Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Улыўма тән алынған халықаралық талап ҳәм стандартларына, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы  бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларға муўапық қурылыс, архитектура, электротехника ҳәм басқа да талап жоқары болған бағдарларда жоқары қәнигели кадрларды таярлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Аджу университениниң (Корея Республикасы) Ташкент қаласында Аджу университетин (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Университет жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

мәмлекетимиз социаллық-экономикалық раўажланыўының перспективаларына муўапық қурылыс, архитектура, электротехника, экономика тараўларында ҳәм басқа да талап жоқары болған билимлендириў бағдарлары бойынша жоқары қәнигели кадрларды таярлаў;

қурылыс, архитектура, электротехника, экономика тараўларында ҳәм басқа да талап жоқары болған билимлендириў бағдарлары бойынша кадрлар таярлаў системасын жетилистириў ҳәм модернизациялаўға қаратылған жаңа билимлендириў бағдарламаларын ҳәм оқытыў усылларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

қәнигелер, илимий кадрлар таярлаў системасын билимлендириўдиң ҳәм илимниң бир тутаслығы ҳәм үзиликсизлиги принципи, сондай-ақ, дүнья билимлендириўи және илимий жәмийетшилигине интеграцияласыў тийкарында раўажландырыў;

мийнет базарында жүзеге келген машқала ҳәм зәрүрликти есапқа алған ҳалда қурылыс, архитектура, электротехника, экономика тараўларында  ҳәм басқа да талап жоқары болған билимлендириў бағдарлары бойынша илимий-изертлеў жумысын әмелге асырыў;

педагогикалық потенциалды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, оқытыўдың педагогикалық усылларын ҳәм технологияларын жедел жетилистириў;

билимлендириў ҳәм илимий-техникалық тараўларда, сырт еллер, бәринен бурын, Корея Республикасының жетекши билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен узақ мүддетли қатнасықларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў.

  1. Аджу университети (Корея Республикасы):

Университеттиң оқыў процессине алдыңғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары, илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискениклерин енгизиўге;

Университеттиң қәнигелери ҳәм профессор-оқытыўшылары қурамының, соның ишинде, сырт елде қәнигелигин арттырыўға ҳәм қайта таярлаўға;

Университеттиң китапхана фондын қәлиплестириў ҳәм оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырыў, сондай-ақ, Аджу университети (Корея Республикасы) ресурслар базасынан пайдаланыў имканиятын берген ҳалда заманагөй мәлимлеме-ресурс орайын шөлкемлестириўге жәрдемлесетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Университеттиң кадрларға болған зәрүрлигин есапқа алған ҳалда оқытыўдың Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта билимлендириў министрлиги менен келисилген тийкарғы бағдарлары (қәнигеликлери) бойынша барлық дәрежедеги қәнигеликлерди, соның ишинде, илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўды әмелге асыратуғын юридикалық шахс статусына ийе болған жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны;

Университетке абитуриентлерди қабыл етиў ҳәм питкериўшилерди аттестациядан өткериў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Аджу университети (Корея Республикасы) тәрепинен белгиленетуғын талаплар, тәртип ҳәм мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;

Университеттиң билимлендириў жумысын Өзбекстан Республикасының билимлендириў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин есапқа алған ҳалда Аджу университетиниң (Корея Республикасы) оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында әмелге асыратуғыны;

Университетте оқыўын тамамлаған питкериўшилерге Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Аджу университетиниң (Корея Республикасы) белгиленген үлгидеги  дипломы берилетуғыны;

Университетти қаржыландырыў талапларын төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден алынатуғын дәраматлар, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлықлары, мәпдар шөлкемлер тәрепинен берилетуғын техникалық көмек қаржылары (грантлар), сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;

Университетке 2019/2020 оқыў жылы ушын қабыллаўды шөлкемлестириў, соның ишинде, имаратлар менен объектлерди оқыў жылына таярлаў бойынша оңлаў-қурылыс жумыслары, оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм сәйкеслестириў, оқыў ҳәм илимий лабораторияларды сатып алыў, оқытыў бойынша зәрүр мәлимлеме-коммуникация системаларын жаратыў, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылардың қурамын таңлап алыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2019/2020 ҳәм 2020/2021 оқыў жылларында оқыўға қабылланған студентлер – Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын олар Университетти тамамлағанға шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан контракт суммасының республикадағы басқа да мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде тийисли билимлендириў бағдарларында оқытыў нырқы муғдарынан артық бөлегин төлеп бериў көринисинде мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў (кейинги орынларда – мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў) берилетуғын, контракт юридикалық шахслар – потенциалы жоқары жумыс бериўшилер тәрепинен төленетуғын жағдайлар буған кирмейди;

мәмлекетлик жәрдем берилген Университет питкериўшилери республиканың мәмлекетлик шөлкемлеринде кеминде үш жыл қәнигелиги бойынша ислеп бериў шәрти менен жумысқа бөлистириледи.

