Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жылларда жаңаланған үлгидеги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар қурыў есабынан аўыл халқын турақ жай менен тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги ПҚ-2639-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайларды қурыў Бағдарламасына (кейинги орынларда – Бағдарлама) муўапық жаңаланған үлгидеги жойбарлар тийкарында 53 мыңнан аслам арзан турақ жайлар ҳәм квартиралар қурылды, 65 мыңға шамалас шаңарақ турақ жай менен тәмийинленди.
Соның менен бирге, Бағдарламаның орынланыўын үйрениў жуўмақлары аўыллық жерлерде арзан турақ жайларға талап жоқары екенлигин көрсетти, жаңаша қатнасларды ислеўди талап ететуғын турақ жайлардың қурылысын шөлкемлестириў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша бир қатар әҳмийетли кемшиликлер анықланды:
бириншиден, үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурылысы ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясына киретуғын жер участкаларынан пайдаланыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Атап айтқанда, усы жылы бул мақсетлер ушын район ҳәкимликлери тәрепинен ажыратылған 1065 гектар жердиң 60 гектарға шамаласы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясына киреди;
екиншиден, қурылып атырған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлардың баҳасын оптималластырыў және нәтийжели энергия ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың арзан қурылыс материалларынан пайдаланған ҳалда архитектуралық ҳәм техникалық шешимлерди қолланыў жетерли дәрежеде тәмийинленбей атыр;
үшиншиден, инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурылысында өз-ара үйлесимлиликтиң тәмийинленбей атырғаны нәтийжесинде республикалық бюджет, мақсетли қорлар ҳәм орынлаўшылардың қаржылары артықша жумсалмақта;
төртиншиден, үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыўда қала қурылысының норма ҳәм қағыйдаларының талапларын бузыў, қурылыс-монтажлаў жумысларын сапасыз орынлаў, жойбардан шетке шығыў жағдайлары бар.
Арзан турақ жайлар қурылысын нәтийжели шөлкемлестириў, жер ресурсларынан мақсетке муўапық пайдаланыў, елатлы пунктлердиң инженерлик-транспорт коммуникацияларын ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў арқалы халықтың турақ жайға болған жоқары талабын толық қанаатландырыў мақсетинде:
- Төмендегилер аўыллық жерлерде турақ жай қурылысын және де раўажландырыў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды арзан турақ жай менен тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
турақ жайларды аймақлық оптимал жайластырыў және олар ушын тек аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ҳәм тоғай қоры жерлериниң категорияларына кирмейтуғын жер участкаларын бериў есабынан жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў;
кем тәмийинленген ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақлар ушын мөлшерленген арзан турақ жайлар қурыў көлемин кеңейтиў;
турақ жайлардың баҳасын азайтыў ҳәм нәтийжели энергияны арттырыў мақсетинде архитектуралық ҳәм техникалық шешимлерди оптималластырыў, жергиликли қурылыс материалларын, үскенелер ҳәм заманагөй дийўалға қолай материалларды кеңнен қолланыўды нәзерде тутатуғын жаңа үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайларды қурыў;
турақ жайларды бериўде мәнзиллилик, ашық-айдынлық ҳәм социаллық әдалатты тәмийинлеў принциплерин инабатқа алған ҳалда аўыллық жерлерде жасаўшылардың турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм турақ жайға мүтәж шаңарақлардың талабын қанаатландырыў;
инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлериниң қурылысын «Абат аўыл» бағдарламасы менен өз-ара үйлесимлиликте шөлкемлестириў, сондай-ақ, аўыллық жерлерде нәтийжели канализация системаларын енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлигиниң Бағдарлама шеңберинде, 2019-жылдан баслап төмендеги жаңа үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар (кейинги орынларда – арзан турақ жайлар) қурылысы ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
«Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген елатлы пунктлерде, сондай-ақ, халық тығыз болмаған ҳәм зәрүр инженерлик-транспорт коммуникациялары менен тәмийинленбеген аймақларда 0,02 га өлшемли жер участкаларында жайластырылатуғын бир қабатлы 3 бөлмели (қапталына қурылатуғын) арзан турақ жайлар;
«Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген елатлы пунктлерде, сондай-ақ, халықтың тығызлығы жоқары болған ҳәм зәрүр инженерлик-транспорт коммуникациялары менен тәмийинленген аймақларда төрт қабатлы арзан көп квартиралы (2 ҳәм 3 бөлмели) жайлар;
қалаларда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардиясы әскерий хызметкерлери және ишки ислер уйымларының хызметкерлери (кейинги орынларда – пуқаралардың айрықша категориялары) ушын бес қабатлы арзан көп квартиралы (2 ҳәм 3 бөлмели) турақ жайлар.
