Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 п ә р м а н ы

 

Мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын кеңейтиў, экспорт етиўши шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бәсекиге шыдамлы экспорт өнимлерин ислеп шығарыўдың көбейтилиўин хошаметлеў мақсетинде:

  1. 2019-жыл 1-январьдан баслап товарлар (жумыслар, хызметлер)ди, соның ишинде, комиссионер (исенимли ўәкил) арқалы реализациялаўдан түскен улыўма түсиминде экспорттың үлеси 15 проценттен жоқары болған юридикалық шахслар салық салынатуғын базаны:

товарлар (жумыслар, хызметлер)ди экспортқа реализациялаўдың көлемине туўра келетуғын пайда бөлеги бойынша юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы бойынша;

товарлар (жумыслар, хызметлер)ди экспортқа реализациялаўдың көлемине туўра келетуғын бөлеги бойынша бирден-бир салық төлеми азайтылатуғыны белгилеп қойылсын.

Бул бәнтте нәзерде тутылған жеңилликлер қосымшаға муўапық дизим бойынша шийкизат товарларын экспорт етиўге, сондай-ақ, халықаралық тасыўлар (автотранспорттан тысқары) және жеткерип бериў қурылмалары ҳәм газ қубырлары арқалы жеткерип бериў хызметлерине енгизилмейди.

  1. Усы Пәрманның 1-бәнтинде нәзерде тутылған жеңилликлердиң қолланылыўы нәтийжесинде төленбеген қаржылар төмендеги жағдайларда нызам ҳүжжетлерине муўапық пеня есапланған ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен өндирилетуғыны белгиленсин;

товарлар (жумыслар, хызметлер)ди экспорты фактын нызам ҳүжжетлерине муўапық тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмағанда;

товарлар экспорт режимине шығарылған күннен баслап 180 күн даўамында валюта түсими тәмийинленбегенде.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жаңа редакциядағы Салық кодексиниң жойбарын ислеп шығыўда усы Пәрманға муўапық берилип атырған жеңилликлерди нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық кометети усы Пәрманға муўапық жеңилликлерди қолланыў үстинен қадағалаў орнатсын.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 29-ноябрь