Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Республикада пиллешилик тармағын раўажландырыў, пилле жетистириў ҳәм оны қайта ислеў процессине заманагөй ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жипек өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм оларды экспорт етиў көлемлерин арттырыў және тармаққа тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойын избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға қарамастан, елеге шекем пилле шийки затын терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосылған қунға ийе болған бәсекиге шыдамлы таяр жипек өнимлерин ислеп шығарыўды жеделлестириўге тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар сақланып қалмақта.

Жаңа интенсив тутзарлықлар ҳәм тут қатарларын жаратыўды хошаметлеў, тармаққа тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, алдыңғы технологиялар, инновациялық идеялар, илимий исленбелер ҳәм илимниң жетискенликлерин кеңнен енгизиў, пилле шийки затын терең қайта ислеў, жоқары қосылған қунға ийе болған бәсекиге шыдамлы таяр жипек өнимлерин ислеп шығарыўды ҳәм олардың түрлерин көбейтиўди және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожылығы министрлиги ҳәм «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясының ҳәзирги тутзарларды «Ўзбекипаксаноат» ассоциацияның аймақлық «Агропилле» ЖШЖларға жеткерип бериў ҳәм жаңа тутзарлар жаратыў бағдарындағы жумысы зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилмегени көрсетип өтилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-августтағы «Республикада пиллешилик тармағындағы бар имканиятлардан буннан былай да нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3910-санлы қарарына муўапық «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң республика аймақларында халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў мақсетинде пиллешилик тармағы шөлкемлери тәрепинен қыйтақ жер ийелерине (шаңарақларға) 50 бастан 90 күнлик қус ҳәм тут нәллерин шәртнама тийкарында бийпул жеткерип бериў ҳаққындағы усыныслары мақулланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте ислеп шығылған:

2019-2021-жылларда пиллешилик тармағы шөлкемлери тәрепинен қыйтақ жерлерде (шаңарақларға) тут нәллерин егиўди ҳәм қус бағыўды шөлкемлестириўдиң мақсетли прогноз параметрлери 1-қосымшаға муўапық;

2019-2021-жылларда пиллешилик тармағы шөлкемлери тәрепинен жипек қуртын бағыў имаратларын қурыўдың мақсетли прогноз параметрлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожылығы министрлиги ҳәм «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы «Паррандасаноат» ассоциациясы, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте бир ай мүддетте бул қарар менен тастыйықланған мақсетли прогноз параметрлери орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлар, пиллешилик тармағы шөлкемлери, қыйтақ жер ийелери (шаңарақлар) кесиминде мәнзилли илажлар бағдарламаларын тастыйықласын және олардың өз ўақтында, толық ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлесин.

«Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы усы қарар менен тастыйықланған прогноз параметрлериниң орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатсын және әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесин таллаған ҳалда ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар киргизип барсын.

  1. «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң 2019-жылдан баслап ассоциация қурамына киретуғын шөлкемлердиң пилле зүрәәти ушын контрактация шәртнамаларында белгиленген муғдарлардан артықша пилле тапсырылғанында, 5 килограммға шекем артықша пиле зүрәәтин сатып алыў баҳасына салыстырмалы 15 процент, 5 килограммнан жоқары болған бөлегине – 25 процент муғдарында үстеме төлеў системасын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Пиллешилик тармағындағы жойбарлардың баҳасы ҳәм оларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған валюта түрине қарамастан, «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясының қурамына киретуғын шөлкемлердиң наўқан туқымын сатып алыў, тутзарлықлар жаратыў, пилле жетистириў ҳәм оны қайта ислеў имаратларын қурыў және реконструкциялаў, сондай-ақ, өндирислик қуўатлықларды модернизациялаў бойынша жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 2019-2021-жылларда ажыратылатуғын банк кредитлериниң процент қәрежетлерин қаплаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының есабынан коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген кредит ставкасының 50 проценти, бирақ 10 процентинен артық болмаған муғдарда компенсация бериў тәртиби орнатылсын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-2021-жыллар даўамында ҳәр жылы 100 миллиард сум муғдарындағы қаржыларды тийисли жылдың 1-февралына шекем усы бәнтте нәзерде тутылған компенсацияларды бериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы исбилерменлик жумысларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына өткерип берсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Агросанаат комитети ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги және коммерциялық банклер менен биргеликте еки ай мүддетте халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм институтлары менен сөйлесиўлер алып барсын ҳәм пиллешилик тармағындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын жеңилликли кредит линияларын ашыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  2. «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясының қурамына киретуғын шөлкемлер 2023-жыл 1-январьға шекемги мүддетте мал-мүлк ҳәм жер салықларын төлеўден азат етилсин, усының нәтийжесинде босайтуғын қаржылар өндиристи модернизациялаў, соның ишинде, технологиялық үскенелер сатып алыў ушын мақсетли тәризде қаратылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-январьдағы «Республикада жипекшилик тармағын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3472-санлы қарардың 10-бәнти «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлерди, қадаған етиў тәризинде, тиккелей жеке сырт ел инвестицияларының есабынан алып келинип атырған бажыхана рәсмийлестирилиўи ўақтында ислеп шығарылған жылы 3 жылдан 7 жылға шекем болған технологиялық үскенелерге де қолланыўға рухсат етилсин.

