Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң

 қарары

Республикада масақлы дән егинлериниң зүрәәтлилигин арттырыў, жоқары сапалы туқымлық материалларын таярлаў, агротехнологиялардың алдыңғы усылларын қолланыў және фермер хожалықларын хошаметлеў механизмлерин енгизиў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, республикада жетилистирилип атырған масақлы дән зүрәәтин кескин көбейтиўде толық пайдаланылмаған имканиятлар ҳәм өз шешимин күтип турған үлкен машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:

бириншиден, масақлы дән егинлерин егиў ушын жерлердиң сапасыз таярланыўы, туқымлықтың белгиленген мүддетинен кеш егилиўи, агротехникалық илажлардың қопал түрде бузылыўы, талап етилген материаллық-техникалық ресурслар менен қаржылар зәрүр муғдарларда және өз ўақтында жеткерип берилмеўи ақыбетинде күтилген зүрәәт алынбай атыр;

екиншиден, орынлардағы жуўапкерлер ҳәм фермерлер тәрепинен масақлы дән зүрәәтин жетистириўде контрактация шәртнамасы миннетлемесин орынлаў биринши дәрежели мәселе сыпатында қаралып, зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм қосымша дәрамат алыў илажлары көрилмей атыр;

үшиншиден, республикада жетистирилип атырған масақлы дән зүрәәтиниң улыўма көлеми ҳәм фермер хожалықларының ықтыярында қалып атырған бөлегин анық есап-санақ етиў механизми ислеп шығылмағаны ақыбетинде алынған жалпы зүрәәт бойынша есабатлар дурыс жүргизилмей атыр;

төртиншиден, суўғарылатуғын өнимдарлы жер майданларының ҳәр гектарынан 40 центнерден жоқары зүрәәт алған фермер хожалықларын хошаметлеў, керисинше, оннан төмен зүрәәтлиликке ерискен фермер хожалықларына кескин шаралар көриў тәртиби ислеп шығылмағаны себепли суўғарылатуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў тәмийинленбей атыр.

Масақлы дән егинлерин тәрбиялаў бойынша белгиленген агротехникалық илажларды өз мүддетинде өткериўдиң есабынан кепилленген зүрәәт алыныўын тәмийинлеў, жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жоқары зүрәәтлиликке ерисиўде фермер хожалықларының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў және оларды хошаметлеў системасын енгизиў мақсетинде Министрлер Кабинети қарар етеди:

1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлери, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң 2019-жылдың зүрәәти ушын суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерге егилген масақлы дән егинлери жалпы зүрәәтиниң болжаў көлемлери ҳаққындағы усыныслары 1-14-қосымшаларына муўапық мақуллансын.

Аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен суўғарылатуғын жерлердиң ҳәр гектарынан 40 центнерден аз зүрәәт алыў «жерге қыянет етиў» деп баҳаланып, жер ижара шәртнамасы бийкар етилиўине шекем илажлар көрилиўи белгилеп қойылсын.

2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Аўыл хожалығы министрлиги бир ҳәпте мүддетте 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерине суўғарылатуғын жерлерде масақлы дән жетистиретуғын фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына бирден-бир жер салығын есаплаўда салық ставкаларына зүрәәтлилилик ҳәр гектарына 30 центнер ҳәм оннан төмен болғанында 2 есе, 31 центнерден 40 центнерге шекем болғанында 1,5 есеге көбейтилетуғын коэффициентлер қолланыў тәртибин киргизсин.

3. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмжергеодезкадастр комитети Бас прокуратура ҳәм басқа да мәпдар министрлик және уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен ислеп шығылған масақлы дән егинлери жалпы зүрәәти көлемлериниң есабын жүргизиў тәртибин тастыйықлаў ҳаққындағы Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

4. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясының 2019-жылдың зүрәәти ушын жетистирилетуғын 3-класслы жумсақ бийдайдың ҳәр бир тоннасы ушын кепилленген мәмлекетлик сатып алыўдың орташа баҳасын (кейинги орынларда сатып алыў баҳасы деп аталады) 1 200 000 сум муғдарында белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясы менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте масақлы дән сатып алыўдың баҳалары тастыйықлансын және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлерине жеткерсин.

