Усы жыл 27-30-ноябрь күнлери Қазақстан Республикасының Щучинск қаласында гүреси бойынша 2002-2003-жыллары туўылған қызлар арасында халақаралық турнир өткерилди.

Оған Россия, Қырғызстан, Тәжикстан, Қазақстан ҳәм Өзбекстаннан келген жәми, 450 ге шамалас спортшы қатнасты.

Онда Қарақалпақстаннан 5 спортшы қыз қатнасып, жарыс жуўмағында апалы-сиңлили Феруза Есенбаева (57 кг салмақта) биринши, Улмекен Есенбаева (53 кг салмақта) үшинши ҳәм Хуршида Қасимова (65 кг салмақта) биринши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, 30-ноябрь ҳәм 2-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың гүреси түри бойынша 1999-2001-жыллары туўылған қызлар арасында Өзбекстан кубоги өткерилди.

Оған пайтахтымыздағы республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинен 20 ға шамалас спортшы қатнасып, соннан 16  (11 алтын, 3 гүмис, 2 қола) медальды қолға киргизди.

Оған Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби ҳәм Нөкис қәнигелестирилген олимпиа резервлери мектеп-интернатынан спортшылар қатнасты.

3-декабрь күни Нөкис темир жол вокзалында халықаралық турнир ҳәм Өзбекстан кубоги жеңимпазларын  салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.

– Қарсыласларым Хорезм, Наўайы, Сырдәрьялы спортшы қызлар болды. Олар үстинен жеңиске ерисип, кубок жеңимпазы болдым, – дейди Сахибжамал Әлаўатдинова. – Бундай жетискенликке ерисиўимде устазым, тәжирийбели тренер Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер Баҳадыр Қәлимбетов ҳәм Айнура Жапақованың мол үлеси бар.

Спортшларды жарысқа Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер Баҳадыр Қәлимбетов, Қутлымурат Жуманов, Айнура Жапақова, Фархад Оразымбектов, Бахыт Марқабаев ҳәм Азат Зынаевлар таярлады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы