Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жоқары оқыў орынлары арасында дәстүрий өткерилип киятырған Универсиада алдынан студент-жаслар арасында волейбол бойынша жарыс болып өтти.

Институт ректораты, кәсиплик аўқамы комитети, спорт клубы менен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа 8 факультеттен ер балалар ҳәм қызлар командасы қатнасты.

Жарыс жуўмағында ер балалар арасында тарийх-география факультети биринши, математика-информатика факультети екинши, физика-мийнет факультети үшинши, қызлар арасында филология факультети биринши, шет тиллери факультети екинши, баслаўыш тәлим факультети үшинши орынды ийеледи.

-Оқыў дәргайымызда дәстүрий өткерилип киятырған жарыста үш жыл қатарына жеңимпаз болдық,-дейди филология факультетиниң  4-курс студенти Айнура Жақсыбаева.-Бул жеңиске Гүлнара Исметова, Арзыгүл Базарбаева, Гүлдана Асетуллаева, Жанат Абиева, Дилназ Шерниязовалар жақсы ойынлары менен өз үлеслерин қосты.

 

Жеңимпазлар ҳәм барлық қатнасыўшы командалар институт cпорт клубы, кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.