Онда бос жер участкалары болмаған елатлы пунктлерде арзан көп квартиралы турақ жайларды қурыў жол бойларында жайласқан жарамсыз турақ жайлар, имарат ҳәм қурылмаларды бузыў есабынан босаған аймақларда сызықлы-қатарлы көринисте жайластырған ҳалда әмелге асырылады.
- Мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
«Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖ тәрепинен жергиликли қурылыс материалларынан, үскенелер ҳәм заманагөй дийўалға қолайлы материаллардан кең пайдаланған ҳалда қурылатуғын ҳәм аўыл шараятына бейимлестирилген арзан көп квартиралы турақ жайлардың (жәрдемши имаратлар ҳәм ҳәўли қурылмалары менен биргеликте) үлги жойбарлары ислеп шығылғанлығы;
Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги тәрепинен жергиликли ислеп шығарыўшы кәрханалар менен биргеликте орайласқан канализация, газ ҳәм ыссылық тәмийнаты системалары менен тәмийинленбейтуғын арзан көп квартиралы турақ жайлар ушын мөлшерленген локал ақаба суў тазалаў қурылмалары ҳәм қатты жанылғыда ислейтуғын нәтийжели энергия ысытыў қазанлары енгизилип атырғанлығы;
арзан турақ жайлар, сондай-ақ, ишимлик суўы, канализация ҳәм ыссылық тәмийнаты қурылмалары менен тармақлары және жоллар (цемент-бетон қапламалы) қурылысы бойынша буйыртпашы етип «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ, бас жойбарлаўшы етип болса «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖ белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Қурылыс министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ, қатнасатуғын коммерциялық банклер, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ислеп шығылған:
2019-2020-жылларда аўыллық жерлерде ҳәм пуқаралардың айырым категориялары ушын арзан турақ жайлар қурылысы бойынша топланған көрсеткишлер 1 ҳәм 1.1-қосымшаларға муўапық;
2019-2020-жылларда аўыллық жерлерде арзан турақ жайлар қурылысы бойынша тийкарғы параметрлер 2 ҳәм 2.1-қосымшаларға муўапық;
2019-2020-жылларда пуқаралардың айырым категориялары ушын арзан көп квартиралы жайлардың қурылысы бойынша тийкарғы параметрлер 3 ҳәм 3.1-қосымшаларға муўапық;
2019-2020-жылларда арзан турақ жай массивлеринде сыртқы инженерлик тармақлары, қурылмалары ҳәм транспорт коммуникацияларының қурылысы бойынша топланған көрсеткишлер 4 ҳәм 4.1-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ және Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министирлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-июлине шекем арзан турақ жайлар қурылысының мониторинги бойынша мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – мәлимлеме системасы) ислеп шықсын ҳәм қоллансын, бул система турақ жай қурыўшылар ҳәм басқа да мәпдар шахслар ушын Интернет тармағында реал ўақыт режиминде төмендегилер ҳаққында мәлимлеме алыў имканиятын тәмийинлейди:
орынланған қурылыс-монтажлаў жумысларының көлемлери (соның ишинде, объектлердиң фотосүўретлери ҳәм видео-жазыўлары);
объектлер қурылысында қатнасып атырған жумысты бөлип алып ислеўшилер;
қурылысы тамамланған объектлерде өткерилген қадағалаў тәртибинде өлшеў нәтийжелери;
қурылысты қаржыландырыўдың барысы.
