелер менен толтырсын.
  2. Төмендегилер:

а) Бас басқарманың тийкарғы ўазыйпалары етип:

министрлик ҳәм оның аймақлық уйымларының структуралық бөлимлери менен биргеликте денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарында инфраструктура жойбарларын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;

медицина шөлкемлериниң мүлкин, соның ишинде, жер участкаларын айланысқа киргизиў бойынша усынысларды таярлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвестицияларды тартыў;

жергиликли медицина шөлкемлериниң медициналық туризм потенциалын түп-тийкарынан арттырыўға бағдарланған кириў медициналық туризмди раўажландырыў бойынша комплекли илажларды қабыл етиў;

министрликтиң басқа да структуралық бөлимлери менен биргеликте кириў медицина туризмин раўажландырыў бойынша аймақлық бағдарламаларды таярлаў ҳәм олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў, сырт ел инвестицияларын, сондай-ақ, медицина шөлкемлериниң туристлик инфраструктурасын раўажландырыўда халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа шөлкемлердиң кредитлери менен грантларын тартыў;

мәмлекетлик медицина мәкемелеринде төлемли хызметлер көрсетиўди шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў, олардың номенклатурасы менен көлемлерин кеңейтиў.

б) Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип:

мәлимлеме системалары, ресурслар ҳәм денсаўлықты сақлаў миллий мағлыўматлар базаларын жаратыў, раўажландырыў ҳәм қадағалап барыў бойынша бирден-бир сиясатты ислеп шығыў және әмелге асырыў;

корпортив тармақларды жаратыў, раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, Министрликтиң мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў;

Министрликтиң мәлимлеме қәўипсизлигине қәўиплерди өз ўақтында анықлаў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўин қадағалаў және мониторингин алып барыў, мәлимлеме системаларын, ресурслары менен мағлыўматлар базаларын қорғаў бойынша техникалық инфраструктураны қолланыў және раўажландырыў;

«электрон денсаўлықты сақлаў» нормативлик ҳәм нормативлик-ҳуқықый базасын ислеп шығыў, интеграцияласқан мәлимлеме системаларының бирден-бир комплексин енгизиў ҳәм бақлап барыў;

медицина шөлкемлеринде мәлимлеме системаларын, алдынғы мәлимлеме технологиялары менен программалық өнимлерин ислеп шығыўға ҳәм қадағалап барыўға жәрдемлесиў;

министрликтиң мәлимлеме системаларын, ресурслар менен мағлыўматлар базасын раўажландырыў, олардың басқа да мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинелеў;

министрлик хызметкерлериниң мәлимлеме системаларынан, ресурслар менен мағлыўматлар базасынан пайдаланыў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында қәнигелигин арттырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасының шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң структурасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў басқармаларының жаңа үлгидеги структурасы  3-5-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Денсаўлықты сақлаў басқарыў уйымлары хызметкерлериниң шекленген саны 518, соның ишинде, Министрликтиң орайлық аппараты хызметкерлериниң саны 127 етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрине Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық уйымлары структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерис киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасының баслықлары, сондай-ақ, аймақлық көп тармақлы медицина орайлары, аймақлық балалар көп тармақлы медицина орайларының бас шыпакерлери, аймақлық медициналық диагностика орайлары, районлық (қалалық) медицина бирлеспелериниң басшылары Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимлери менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгиленсин.
  2. Министрликтиң Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары бойынша дүнья әмелиятында қолланылатуғын қураллардан пайдаланған ҳалда денсаўлықты сақлаў есапларының миллий системасын енгизиў бойынша усынысына келисим берилсин.

Министрлик Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте денсаўлықты сақлаў есапларының миллий системасын институтластырыў  ҳәм медициналық хызмет көрсетиўде пайдаланылған хызметлер менен қәрежетлер ҳаққындағы мағлыўматларды уйымлараралық жыйнаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйыртпасына тийкарланып 2019-жыл  даўамында «Саламатлық-3» жойбарының қаржылары есабынан турақ жай хожалығы шеңберинде халықтың медициналық қәрежетлери бойынша үйрениўлерди өткерсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (А.А.Абдуҳакимов) үш ай мүддетте медициналық жәрдем ҳәм медициналық-социаллық хызмет сапасын қадағалаўды күшейтиў, денсаўлықты сақлаў системасында, соның ишинде, айрықша мәмлекетлик уйымды шөлкемлестириў мәселесин көрип шыққан ҳалда кадрларды таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша усынысларды киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң келисимисиз мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң жер участкалары менен көшпес мүлклерин басқаға берилиўи қадаған етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Министрликтиң Ташкент қаласы, А.Наўайы көшеси, 12-үйде жайласқан имаратын реконструкциялаўды Өзбекстан Республикасының 2019-жылдағы раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасына киргизсин.

Ташкент қалалық ҳәкимлиги Министрлик хызметкерлерин оның имараты реконструкцияланыўы дәўиринде ўақытша жайластырыў ушын имарат ажыратылыўы бойынша илажлар көрсин.

  1. Өзбекстан Респеубликасы Президентиниң 2017-жыл 12-июньдеги «Денсаўлықты сақлаў уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3052-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Министрлик Әдиллик министрлиги, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрициясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 7-декабрь