5. Сондай тәртип орнатылсын, 2019-жылдың зүрәәтинен баслап:

а) аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен суўғарылатуғын жерлерде жетистирилген масақлы дәнниң зүрәәтилилигине қарап, мәмлекетлик сатып алыў ушын жеткерип берилген дән сатып алыў баҳасына 25 процентке шекем үстеме ямаса шегирме қолланылады.

Бунда масақлы дән зүрәәтлилиги ҳәр гектарынан:

41 центнерден 50 центнерге шекем болғанда – 10 процент;

51 центнерден 60 центнерге шекем болғанда – 20 процент;

61 центнер ҳәм оннан жоқары болғанда – 25; процент сатып алыў баҳасына үстеме;

керисинше:

30  центнер ҳәм оннан аз болғанда – 25 процент;

31 центнерден 40 центнерге шекем болғанда – 15 процент сатып алыў баҳасына шегирме менен мәмлекетлик сатып алыў ушын қабыл етилген дәнниң улыўма көлеми есап-санақ етиледи.

б) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан масақлы дән зүрәәтин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыўға ажыратылатуғын жеңилликли кредит мәмлекетлик сатып алыў ушын жеткерип берилетуғын масақлы дән нырқының 100 процентине шекем (таярлаў кәрханасы тәрепинен аванс тәризинде жеткерип берилген туқымлық нырқын есапқа алған ҳалда) жыллық 5 процент муғдарында (соннан, банк маржасы – 1,5 процент) бериледи.

6. Алдыннан билиў, ақылға уғрас илажлар менен алдын алыў мүмкин болмаған айрықша өзгешеликке ийе ҳәдийселер (қурғақшылық, тәбият ҳәдийселери ҳәм басқа форс-мажор жағдайлар) ақыбетинде масақлы дән егинлеринен күтилген зүрәәт алынбаған жағдайда және бул жағдайлар Аўыл хожалығында экономикалық реформаларды тереңлестириў бойынша аймақлық комиссия тәрепинен тастыйықланғанда, мәмлекетлик сатып алыў ушын жеткерип берилген дән сатып алыў баҳасында есап-санақ етилетуғыны белгилеп қойылсын.

7. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың тәбийғый-ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда суўғарылатуғын жерлерде 2019-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзги масақлы дән егинлерин тәрбиялаў бойынша агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша «жол карталары» 15-17-қосымшаларға муўапық.

8. Масақлы дән жетистириўде агротехникалық илажларды өз ўақтында сапалы өткериў ҳәм кепилленген зүрәәтти алыўды системалы шөлкемлестириў бойынша Республикалық Жумысшы топарлары 18-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Республикалық Жумысшы топарларына усы қарарға 15-17-қосымшаларда тастыйықланған «жол карталары»нда белгиленген илажлардан келип шығып, ҳәр бир фермер хожалығы тәрепинен әмелге асырылатуғын агротехникалық илажларды өз алдына жазба түрде таярлап, фермерлерге жеткериў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў жүкленсин.

9. Төмендегилер:

Республикалық Жумысшы топарларының басшылары (Б.Т.Юсупов, А.Ж.Вахабов, Р.Н.Рахматов, У.Я.Халилов), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), «Ўзагрокимёҳимоя» акционерлик жәмийети (О.Б.Исаев), Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм районлардың 4 сектор басшылары – кепилленген масақлы дән зүрәәтин жетистириўде фермер хожалықлары тәрепинен агротехникалық илажлар, соның ишинде, минерал төгинлер менен азықландырыў, суўғарыў, жабайы шөплерге, зыянкеслерге ҳәм насекомаларға қарсы гүресиў, суспензия себиў және басқа да илажлардың өз ўақтында сапалы өткерилиўине;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.С.Султонов, «Ўзнефтмаҳсулот» акционерлик жәмийети (М.Ю.Файзиев), «Ўзкимёсаноат» акционерлик жәмийети (А.А.Абдуллаев), «Ўзагрокимёҳимоя» акционерлик жәмийети (О.Б.Исаев) – кепилленген масақлы дән зүрәәтин жетистириўде агротехникалық илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў өнимлери, минерал төгинлер ҳәм химиялық қураллардың резерви жаратылыўына және материаллық-техникалық ресурсларды агротехникалық карталардан келип шығып, толық көлемде ҳәм өз ўақтында фермер хожалықларының атызларына жеткерип берилиўине;

 Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров, Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (И.А.Уразкулов), «Агробанк» АКБ (Р.Ў.Маматқулов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимлериниң санаатты раўажландырыў, экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасарлары, АКБ «Агробанк»тың аймақлық ҳәм районлық бөлимлериниң басшылары – масақлы дән егинлерин жетистириў қәрежетлериниң өз ўақтында қаржыландырылыўына, фермер хожалықлары тәрепинен қаржылардан еркин пайдаланыўды тәмийинлеўге және мәмлекетлик зәрүрликлер ушын жеткерип берилген масақлы дән ушын жуўмақлаўшы есап-санақлар 2019-жыл 1-сентябрьге шекем толық әмелге асырылыўына;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.С.Отажонов, Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожанов), Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри, аймақлық басқармалар ҳәм районлық бөлимлердиң баслықлары, «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖ (М.А.Каримов), «Ўзагромашсервис» акционерлик жәмийети (Р.М.Хаитов) – кепилленген масақлы дән зүрәәтин жетистириўде агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў ушын әмелдеги аўыл хожалығы техникалары толық тартылыўына, сапалы механизация хызметлери көрсетилиўине, орым-жыйын жумыслары шөлкемлескенлик пенен өткерилиўине және жаңа аўыл хожалығы техникалары мүддетинде жеткерип берилиўине;

Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Р.Н.Раҳматов, Бас прокуратура жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы (У.Я.Халилов), Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм районлар прокурорлары, Бас прокуротура жанындағы Инспекцияның аймақлық бөлимлериниң басшылары – жанылғы-майлаў өнимлери, минерал төгинлер ҳәм химиялық қураллардың агротехникалық карталардан келип шығып, толық көлемде ҳәм өз ўақтында жеткерип берилиўи және хызметлер сапалы көрсетилиўи, бул бағдарда дүзилген шәртнамалардың миннетлемелери толық орынланыўы, материаллық-техникалық ресурслар талан-тараж етилиўи ҳәм хызмет көрсететуғын шөлкемлер тәрепинен тийкарсыз түрде олардың баҳасы асырылыўы бойынша системалы қадағалаў орнатылыўына жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.

10. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги бир ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Ўздонмаҳсулот» акционерлик компаниясы менен биргеликте ишки базарда бийдай, ун ҳәм нан өнимлериниң баҳалары кескин артып кетиўиниң алдын алыў ҳәм республика аймақларындағы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў және бийдайды қайта ислеў тараўында бәсекини күшейтиў;

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, «Ўзкимёсаноат» акционерлик жәмийети менен биргеликте мәмлекетлик сатып алыў ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге талап етилген минерал төгинлердиң муғдарын ҳәм олардың баҳаларын белгилеў;

қамсызландырыў компаниялары менен биргеликте сырт еллердиң тәжирийбесин таллаған ҳалда, мәмлекетлик сатып алыў ушын жетилистирилетуғын аўыл хожалығы егинлериниң зүрәәтлилигин қамсызландырыў системасын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

11. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын және масақлы дән жетистириў ҳәм мәмлекетлик сатып алыў ушын сатып алыўда базар механизмлерин кеңнен енгизиўди сәўлелендириў бойынша көрсетиўлер, мақалалар ҳәм тематикалық бағдарламаларды шөлкемлестирсин.

12. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа, А.С.Султоновқа, Н.С.Отажоновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Р.Н.Рахматовқа және Министрлер Кабинетиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў мәселелери мәлимлеме-таллаў департаментине жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Бас министри                        А.Н.АРИПОВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 27-ноябрь

    *   *   * 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Масақлы дән жетистириўди буннан былай да хошаметлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

 

Кейинги жылларда мәмлекетлик сатып алыў ушын масақлы дән өнимлерин жетистириўдиң көлемин арттырыў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирақ аўыл хожалығының бул әҳмийетли тармағындағы реал жағдайдың талланыўы жаратылған имканиятлардан толық пайдаланылмай атырғанын, өз шешимин күтип атырған үлкен машқалалардың бар екенин көрсетпекте. Соның ишинде, масақлы дән егинлерин егиў ушын жерлердиң сапасыз таярланыўы, агротехникалық қағыйдаларға әмел етпеў, әсиресе, егиў жумысларының кешиктирип жиберилиўи, талап етилген материаллық-техникалық ресурслар өз ўақтында жеткерип берилмеўи ақыбетинде күтилген зүрәәт алынбай атыр.

Орынлардағы жуўапкерлер ҳәм фермерлер тәрепинен контрактация шәртнамасының миннетлемелери орынланбай атырғаны, зүрәәтлиликти арттырыў ҳәм қосымша дәрамат алыў бойынша жеткиликли илажлар көрилмей атырғаны да әйне ҳақыйқат.

Қалаберди, жоқары зүрәәтлиликке ерискен фермер хожалықларын хошаметлеў, зүрәәтлилик көрсеткиши төмен болған фермер хожалықларына болса кескин шаралар көриў тәртиби ислеп шығарылмағаны суўғарылатуғын өнимдарлы жер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилигиниң төменлеўине себеп болмақта.

Министрлер Кабинетиниң «Масақлы дән жетистириўди буннан былай да хошаметлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тараўдың раўажланыўына тосқынлық етип атырған бул машқалаларды сапластырыў ҳәм оны сапа жағынан буннан былай да раўажландырыўға қаратылған.

Қарарда мәмлекетлик сатып алыў ушын масақлы дән жетистириў бойынша әмелдеги тәртиптен пүткиллей парқланатуғын жаңа система ҳәм механизмлер енгизилиўи нәзерде тутылғаны оның тарийхый әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди.

Атап айтқанда, оған бола, 2019-жылдың зүрәәти ушын суўғарылатуғын ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерге егилген масақлы дән егинлери жалпы зүрәәттиң прогноз көлемлери тастыйықланып, суўғарылатуғын жерлердиң ҳәр гектарынан 40 центнерден аз зүрәәт алыў «жерге қыянет етиў» деп баҳаланатуғыны ҳәм жер ижара шәрнамасы бийкар етилиўине шекем илажлар көрилиўи белгиленди.

Және бир жаңалық: 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерине суўғарылатуғын жерлерде масақлы дән жетистиретуғын фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына бирден-бир жер салығын есаплаўда салық ставкаларына зүрәәтлилиликке қарай коэффицентлер қолланыў тәртиби киргизилгени болып табылады.

Яғный,  гектарынан орташа 30 центнер ҳәм оннан төмен зүрәәт алғанда 2 есе, зүрәәтлилик 31 центнерден 40 центнерге шекем болғанда болса 1,5 есеге көбейтилетуғын коэффициентлер қолланылады. Бул тәртип ғәлле жетистириўшилерди алтынға тең болған суўғарылатуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў, өним жетистириў көлемлерин көбейтиў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Бизге белгили, бүгинги күнге шекем мәмлекетлик сатып алыўдан артықша жетистирилген масақлы дән өнимлериниң анық есабы жүргизилмейтуғын, бул болса республика жалпы дән көлемин ҳәм жағдайын бул түрдеги өнимлер менен тәмийинлеў дәрежесин реал баҳалаў имканиятын бермейтуғын еди. Усы мәниде, қарарда аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен жетистирилген жалпы ғәлле зүрәәтиниң есабын жүргизиў тәртибин тастыйықлаў мәселеси итибардан шетте қалмағаны дыққатқа ылайық.

Қарарға муўапық, тараўда және көплеген түпкиликли өзгерислер жүз береди. Атап айтқанда:

жетистирилген бийдайдың ҳәр бир тоннасы ушын кепилленген мәмлекетлик сатып алыўдың орташа баҳасы 1 миллион 200 мың сум ямаса усы жылдағыға салыстырғанда 1,6 есеге жоқары дәрежеде белгиленди, бул болса, өним жетистириўшилердиң қаржы турақлылығына унамлы тәсир көрсететуғыны тәбийғый;

мәмлекетлик сатып алыў ушын жетистирилген өнимлерди категорияластырылған баҳаларда, яғный үстеме ҳәм шегирмелер қолланған ҳалда сатып алыў тәртиби енгизиледи. Басқаша етип айтқанда, жетистирилген масақлы дәнниң зүрәәтлилигине қарай, мәмлекетлик сатып алыў ушын жеткерип берилген ғәлле сатып алыў баҳасына 25 процентке щекем үстеме ямаса шегирме қолланылады.

Бунда, сатып алыў баҳасына масақлы дән зүрәәтлилиги ҳәр гектарынан 41 центнерден 50 центнерге шекем болғанда – 10 процент (120 мың сум), 51 центнерден 60 центнерге шекем болғанда – 20 процент (240 мың сум), 61 центнер ҳәм оннан жоқары болғанда – 25 процент (300 мың сум) үстеме қолланылады.

