Усы жыл 21-25-ноябрь күнлери аралығында Бухара қаласында спорттың еркин ҳәм грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан кубоги өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм 9 ўәлаяттан 100ден аслам спортшы қатнасты.
Онда пайтахтымыздағы республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинен 30 спортшы 10 салмақ категориясында табыслы қатнасып қайтты.
Жарыс жуўмағында спортшыларымыз еркин гүрес бойынша командалық есапта екинши, грек-рим гүреси бойынша бесинши орынды ийеледи.
26-ноябрь күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыларды салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.
Оған спорт мектеби жәмәәти, спортшыдардың устазлары, дослары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
– Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды. Қарсыласларымыз Әндижан, Самарқанд, Хорезм, Ташкент қаласынан келген палўанлар болып, олар үстинен жеңиске еристик. Финальда күшли таярлық көрген Бухара қаласының палўанлары менен беллесиўде әўмет жетиспеди, – дейди кубок қатнасыўшысы Шымберген Ембергенов.
Спортшыларды жарысқа Муратхожа Казаев ҳәм Жалал Юсуповлар таярлады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы