Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў жолы менен халықтың абаданлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Көрилип атырған илажларға қарамастан, елимиздиң айырым аймақларында социаллық шийеленискенликтиң күшейиўи, соның ишинде, қымбат баҳалы металларды нызамсыз қазып алыўдың даўам етип атырғанлығы менен байланыслы болған криминоген жағдайдың төменлеўи бақланбақта.

Оның тийкарғы себеби муғдар ҳәм сапа жағынан санаат усылында қазып алыў объекти есапланбайтуғын жер асты участкаларында қымбат баҳалы металларды санаат емес усылда қазып алыў менен нызамлы шуғылланыў имканиятының жоқ екенлиги болып есапланады.

Қымбат баҳалы металларды нызамсыз қазып алыў Наўайы, Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларында системалы түрге енип, қымбат баҳалы металлардың жасырын айланысына ҳәм сырт еллерге нызамсыз алып шығып кетилиўине алып келмекте. Нызамсыз түрде алтын қазып алыў ўақтында жарақатланыўлар ҳәм өлимшилик жағдайлары жүз бермекте.

Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыўды исбилерменлик түри сыпатында раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жер асты участкасын  нәтийжели өзлестириў, сондай-ақ, алтын ҳәм зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Саноатгеоконтехназорат» мәмлекетлик инспекциясының 2019-жыл 1-марттан баслап исбилерменлик тәўекелшилиги тийкарында қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2019-жыл 1-марттан баслап:

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысы жер астынан пайдаланыўдың айрықша түри болып есапланады ҳәм ол жер асты участкаларында әмелге асырылады;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын жер асты участкалары, соның ишинде, өлшемлери 1 гектардан зыят болмаған шашыранды алтын кәнлери бериледи;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия бериледи, онда қымбат баҳалы ҳәм сийрек ушырасатуғын металлар, қымбат баҳалы тасларды қазып алыў ҳуқықына айрықша лицензия алыўы талап етилмейди;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензияларға физикалық ҳәм юридикалық шахслар талабан болыўы мүмкин;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықына лицензия Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети тәрепинен «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасындағы электрон аукцион жуўмақлары бойынша 3 жыл мүддетке бериледи;

электрон аукционды өткериў ҳәм усы қарараға муўапық лицензияны бериўдиң улыўма мүддети «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында әмелге асырылатуғын барлық процесслерди өз ишине алған ҳалда, 10 күннен артпайды;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын саўдаға қойыўдың басланғыш баҳасы 7,5 миллион сумды қурайды;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыўға рухсат берилетуғын жер асты участкаларының дизими ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитетиниң усынысы тийкарында Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;

лицензияны ямаса жер асты участкасынан (толық ямаса айырым бөлегин) пайдаланыў ҳуқықын үшинши шахсларға бериў (тапсырыў), сондай-ақ, бир жер асты участкасынан пайдаланыў ҳуқықына лицензияны бир неше шахсқа бериўге жол қойылмайды;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысы менен шуғылланатуғын шахслардың реестрин жүргизиў ҳәм оларға ажыратылған жер асты участкаларының мәмлекетлик қадағалаўы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети тәрепинен әмелге асырылады;

алтын излеўшилер усылында қазып алынған қымбат баҳалы металларды реализациялаў «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Наўайы кән-металлургия комбинаты» МКға, сондай-ақ, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған юридикалық шахсларға ҳәм жеке исбилерменлерге келисилген баҳаларда әмелге асырылады;

қымбат баҳалы металларды жасырыў, соның ишинде, оны 6 ай ишинде реализацияламай, сондай-ақ, қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў ўақтында жумысларды қәўипсиз алып барыў талапларының бузылыўы ақыбетинде инсанлардың аўыр дене жарақатын алыўына ямаса өлимине алып келиўи лицензияны бийкарлаў ҳәм бул жумыс пенен шуғылланыўды бир жыл даўамында шеклеў ушын тийкар болады;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын берилген жер асты участкасынан пайдаланыў ҳуқықы тамамланғаннан соң, жер астынан пайдаланыўшыларға жер асты участкаларын рекультивациялаў ҳәм оларды кейин ала пайдаланыў ушын жарамлы жағдайға келтириў миннетлемеси жүкленеди.

