Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Республикамызда денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў илажларын әмелге асырыў шеңберинде халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириў бағдарында белгили нәтийжелерге ерисилди.
Өткен дәўирде аўыллық врачлық пунктлери, қалалық ҳәм аўыллық шаңарақлық поликлиникаларын шөлкемлестириў арқалы дәслепки медициналық-санитариялық жәрдемди көрсетиў системасы жетилистирилди және халықтың бул хызметлерден пайдаланыў имканиятлары кеңейтилди. Қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң бирден-бир орайласқан системасы жаратылды, пуқараларға, соның ишинде, орынларда жоқары технологияларға тийкарланған медициналық жәрдем көрсететуғын республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайының тармағы жетилистирилмекте.
Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў бойынша бир қатар мақсетли миллий бағдарламалар әмелге асырылды. Балалардың нәсиллик ҳәм туўма кеселликлер менен туўылыўының алдын алыў мақсетинде республикалық ҳәм аймақлық скрининг орайлары шөлкемлестирилди.
Нәтийжеде 1991-2017-жылларда улыўмалық өлим көрсеткиши 20 процентке, аналар ҳәм нәрестелер өлими 3,1 есеге азайды. Орташа өмир көриў даўамлылығы 1995-жылға салыстырғанда 4,6 жылға өсти ҳәм бүгинги күнде 73,7 жылды қурамақта.
Соның менен бирге, денсаўлықты сақлаў тараўының жумысын шөлкемлестириўде соңғы жылларда жыйналып қалған системалы кемшиликлер ҳәм машқалалар пуқаралардың денсаўлығын қорғаў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге тосқынлық етпекте. Атап айтқанда:
бириншиден, денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў ҳәм режелестириў бойынша концепция және стратегиялық мақсетлердиң жоқ екенлиги ақыбетинде бул тараўдағы реформалар толық емес түрде әмелге асырылмақта, бул болса халықтың медициналық жәрдем сапасына байланыслы тилек ҳәм талапларына жуўап бермей атыр;
екиншиден, денсаўлықты сақлаў тараўындағы сметалы қаржыландырыў системасы ескирген, заманагөй халықаралық әмелиятқа сәйкес келмейтуғын механизмлерге тийкарланған болып, қаржы ресурсларының нәтийжесиз ислетилиўине ҳәм тараўдың даўамлы түрде қаржыландырылмай қалыўына алып келмекте;
үшиншиден, кеселликлерди профилактикалаў ҳәм ерте анықлаў, патронаж ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша жумыслар нәтийжелилигиниң төменлиги пуқаралардың қәнигелескен медициналық жәрдем сорап мүрәжат етиўиниң көбейиўине себеп болмақта;
төртиншиден, халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң ҳәр қыйлы дәрежелери ҳәм басқышлары, соның ишинде, емлеў ҳәм саламатлықты тиклеў процесинде избе-излилик төмен раўажланған;
бесиншиден, әмелдеги кадрлар сиясаты медициналық жәрдем көрсетиўдиң барлық дәрежелеринде, әсиресе, дәслепки буўында қәнигелер менен тәмийинлеўдиң, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасының шөлкемлестириўшилери менен басқарыў хызметкерлерин таярлаўдың перспективаларын прогнозластырыў имканиятын бермей атыр;
алтыншыдан, медициналық әмелияттың билимлендириў ҳәм илим менен интеграциясының төменлиги қәнигелестирилген орайлардың инновациялық потенциалының төменлиги менен биргеликте заманагөй медицина жетискенликлерин емлеў-диагноз процесине енгизиўге унамсыз тәсир көрсетпекте;
жетиншиден, электрон денсаўлықты сақлаў тараўында бирден-бир стандартлар жоқ, медициналық хызметтиң интеграциясын ҳәм нәтийжели басқарылыўын тәмийинлейтуғын заманагөй программалық өнимлер енгизилмеген, бар мәлимлеме системалары ҳәм технологиялары тарқалыўшы ҳәм тар бағдарларға мөлшерленген.
Халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын, нәтийжелилигин ҳәм ҳәммеге қолайлылығын түп-тийкарынан арттырыўды тәмийинлейтуғын денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыўдың концептуаллық жақтан жаңа моделлерин қәлиплестириў, медицина илими менен технологияларының заманагөй жетискенликлерин енгизиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ўазыйпаларына муўапық:
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын реформалаўдың ең әҳмийетли бағдарлары деп есаплансын:
денсаўлықты сақлаў тараўындағы миллий нызамшылықты оны унификациялаў және медициналық хызмет сапасын арттырыў ҳәм наўқаслардың ҳуқықларын қорғаў, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң жуўапкершилиги менен қорғалыўын күшейтиўге қаратылған тиккелей тәсир ететуғын нызамларды қабыл етиў арқалы жетилистириў;
дүнья стандартлары тийкарында менеджмент ҳәм медициналық хызметлер сапасын басқарыўдың ең үлгили әмелиятларын енгизиўди тәмийинлейтуғын заманагөй басқарыў системасын ҳәм аймақларда денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириўдиң «кластер» моделин қәлиплестириў, медицина ҳәм фармацевтика мәкемелерин аккредитациялаў, шыпакерлик ҳәм фармацевтикалық жумысты лицензиялаў системасын енгизиў;
медицина тараўын қаржыландырыў системасын жетилистириў, мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық жәрдем көлемин белгилеў, медициналық хызметлер ушын клиникалық-қәрежет топарлары бойынша «ҳәр бир емленген жағдай» ушын төлеў системасын және адам басына қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, мәжбүрий медициналық қамсызландырыўды басқышпа-басқыш енгизиў;
медициналық жәрдемниң нәтийжелилигин, сапасы менен ҳәммеге қолайлылығын арттырыў, сондай-ақ, медициналық стандартластырыў системасын қәлиплестириў, диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң жоқары технологиялық методларын енгизиў, патронаж хызмети менен диспансеризацияның нәтийжели моделлерин жаратыў арқалы саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм кеселликлерди профилактикалаў;
медициналық генетиканы, ҳаяллар менен балаларға қыстаўлы ҳәм қәнигелескен медициналық жәрдемди раўажландырыў тийкарында, заманагөй скрининг бағдарламаларын енгизиў, «Ана ҳәм бала» аймақлық көп тармақлы медицина комплекслери менен мағлыўматлар системаларын қәлиплестириў тийкарында аналықты ҳәм балалықты қорғаў системасын жетилистириў;
жеке меншик денсаўлықты сақлаў системасы, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти ҳәм медициналық туризмди раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўына инвестицияларды кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм бәсеки орталығын жақсылаў;
фармацевтика тармағын буннан былай да раўажландырыў, баҳаның қәлиплесиўи механизмлерин жетилистириў, дәри қураллары, медициналық техника ҳәм буйымлар ислеп шығарыў көлеми менен түрлерин кеңейтиў;
медициналық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, медицина илимин раўажландырыў, соның ишинде, медицина илимий ҳәм билимлендириў мәкемелерин халықаралық стандартлар бойынша сертификатластырыў (аккредитациядан өткериў) заманагөй билимлендириў программаларын, методлары менен технологияларын енгизиў тийкарында;
«электрон денсаўлықты сақлаў» системасын кеңнен енгзиў бирден-бир миллий стандартлар тийкарында интеграцияласқан мәлимлеме системалары менен мағлыўматлар базасының комплексин жаратыў.
- Төмендегилер:
2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў илажларының бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшылары Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер болатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының төмендегилер ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:
2019-жыл 1-апрельден баслап республиканың 3-қосымшаға муўапық айырым районларында медицина мәкемелерин «Ҳәр бир емленген жағдай» ушын клиникалық қәрежет топарлары бойынша ҳәм адам басына қаржыландырыў системасын (кейинги орынларда – қаржыландырыўдың жаңа механизмлери) эксперимент тәртибинде енгизиў;
эксперимент нәтийжелерин сын көзқарастан таллаў тийкарында қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин 2020-жыл 1-апрельден баслап республиканың барлық аймақларында басқышпа-басқыш қолланыў;
2019-жыл 1-июльден баслап ўәлаят ҳәм район (қала) дәрежесиндеги стационар денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде аралас қаржыландырыў системасын енгизиў, онда кепилленген бийпул медициналық хызмет көлемине кирмейтуғын емлеў түрлери төлеми тийкарда әмелге асырылады;
2019-жыл 1-июльден баслап айырым емлеў-профилактика мәкемелерин ислеп шығылған инвестиция жойбарлары (кейинги орынларда – инвестиция жойбарлары) тийкарында белгиленген тәртипте инвесторларға исенимли басқарыўға бериў;
2021-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасында мәжбүрий медициналық қамсызландырыўды басқышпа-басқыш енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик):
а) Қаржы министрлиги, Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы жойбарының ислеп шығылыўы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин:
мәжбүрий медициналық қамсызландырыўдың ҳуқықый тийкарлары, механизмлери ҳәм енгизиў басқышлары;
мәжбүрий медициналық қамсызландырыў субъектлерин, усы тараўдағы ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыў бойынша ўәкилликли уйымды, олардың ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеў;
мәжбүрий медициналық қамсызландырыў бағдарламаларын қаржыландырыў қәрежетлерин қәлиплестириў дәреклери;
б) Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте усы Пәрманды әмелге асырыўда техникалық жәрдемди тәмийинлеў, соның ишинде, мәжбүрий медициналық қамсызландырыўды енгизиў бойынша илажларды техникалық-экономикалық тийкарлаўды әмелге асырыў ушын Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм халықаралық финанс институтлары менен бирге илесиўди шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған илажларды әмелге асырыў бойынша жумысшы комиссия (кейинги орынларда – Жумысшы комиссия) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жумысшы комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип Концепцияны әмелге асырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын белгиленген тәртипте сапалы ислеп шығыўды ҳәм киргизиўди және әмелий илажлар көрилиўин шөлкемлестириў белгиленсин.
Жумысшы комиссия (А.А.Абдуҳакимов):
Бир ҳәпте мүддетте министрликлер менен уйымлар, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкмелериниң қәнигелерин, пуқаралық жәмийети институтлары, жетекши сырт ел консалтинг компаниялары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин тартқан халда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў бойынша эксперт топарларын дүзсин, олардың нәтийжели жумысын шөлкемлестирсин;
Бағдарламада нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының нызамшылықты, ҳуқықты қолланыў әмелиятын ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин сын көзқарастан таллаў тийкарында таярланыўын тәмийинлесин;
Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары избе-из ҳәм сапалы таярланыўы, өз ўақтында белгиленген тәртипте көрип шығылыўы ҳәм киргизилиўи, сондай-ақ, Бағдарламада нәзерде тутылған басқа илажлардың әмелге асырылыўы үстинен турақлы қадағалаўды әмелге асырсын;
2019-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте айырым емлеў-профилактика мәкемелерин белгиленген тәртипте инвесторларға исенимли басқарыўға бериў бойынша инвестициялық жойбарларды таярласын және олардың Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң инвестиция порталында жайластырылыўын тәмийинлесин;
денсаўлықты сақлаў тараўындағы ең үлгили мәмлекетлик-жеке меншик шериклик әмелиятларының мониторингин ҳәм кеңнен енгизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Медициналық-социаллық хызметлер агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестирилсин, төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
Кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж басқа категорияларына көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлерди буннан былай да жетилистириў менен муўапықластырыўға қаратылған медициналық-социаллық жәрдемниң бирден-бир сиясатын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;
майыплықты белгилеўдиң кең қамтыўлы бирден-бир системасын жаратыў мақсетинде нормативлик-ҳуқықый базаны және де жетилистириўге қаратылған усынысларды ислеп шығыў;
медициналық-социаллық мәкемелердиң кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж басқа категорияларына медициналық хызмет көрсетиў бойынша жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
мүтәж шахсларды протез-ортопедиялық буйымлар ҳәм реабилитациялық техникалық қураллар менен тәмийинлеў жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
медициналық-социаллық экспертиза хызмети, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў жумысына шөлкемлестириў-методикалық басшылық етиў ҳәм оларды муўапықластырыў.
- Агентлик еркин юридикалық шахс болып, өз балансы банк мәкемелеринде есап бетлери, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби сүўретленген мөрге ийе болатуғыны;
Агентликке Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;
Агентлик директоры Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалдда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын бир орынбасарға ийе болатуғыны;
Агентлик директоры өз статусы, турмыслық, медициналық ҳәм транспорт хызметиниң шараятларына бола Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасарына теңлестирилетуғыны;
Агентликтиң жумысы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет және нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- «Мириўбет» ҳәм «Сақаўат» интернат үйлери Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў миллий орайы, майыплығы болған шахслар ушын аймақлық реабилитация орайлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторий ҳәм пансионатлар, имканияты шекленген шахслар ушын республикалық қәнигелестирилген кәсип-өнер колледжлери, Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери, Адам саўдасы қурбанларына жәрдем көрсетиў бойынша республикалық реабилитация орайы белгиленген тәртипте Министрликтиң қурамынан Агентлик қарамағына өткерилсин.
- Министрлик еки ай мүддетте Агентлик структурасын ҳәм оның режесин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
Агентлик жумысын шөлкемлестириў мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасы уйымлары менен шөлкемлериниң штатлық санын оптималластырыў есабынан «Денсаўлықты сақлаў» тармағы ушын ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
а) бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Министрлик жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы қарарының жойбарын;
б) еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын медициналық билимлендириў ҳәм медицина илими системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша қарарының жойбарын;
орта ҳәм жоқары медициналық билимлендириў системасын реформалаў, оқыў режелерин, бағдарламаларын, оқыў-методикалық материаллары менен теориялық шынығыўларды буннан былай да оптималластырыў ҳәм әмелий шынығыўларды көбейтиў көзқарасынан қайта көрип шығыў, сондай-ақ, оларды медицина илими ҳәм әмелиятының жер жүзилик жетискенликлерине муўапықластырыў;
алдынғы илимий қолланбалар менен технологияларды әмелий денсаўлықты сақлаўға интеграциялаўда медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери клиникаларының ролин күшейтиў;
тар қәнигеликлер бойынша медициналық кадрларды таярлаўды жетилистириў, магистратура ҳәм клиникалық ординатурада оқытыў мүддетлерин клиникалық көнликпелерди ийелеў қурамалылығынан келип шыққан ҳалда оптималластырыў;
жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў системасын, денсаўлықты сақлаў қәнигелериниң маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў системасын қайта көрип шығыў, машқалаларға бағдарланған модулли оқыў программаларын енгизиў, аралықтан оқытыў механизмлерин кеңнен қолланыў;
басқарыў ҳәм оқыў процесине жоқары қәнигели ҳәм тәжирийбели сырт ел қәнигелерин, илимпазлар менен оқытыўшыларды кеңнен тартыў;
в) еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 7-декабрь