- Арзан турақ жайлар, сыртқы инженерлик тармақлары, қурылмалары ҳәм транспорт коммуникациялары қурылысының келеси жыллар ушын тийкарғы параметрлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен ҳәр жылы 1-июньге шекем «Абат аўыл» бағдарламасы менен өз-ара байланысқан ҳалда тастыйықланатуғыны;
арзан турақ жайлар, сыртқы инженерлик тармақлары, қурылмалары ҳәм транспорт коммуникациялары қурылысының массивлери кесиминдеги бөлистирилиўи Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат аўыл» бағдарламасын 2018-жылда әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2018-жыл 29-марттағы ПҚ-3630-санлы қарары менен дүзилген Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2018-жылда турақ жай қурылысын раўажландырыў мақсетли бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 18-январьдағы ПҚ-3480-санлы қарарының 7-қосымшасында көрсетилген тийкарғы қурылыс материаллары ҳәм үскенелер «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ тәрепинен бас бөлип алып ислеўши шөлкемлерге орайластырылған тәртипте жеткерип берилетуғыны;
ишимлик суўы, канализация, ыссылық, электр, газ тәмийнаты қурылмалары ҳәм тармақлары және жоллар қурылысы орайластырылған дәреклер, халықаралық қаржы институтларының қаржылары, сондай-ақ, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖның өз қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
арзан турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлери қурылысының қатнасыўшыларына, қурылыс материалларын ҳәм үскенелерди ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханаларға, сондай-ақ, транспорт шөлкемлери ҳәм басқа шөлкемлерге байланыслы Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы 2016-жыл 21-октябрьдеги ПҚ-2639-санлы қарарында нәзерде тутылған салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң қолланылатуғыны;
арзан көп квартиралы жайлардың биринши қабатларында турақ жай емес жайлардың қурылысы «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖның резерв қоры қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
арзан көп квартиралы жайлардың биринши қабатларында турақ жай емес жайлардың қурылысы «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ тәрепинен «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукционға қойылатуғыны ҳәм оларды сатыўдан алынған дәраматлар «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖның резерв қорына жиберилетуғыны;
Мәлимлеме системасын ислеп шығыў, қолланыў ҳәм қоллап-қуўатлаў «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ тәрепинен оның резерв қоры қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 2019-жылда аўылылқ орынларда ҳәм пуқаралардың айырым категориялары ушын арзан турақ жайлар қурылысының тийкарғы параметрлери ҳәм топланған көрсеткишлериниң жедел түрде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери белгиленген тәртипте:
Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы Гидрометеорология хызмети орайы менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте арзан турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў бойынша буйыртпашыларға аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ҳәм тоғай қоры жерлери категорияларына кирмейтуғын және сыртқы инженерлик-транспорт коммуникацияларына шығыў имканиятына ийе болған бос жер участкаларының ажыратылыўын;
қатнасатуғын коммерциялық банклер, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте арзан турақ жайлар қурылысы ушын талапкерлерди таңлаў ҳәм олардың басланғыш төлемлерин қәлиплестириўди;
буйыртпашылар ҳәм жойбарлаў шөлкемлери менен биргеликте еки ай мүддетте арзан турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлериниң қурылысы бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын;
буйыртпашылар менен биргеликте үш ай мүддетте арзан турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў ушын бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң анықланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министирлиги:
Қурылыс министрлиги менен биргеликте арзан көп квартиралы турақ жайлар ушын суў тәмийнаты системаларының жойбарлары үзликсиз суў тәмийнатын тәмийинлейтуғын нәтийжели техникалық шешимлерди, соның ишинде, зәрүр жағдайларда арнаўлы қурылмаларды (басымлы суў қурылмасы, резервуар ҳәм басқалар) орнатыўды нәзерде тутқан ҳалда ислеп шығылыўын;
ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшы кәрханалар менен биргеликте орайластырылған канализация, ыссылық ҳәм газ тәмийнаты системалары менен тәмийинленбейтуғын арзан көп квартиралы жайлар ушын зәрүр болған көлем ҳәм қуўатлықларда локал ақаба суў тазалаў қурылмалары ҳәм қатты жанылғыда ислейтуғын нәтийжели энергия ысытыў қазанларының ислеп шығарылыўын тәмийинлесин.
Инженерлик-транспорт коммуникацияларына жалғанбаған үзликсиз электр ҳәм суў тәмийнаты жолға қойылмаған арзан турақ жайлар пайдаланыўға қабыл етилмейтуғыны;
қурылысы тамамланған ишимлик суўы, канализация ҳәм ыссылық тәмийнаты имаратларын ҳәм тармақларын эксплуатациялаў және сақлаў аймақлық ишимлик суўы ҳәм ыссылық тәмийнаты кәрханалары тәрепинен, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында исбилерменлик субъекти тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- «Өзбекэнерго» АЖ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте арзан көп квартиралы жайларды және олардың ишимлик суўы, канализация ҳәм ыссылық тәмийнаты қурылмаларын үзликсиз түрде электр энергиясы менен тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ишимлик суўы, канализация ҳәм ыссылық тәмийнаты қурылмалары ҳәм тармақлары және автомобиль жолларын қурыў ушын орайластырылған дәреклер есабынан зәрүр қаржыларды ажыратсын;
қатнасатуғын коммерциялық банклердиң буйыртпалары бойынша биринши 5 жыл даўамында жылына 4 процентли ставка менен ҳәм кейинги дәўирде қатнасатуғын коммерциялық банклердиң маржасы жылына 3 процент муғдарында болыўын есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен аўыллық жерлерде жасайтуғын шахслар ушын – 20 жыл, пуқаралардың айрықша категориялары ушын – 15 жыл мүддетлерге миллий валютада кредит линияларын ашсын, бул қаржылар арзан турақ жайлардың қурылысына мақсетли бағдарлансын.
- Қатнасатуғын коммерциялық банклер арзан турақ жайлар қурылысы ушын турақ жай қурыўшыларға 2 жыллық жеңиллетилген дәўир және дәслепки 5 жыл даўамында жыллық 7 процент ставкасы менен кейинги дәўирде Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында:
аўыллық жерлердеги арзан турақ жайларды сатып алыў ушын – 20 жыл мүддетке ҳәм турақ жай қурыўшылардың басланғыш төлеми 10 процент муғдарында;
пуқаралардың айрықша категориялары тәрепинен арзан көп квартиралы жайларды сатып алыў ушын – 15 жыл мүддетке ҳәм турақ жай қурыўшылардың басланғыш төлеми 25 процент муғдарында ипотека кредитлери берилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қаржылары есабынан «Қишлоқ қурилиш банк» АКБ тәрепинен «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖге ажыратылған 350 миллиард сум муғдарындағы кредитлерди қайтарыў мүддети 2019-жылдың 1-июлине шекем создырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, «Өзметкомбинат» АЖ ҳәм «Өзқурылысматериаллары» АЖ буйыртпашылар және жойбарлаў шөлкемлериниң тийкарланған есап-санақлары бойынша арзан турақ жайлар, сондай-ақ, олардың инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлериниң қурылысы ушын тиккелей шәртнамаларға ҳәм биржа котировкаларының орташа баҳаларына муўапық ҳақысын алдыннан толық төлеў шәрти менен металл прокаты ҳәм цемент ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлиги, қатнасатуғын коммерциялық банклер, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
арзан турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациялары ҳәм инфраструктура объектлериниң қурылысы ушын халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлериниң узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлерин тартыў илажларын көрсин;
усы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда бурын қол қойылған қарыз келисимлерине тийисли өзгерислер киргизиў бойынша Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Саудия раўажланыў қоры ҳәм Кувейт араб экономикалық раўажланыў қоры менен сөйлесиўлер алып барсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Ташкент ўәлаятында эксперимент тәризинде қурылыстың инновациялық усылларынан, заманагөй қурылыс материалларынан ҳәм технологияларынан пайдаланған ҳалда мәмлекетлик-жеке меншик шериклиги шәртлери тийкарында арзан турақ жайлар қурылысы бойынша усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Глобал экологиялық қор (кейинги орынларда-қатнасыўшылар) менен биргеликте «Өзбекстан Республикасының аўыллық жерлеринде нәтийжели энергия турақ жайлар қурылысын раўажландырыўға көмеклесиў» бирликтеги жойбары (кейинги орынларда-Бирликтеги жойбар) әмелге асырылып атырғанлығы;
Бирликтеги жойбар шеңберинде 2019-2021-жылларда арзан турақ жайлар қурылысы ушын 3,0 миллион АҚШ доллары муғдарында мақсетли грантлар ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, олар қурылып атырған арзан турақ жайлардың нәтийжели энергиясын арттырыў бойынша қосымша қәрежетлерди қаплаўға жумсалатуғыны;
Бирликтеги жойбар шеңберинде «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖ тәрепинен арзан турақ жайлардың нәтийжели энергиясын арттырыўға қаратылған заманагөй энергия үнемлеўши материаллар менен технологиялардан пайдаланыўды нәзерде тутатуғын үлги жойбарлары ислеп шығылғанлығы;
нәтийжели энергия арзан турақ жайлардың қурылысы Бирликтеги жойбар қатнасыўшылары менен келискен ҳалда анықланатуғын массивлерде әмелге асырылатуғыны;
мақсетли грантлар БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен грантлар ажыратыў бойынша қол қойылатуғын шәртнамаға муўапық «Қишлоқ қурилиш банк» АКБ арқалы ипотека кредити шеңберинде ажыратылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- «Қишлоқ қурилиш инвест»ИК» ЖШЖ, «Қишлоқ қурилиш лойиҳа» ЖШЖ ҳәм «Қишлоқ қурилиш банк» АКБ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте:
Бирликтеги жойбар қатнасыўшылары менен келискен ҳалда үлги жойбарлардың орынларға байланыслылығын ҳәм нәтийжели энергия арзан турақ жайлар қурылысы бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын;
грантлардан мақсетли пайдаланылыўы ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы әмелге асырылыўы үстинен турақлы қадағалаў ҳәм мониторинг алып барылыўын;
Бирликтеги жойбар қатнасыўшыларының талабына муўапық мониторинг ҳәм қадағалаў нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлардың берилиўин тәмийинлесин.