  1. Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў ушын жер асты участкасынан пайдаланыў ҳуқықын «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында реализациялаўдан алынған ақша қаржылары ҳәм услап қалынған гиреў суммасы, аукционды шөлкемлестириў хызметлери ушын төлеў суммалары шегирилген ҳалда;

қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысы алып барылатуғын аймақларда тийисли район (қала)лардың жергиликли бюджетлерине қосымша дәрамат дәреги сыпатында;

Өзбекстан Республикасы аймағында минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толтырыўдың жыллық мәмлекетлик бағдарламаларын әмелге асырыўға мақсетли бағдарланған ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитетиниң арнаўлы қазнашылық есап бетлерине теңдей үлеслерде өткерилетуғыны белгиленсин.

  1. Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын усы қарарда белгиленген шәртлерге әмел еткен ҳалда әмелге асыратуғын шахслар қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў бөлими бойынша барлық түрдеги салықлар менен басқа да мәжбүрий төлемлерден (бирден-бир социаллық төлемнен тысқары) азат етиледи.
  2. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте жер асты байлықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети «Саноатгеоконтехназорат» МИ, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жылдың 1-февралына шекем төмендегилерди тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жумысын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже (кейинги орынларда – Реже):

жер асты участкасынан пайдаланыў ҳуқықына лицензия бериў тәртиби, соның ишинде, «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында электрон аукционды өткериў регламенти;

жер асты участкасынан пайдаланыў шәртлери, соның ишинде, қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыўдың рухсат етилген методлары ҳәм қураллары, сондай-ақ, пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер ҳәм техникаға қойылатуғын талаплар;

алтын излеўшилер усылында қазып алынған қымбат баҳалы мметаллардың баҳасын белгилеў, оларды сатып алыў, есабын жүргизиў, сақлаў ҳәм реализациялаў тәртиби;

жумысларды алып барыў қағыйдалары менен нормаларына әмел етиўи бойынша талаплар, сондай-ақ, жер астынан пайдаланыўшылардың нызам ҳүжжетлери талапларын бузғаны ушын жуўапкершилиги;

пайдаланып болынған жерлерди рекультивациялаў ҳәм оларды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының резерв қорына қайтарыў механизми;

б) исенимли, анық контурлары менен шегараларын көрсеткен ҳалда қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў ушын берилип атырған жер асты участкаларының дизимин (кейинги орынларда – Дизим).

  1. «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Наўайы кән-металлургия комбинаты» МКға 2019-жылдың 1-мартына шекем елимиз аймақларында алтын излеўшилер усылында қазып алынған қымбат баҳалы металларды сатып алыўға қәнигелестирилген қабыллаў кассаларын ашыў ҳәм сатып алыўдың ашық-айдын механизмин орнатыў усыныс етилсин.
  2. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыўды әмелге асыратуғын шахсларға, соның ишинде, методикалық, әмелий ҳәм юридикалық мәсләҳәтлер бериў жолы менен ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети, тийисли ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте қымбат баҳалы металларды нызамсыз жол менен қазып алыў жағдайларының алдын алыў бойынша илажларды тастыйықласын.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар бойынша комитети:

Интернет тармағындағы өзлериниң рәсмий сайтларында жайластырыў арқалы Реже ҳәм Дизимнен еркин пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин ҳәм оларды системалы түрде жаңалап барсын;

Өзбекстан Республикасы  Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў нормалары менен қағыйдаларына, сондай-ақ, тәбиятты қорғаўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң талапларына әмел етилиўи үстинен белгиленген тәртипте қатаң қадағалаўды орнатсын;

Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардын орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 26-ноябрь