Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Ҳәзирги күнде тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында, соның ишинде, өмир ҳәм денсаўлық ушын қәўипсиз болған сапасы исенимли товарларды сатып алыўда, сондай-ақ, товарлар ҳәм олардың ислеп шығарыўшылары ҳаққында исенимли мағлыўмат алыўда комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, нызамсыз айланып атырған, сапасы төмен, контрафакт ҳәм қәлбекилестирилген өнимлер көлеминиң артыў пәтлери бақланбақта, бул болса пуқаралардың өмирине ҳәм денсаўлығына зыян келтирмекте, саламат емес бәсекиге ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен жоғалтыўларға алып келмекте, сондай-ақ, коррупция ҳәм басқа да нызам бузылыўлар жүзеге келиўи ушын шараят жаратпақта.
Айырым түрдеги товарлардың республикаға нызамсыз алып келиниўиниң, ислеп шығарылыўының ҳәм сатылыўының алдын алыў, олардың нәтийжели есабын тәмийинлеў, сондай-ақ, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 2019-жыл 1-августынан баслап, товарлар категориясынан келип шығып, импорт етилетуғын ҳәм республикада ислеп шығылатуғын товарларды қорғалған белги ҳәм (ямаса) нано-молекуляр технологиядан пайдаланған ҳалда мәжбүрий маркировкалаўды (кейинги орынларда – маркировкалаў) басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Маркировкаланыўы мәжбүрий болған товарлар топарларының дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлер Кабинетине Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги мене келисе отырып, Маркировкаланыўы мәжбүрий болған товарлар топарын толықтырыўға рухсат берилсин.
- Мәжбүрий маркировкалаў енгизилген сәнеден баслап, усы қарадың қосымшасында көрсетилген товарларды Өзбекстан Республикасы аймағында маркировкасыз сатыў қадаған етилетуғыны;
Маркировкаланыўы мәжбүрий болған товарлар топары дизимине жаңадан қосылған товарларды, усы товарлар дизимине киргизилген күннен баслап 180 күн даўамында маркировкасыз сатылыўға рухсат етилетуғыны;
усы қарарға қосымшада көрсетилген, соның ишинде, акцизли товарларды маркировкалаўға байланыслы хызметлерди тиккелей маркировкалаў бойынша хызметлер бирден-бир жеткерип бериўшисинен сатып алыў хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен өз қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик салық комитети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-январына шекем төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, товарларды қорғалған белги ҳәм нано-молекуляр технологиядан пайдаланған ҳалда мәжбүрий маркировкалаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин:
маркировкалаў бойынша хызметлер жеткерип беретуғын, исбилерменлик субъектлерин ҳәм товарларды мәжбүрий маркировкалаўға байланыслы талаплардың орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейтуғын уйымлардың ҳуқықларын, миннетлемелерин ҳәм жуўапкершилигин;
маркировкалаў тәртиби ҳәм қағыйдаларын, маркировкалаў, соның ишинде, акцизли маркировкалаў хызметлериниң баҳасын ҳәм сатып алыў тәртибин;
маркировкалаў бойынша хызметлер жеткерип бериўшиси мағлыўматлар базасынан пайдаланатуғын мәмлекетлик уйымлардың дизимин;
маркалар, соның ишинде, акциз маркалар сатылыўы ҳәм маркировкалаў бойынша хызметлер көрсетилиўи үстинен мониторинг етиў тәртибин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги 2019-жылдың 1-февралына шекем ең жақсы усынысларды сайлап алыў тийкарында көрсетилетуғын хызметлердиң исенимлилигин ҳәм сапасын, жоқары қорғалыў дәрежесин тәмийинлей алатуғын, әмелий тәжирийбеге ийе болған маркировкалаў бойынша хызметлер жеткерип бериўшисин таңлаўды, маркировкаланыўы мәжбүрий болған товарлар нырқының сезилерли көбейтилмеўин есапқа алған ҳалда таңлап алынған жеткерип бериўши менен сөйлесиўлер өткерилиўин тәмийинлесин, сондай-ақ, ол менен дүзилип атырған шәртнама пүткил мүддети даўамында көрсетилетуғын хызметлердиң баҳасын қатаң белгиленген ҳалда 5 жылдан 10 жылға шекем болған мүддетке шәртнама дүзсин.
- Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына жәрийма санкциялары муғдарларының көбейтилиўин киргизген ҳалда товарларды маркировкасыз сатқаны ушын жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутатуғын нызам жойбарын киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Ўзшаробсаноат» АЖ, «Ўзбекозиқовқатхолдинг» ХК, «Ўзбекнефтьгаз» АЖ, «Ўзкимёсаноат» АЖ, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддинов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 30-ноябрь