  1. Ташкент қаласындағы Аджу университети Қәўендерлик кеңесиниң (кейинги орынларда – Қәўендерлик кеңеси) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қәўендерлик кеңесиниң  тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Университет жумысының шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў, оның толық жумысын жолға койыў менен байланыслы шөлкемлестириў, қаржылық, юридикалық, экономикалық, оқыў-методикалық, материаллық-техникалық ҳәм басқа да мәселелерди шешиў;

Универсиетет жумысын шөлкемлестириў мәселелери бойынша Аджу университети (Корея Республикасы) басшылығы менен сөйлесиўлер алып барыў ҳәм өз-ара бирге ислесиў;

зәрүр жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў ҳәм оңлаў-тиклеў жумысларын әмелге асырыўға, Университетти үскенелеўге, инфраструктурасын жаратыўға, материаллық-техникалық тәмийинлеўге байланыслы графиклерди ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

Университет жумысын шөлкемлестириў бойынша тастыйықланған графиклерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў ҳәм мониторинг алып барыў;

билимлендириў процессин, студентлердиң өндирислик әмелиятын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў, бакалавр ҳәм магистрлар таярлаўдың сапасын системалы түрде арттырыў, Университет питкериўшилерин жумысқа орналастырыў, мийнет базарының кейинги раўажланыўын есапқа ала отырып қәнигелер ҳәм илимий-техникалық кадрлар таярлаўдың перспективалы бағдарларын белгилеўге көмеклесиў;

Аджу университети (Корея Республикасы) менен келисе отырып социаллық-экономикалық тараўдың жоқары қәнигели кадрларына болған зәрүрликлерден келип шығып, 2019/2020 оқыў жылында ҳәм кейинги жылларда Университетке қабыл етиў квоталарын ҳәм оқыў ушын контракт суммасын белгилеў;

Университет жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеў ушын қайырқомлық қаржылары, техникалық көмек қаржыларын (грантларын) ҳәм басқа да бюджеттен тысқары қаржыларды тартыў;

Университеттиң материаллық-техникалық, оқыў-методикалық базасын беккемлеў, оны заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен үскенелеў, Университеттиң социаллық ҳәм турмыслық инфраструктурасын жақсылаўға көмеклесиў;

студентлерди, бәринен бурын, жетим балалардан ҳәм ата-ана қараўысыз қалған балаларды социаллық қорғаўды тәмийинлеў, қәбилетли студентлерди оқытыў ушын стипендиялар ажыратыў, студентлердиң жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм олардың жасаў орынларында бос ўақытларын пайдалы шөлкемлестириў, сондай-ақ, студентлердиң дем алыўы ушын шараятлар жаратыўға көмеклесиў;

арнаўлы стипендиялар бериў арқалы Аджу университети (Корея Республикасы) ҳәм тараўға қәнигелескен сырт елдеги басқа да жетекши билимлендириў мәкемелерине стажировка өтеўге жибериў ушын ең перспективалы студентлерди таңлаў тийкарында таңлап алыўды шөлкемлестириў.

  1. Қәўендерлик кеңеси Аджу университети (Корея Республикасы) менен келисе отырып:

а) бир ай мүддетте:

Университеттиң Уставын тастыйықласын, сондай-ақ, оның мәмлекетлик дизимге алыныўын тәмийинлесин;

Университеттиң структурасын ҳәм штатлар кестесин тастыйықласын;

б) 2019/2020 оқыў жылы басланғанға шекем Университетти Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс алып баратуғын жоқары билимлендириў мәкемелеринде пайдаланылатуғын зәрүр оқыў-методикалық комплекслер менен тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Аджу университети (Корея Республикасы):

Университете 2019/2020 оқыў жылында бакалавриаттың «Архитектура», «Электротехника» ҳәм «Қурылыс инжиниринги» тәлим бағдарлары бойынша кадрлар таярлаў;

Өзбекстан Республикасы Банк-финанс академиясында Аджу университетиниң (Корея Республикасы) магистратура қәнигеликлери бойынша басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Экономика ҳәм бизнес жоқары мектебин ашыў ҳаққындағы усынысына келисим берлсин.

  1. Университетке:

2020/2021 оқыў жылынан баслап Аджу университети (Корея Республикасы) менен келисе отырып бакалавриат ҳәм магистратураның жаңа перспективалы  билимлендириў бағдарларын ҳәм қәнигеликлерин, соның ишинде, Аджу университети (Корея Республикасы) стандартлары тийкарында көп тармақлы клиника, илимий-изертлеў лабораториялары ҳәм диагностика орайына ийе медицина факультетин белгиленген тәртипте ашыў;

Университетке оқытыўшы болыў ҳәм илимий жумыс алып барыў ушын усынылатуғын сырт елли профессорлар ҳәм оқытыўшылардың жасаўы және транспорт қәражетлерине дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында, Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген тарифлер бойынша ҳақы төлеўге рухсат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) бир ай мүддетте Ташкент қаласында жайласқан кәсип-өнер колледжлеринен бириниң имаратлары менен объектлерин Университетке бийпул пайдаланыў ушын берилиўин тәмийинлесин.
  2. Университет 2021-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте Университетти үскенелеў ҳәм жумысын тәмийинлеў, сондай-ақ, оның имарат ҳәм объектлерин реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў ушын орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын үскенелер, компьютер ҳәм оргтехникалар, оқытыўдың техникалық қураллары, әдебиятлар, мультимедиа өнимлери, инвентарь ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслары бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Университет буйыртпалары бойынша усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм админстрация хызметкерлери, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық және басқа да жыйынлар өндирилмей, белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмиийнлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Университет буйыртпаларына муўапық Университеттиң сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм админстрация хызметкерлерине және олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажылар төлеўден азат еткен ҳалда көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм создырылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақытша дизимнен өткерилиўин және ўақытша дизимнен өткериў мүддети создырылыўын белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Авдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.А.Абдуҳакимовқа ҳәм Ж.А.Қўчқоровларға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 30-ноябрь