Керисинше, мәмлекетлик сатып алыў баҳалары зүрәәтлилик 30  центнер ҳәм оннан аз болғанда – 25 процент (300 мың сум), 31 центнерден 40 центнерге шекем болғанда – 15 процент (180 мың сум) шегирме менен есап-санақ етиледи.

Усы тәртиптиң қолланылыўы дийқан ҳәм фермерлердиң зүрәәтлиликти арттырып барыўға болған умтылысын күшейтиў, материаллық жақтан хошаметлеўде тийкарғы фактор болып хызмет етеди.

Ғәлле жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў системасын да жетилистириў нәзерде тутылған. Егер әмелдеги тәртипке бола, жеңиллетилген кредит мәмлекетлик сатып алыў ушын жеткерип берилетуғын масақлы дән нырқының 60 процентине шекем ажыратылып келинген болса, жаңа тәртипте 100 процентке шекем (таярлаў кәрханасы тәрепинен аванс тәризинде жеткерип берилген туқымлық нырқын есапқа алған ҳалда) бериледи.

Қаржыландырыў системасындағы бул өзгерис фермер хожалықларының айланба қаржы жетиспеўшилигине шек қойыў менен бирге, олар тәрепинен ресурс ҳәм хызметлер ушын төлемлерди алдыннан әмелге асырыў, агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў, ғәлле жетистириўдиң көлемин көбейтиў, қысқасы жоқары дәрамат алыў имканиятын береди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул қарарда алдыннан билиў, ақылға уғрас илажлар менен алдын  алыў мүмкин болмаған айрықша өзгешеликке ийе ҳәдийселер (қурғақшылық, тәбият ҳәдийселери ҳәм басқа форс-мажор жағдайлар) ақыбетинде масақлы дән егинлеринен күтилген зүрәәт алынбаған жағдайда және бул жағдайлар Аўыл хожалығында экономикалық реформаларды тереңлестириў бойынша аймақлық комиссия тәрепинен тастыйықланғанында, мәмлекетлик сатып алыў ушын жеткерип берилген дән сатып алыў баҳасында есап-санақ етилетуғыны белгиленди. Усы ўақытқа шекем өним жетистириўшилер ҳәр қыйлы тәбийғый апатшылықлардан жеткиликли дәрежеде қорғалмаған еди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың тәбийғый-ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда, суўғарылатуғын жерлерде 2019-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзги масақлы дән егинлерин тәрбиялаў бойынша агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша «жол карталары» қабыл етилди.

Масақлы дән жетистириўде агротехникалық илажларды өз ўақтында сапалы өткериў ҳәм кепилленген зүрәәт алыўды системалы шөлкемлестириў бойынша Республикалық Жумысшы топарлардың қурамы тастыйықланды. Оларға «жол карталары»нан келип шығып, ҳәр бир фермер хожалығы тәрепинен әмелге асырылатуғын агротехникалық илажлар режесин өз алдына жазба түрде таярлап жеткериў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.

Масақлы дән жетистириў ҳәм жыйнап-терип алыў менен байланыслы агротехникалық жумыслардың өз ўақтында ҳәм сапалы өткерилиўи, қаржы ҳәм материаллық-техникалық ресурслардың толық көлемде ҳәм өз ўақтында жеткерип берилиўи, жуўмақлаўшы есап-санақлар 2019-жыл 1-сентябрьге шекем толық әмелге асырылыўы, бул бағдардағы жумыслар бойынша системалы қадағалаў орнатылыўы бойынша тийисли жуўапкерлердиң жеке жуўапкершилиги белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, ишки базарда бийдай, ун ҳәм нан өнимлери баҳаларының кескин артып кетиўиниң алдын алыў, баҳаның турақлылығын тәмийинлеў және бийдайды қайта ислеў тараўында бәсекиликти күшейтиў, мәмлекетлик сатып алыў ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде зәрүр болған минерал төгинлердиң көлемин ҳәм олардың баҳаларын белгилеў, сырт еллердиң тәжирийбесин таллаған ҳалда, мәмлекетлик сатып алыў ушын жетистирилетуғын аўыл хожалығы егинлериниң зүрәәтин қамсызландырыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылды.

Усы қарардың избе-из орынланыўы, ғәллешиликте жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жоқары зүрәәтлиликке ерисиў, фермер хожалықларының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў және олардың материаллық мәпдарлығын арттырыў системасын енгизиў имканиятын береди.