- Ташкент қалалық ҳәкимлиги қатнасатуғын коммерциялық банклер менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў Бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 2016-жыл 22-ноябрьдеги ПҚ-2660-санлы қарары шеңберинде Ташкент қаласында қурылып атырған көп квартиралы жайлардағы квартиралар есабынан ҳәр жылы:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында» 2017-жыл 1-июньдеги ПП-5066-санлы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги системасының әскерий хызметкерлери, қутқарыўшылары ушын – 56 квартира;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-августтағы ПҚ-3224-санлы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының әскерий хызметкерлери ушын – 300 квартира;
Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2017-жыл 29-июньдеги 444-санлы қарарына муўапық ишки ислер уйымлары хызметкерлери ушын – 168 квартира;
Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекеттиң социаллық турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеўде қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2017-жыл 23-сентябрьдеги 753-санлы қарарына муўапық елимиздиң социаллық турмысында белсене қатнасып, айрықша үлги көрсетип атырған жас шаңарақлар ушын – 420 квартира;
Министрлер Кабинетиниң «Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзан турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2018-жыл 12-апрельдеги 285-санлы қарарына муўапық аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ушын – 66 квартираның ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери қатнасатуғын коммерциялық банклер менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў Бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 2016-жыл 22-ноябрьдеги ПҚ-2660-санлы қарарына муўапық қалаларда қурылып атырған көп квартиралы жайлардағы квартиралар есабынан ҳәр жылы елдиң социаллық турмысында белсене қатнасып, айрықша үлги көрсетип атырған жас шаңарақлар ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ушын әмелдеги параметрлер менен режелерге муўапық квартиралардың берилиўин тәмийинлесин.
- 2019-жылдың 1-январьынан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық қурылысы тамамланған арзан турақ жайларда тийкарлы түрде қадағалаў тәртибинде өлшеў нәтийжелери бойынша анықланған ҳәм услап қалынған суммалар турақ жай қурыўшыларға қайтарылады.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Қарақалапақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы қурылыс министрлиги, «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК» ЖШЖ ҳәм қатнасатуғын банклер менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисиниң ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
усы қарардың талаплары өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў үстинен қатаң қадағалаў алып барылыўы бойынша – Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары (Раматов)қа;
усы қарар менен тастыйықланған топланған көрсеткишлер менен тийкарғы параметрлерге муўапық арзан турақ жайлар, инженерлик-транспорт коммуникациялары және инфраструктура объектлериниң өз ўақтында ҳәм сапалы қурылыўы бойынша – Өзбекстан Республикасы қурылыс министри (Тўхтаев)қа;
қурылыс-монтажлаў жумысларының өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм оларда жергиликли заманагөй қурылыс материаллары менен үскенелерин кеңнен қолланыў, сондай-ақ, жергиликли қурылыс индустриясын турақлы раўажландырыў ҳәм бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң потенциалын беккемлеўге қаратылған илажларды избе-из әмелге асырыў бойынша – Өзбекстан Республикасы экономика министри (Ходжаев)қа жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги мәпдар министрилклер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 24-ноябрь