Усы бәнтте нәзерде тутылған жеңиллик төмендеги шәртлер менен қолланылатуғыны белгилеп қойылсын:

жеңиллик қолланылғаннан кейинги жылдан баслап 3 жыл даўамында ҳәр жылы ислеп шығарылып атырған өнимлердиң кеминде 50 процентин экспорт етиў;

жеңилликти қолланыў нәтийжесинде босайтуғын қаржыларды технологиялық үскене алып кирилген күннен баслап дәслепки 2 жыл ишинде ислеп шығыўды кеңейтиў мақсетинде технологиялық үскенелер сатып алыў ушын мақсетли тәризде қаратыў.

  1. 2019/2020 оқыў жылынан баслап тармақ шөлкемлериниң хызметкерлерин қәнигелескен жоқары билимлендириў мәкемелериндеги «Жипекшилик ҳәм тутшылық» тәлим бағдары бойынша сыртқы бөлимлерге белгиленетуғын қабыл етиў тәртиби енгизилсин. Бунда жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў:

хызметкердиң улыўма орта ямаса арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ҳәм тармақлық шөлкемлеринде кеминде 3 жыл әмелий стажға ийе болыўы;

контракт төлеми тармақлық шөлкемлер тәрепинен кепилленген ҳалда әмелге асырылатуғыны ҳәм хызметкер – питкериўшиниң оқыўды питкергеннен соң 5 жыл даўамында тармақлық шөлкемде ислеп бериў шәрти менен әмелге асырылады.

  1. «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясының:

сырт еллердиң Өзбекстан Республикасында аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалары, сырт еллердиң пиллешилик тармағы ўәкиллери, эксперт ҳәм қәнигелерди және сырт ел туристлерин кеңнен тартқан ҳалда 2019-жылдан баслап ҳәр жылы Халықаралық жипекшилик форумы ҳәм «Жипек ҳәм Мода» (Silk & Fashion) халықаралық жипекшилик көргизбесин;

орынларда, биринши гезекте, туристлер баратуғын мәдений мийрас объектлери аймақларында «Uz-Silk» миллий бренди астында жипек гезлемелер ҳәм таяр жипек өнимлери көргезбе-саўда қатарларын (дүканларын), сондай-ақ, жипектен тигилген липаслар ҳәм жипек буйымлардың мода көргизбелерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте жергиликли жипек өнимлериниң сыртқы базарларға жеткерип берилиўинде жүзеге келген машқалаларды сын көз қарастан талқылап, оларды сапластырыў бойынша тийкарланған усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Экономика министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Жипекшилик илимий-изертлеў институтының материаллық-техникалық тәмийинатын жақсылаў ҳәм оның заманагөй илимий лабораториясын шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар режесин илажларды қаржыландырыўдың анық муғдар ҳәм дәреклерин белгилеген ҳалда ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте ўәлаятта инновациялық технологиялардан кеңнен пайдаланған ҳалда зүрәәтлилиги жоқары болған интенсив тутзарлар жаратыў, сапалы наўқан туқымын жетистириў, заманагөй жипек қуртын бағыў имаратларын қурыў тийкарында пилле жетистириў ҳәм оны қайта ислеўдиң үлги системасын енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети Бас прокуратура ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте орынларда тут тереклерин нызамсыз түрде кесиў, зыян жеткериў ямаса жоқ етиў нәтийжесинде зыян келтиргени ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизсилсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 4-декабрь